‏ 2 Corinthians 9

Мүтәжликте жасаўшы исениўшилерге жәрдем бериў

1Яҳудиядағы мухаддеслерге жиберилетуғын бул жәрдем туўралы сизлерге жазыўдың ҳәжети жоқ. 2Өйткени сизлердиң жәрдемге таяр екенлигиңизди билемен. «Ахая үлкесиндегилер өткен жылдан бери таяр», – деп мен Македониядағылар алдында сизлер менен мақтанып жүрмен. Сизлердиң интаңыз олардың көбисин ҳәрекетке келтирди. 3Бул нәрседе сизлер менен мақтанғаным босқа шықпасын деп ҳәм өзим айтқанымдай, сизлерди таяр турсын деп, усы туўысқанларымызды сизлерге жиберип атырман. 4Себеби айырым македониялылар мениң менен бирге сизлерге барып, сизлердиң таяр емес екенлигиңизди көрсе, сизлерге қатты исенген бизлер уятқа қаламыз, сизлер де сөзсиз уятқа қаласыз. 5Сонлықтан мен усы туўысқанларымыздан өзимнен бурын сизлерге барыўды ҳәм сизлердиң ўәде еткен жәрдемиңизди алдын ала таярлап қойыўды өтиниш еткеним дурыс деп ойладым. Солай етип, сизлер беретуғын бул жәрдем мәжбүрий түрде берилген салықтай емес, ал ыразылық пенен берилген сыйдай болсын.

6Мынаны умытпаңлар: сықмарланып еккен адам аз орады, сақыйлық пенен еккен адам көп орады. 7Ҳәр бир адам қыйналып ямаса мәжбүрий түрде емес, ал кеўлинен шыққанын берсин. Өйткени Қудай ыразы болып берген адамды сүйеди. 8Және де, Қудай сизлерди мол мийрим менен байытыўға қүдиретли. Солай етип, барлық ўақытта ҳәмме нәрсеңиз жетерли болып, ҳәр қандай жақсы иске бай боласызлар. 9Сонлықтан Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Ол мүтәжлерге сақыйлық пенен жәрдем береди,
Оның ҳақлығы мәңги даўам етеди».

10Дийханға себиў ушын туқым, жеў ушын нан беретуғын Қудай сизлердиң сақыйлық пенен еккен егиниңиздиң зүрәәтин мол қылып береди ҳәм ҳақлығыңыздың жемисин арттырады. 11Аўа, Қудай сизлерди ҳәр тәреплеме байытады. Солай етип, сизлер сақый боласызлар ҳәм бизлер сизлердиң сақыйлық пенен берген сыйларыңызды апарғанымызда, алған адамлар Қудайға шүкирлик билдиреди. 12Сизлердиң бул хызметиңиз тек Яҳудиядағы мухаддеслердиң мүтәжликлерин қанаатландырып қоймай, көп адамлардың Қудайға шексиз шүкирлик айтыўына себеп болады. 13Сизлердиң бул хызметиңиз себепли, олар Қудайға алғыслар айтады. Себеби сизлердиң бул хызметиңиз өзлериңиз тән алған Масийхтың Хош Хабарына бойсынатуғыныңызды, Яҳудиядағы мухаддеслер ҳәм көп басқа адамлар менен сақыйлық пенен бөлисип атырғаныңызды дәлиллейди. 14Және де, Қудайдың сизлерге берген мол мийрими себепли, Яҳудиядағылар сизлерди көриўди әрман етип, сизлер ушын дуўа етеди. 15Сөз бенен тәрийиплеп жеткизиў қыйын болған Қудайдың сыйы, яғный Оның Улы ушын Қудайға шүкирлер болсын!
Copyright information for KaaIBT22C