Бул хатты елши Юхан І әсирдиң ақырында бир исениўши жәмәәтке ямаса бир исениўши ҳаялдың хожалығына жазған.

Бул хатта да исениўшилердиң бир-бирин сүйиўи кереклиги ҳаққында ҳәм жалған тәлиматлар туўрысында қайта айтылады.

‏ 2 John

Сәлемнама

1Мен, ақсақалдан, Қудай тәрепинен таңланған ханымға ҳәм оның балаларына сәлем! Мен сизлерди шын жүректен сүйемен. Тек мен емес, ал ҳақыйқатты билгенлердиң ҳәммеси де сизлерди сүйеди. 2Себеби бизлерде ҳақыйқат бар ҳәм ол бизлер менен мәңги бирге болады.

3Әкемиз Қудайдан ҳәм Әкениң Улы Ийса Масийхтан келген мийрим, реҳим ҳәм тынышлық, бизлерде ҳақыйқатлық ҳәм сүйиспеншилик арқалы бирге болсын.

Ҳақыйқат ҳәм сүйиспеншилик

4Сениң балаларыңның арасындағы гейбиреўлериниң Әкемизден алған буйрық бойынша ҳақыйқат жолы менен жүргенин билип, қатты қуўандым. 5Енди сеннен өтинемен, қымбатлы ханым, ҳәммемиз бир-биримизди сүйейик. Мен саған жаңа буйрықты емес, бизлер әўел бастан қабыл еткен буйрықты жазып атырман. 6Сүйиспеншилик – бул Қудайдың буйрықлары бойынша жасаў. Әўел бастан еситкениңиз сыяқлы, Оның буйрығы – сүйиспеншилик пенен жасаўдан ибарат.

7Дүнья жүзинде Ийса Масийхтың адам денесинде келгенин тән алмайтуғын көплеген алдаўшылар пайда болды. Бундай адам – алдаўшы ҳәм Масийхқа қарсы турыўшы. 8Мийнетимиздиң жемисин жойтпай, ылайықлы сыйлық алыўыңыз ушын өзлериңизге сақ болыңлар. 9Масийхтың тәлиматы менен жасамай, шектен шығып кеткен адамда Қудай жоқ. Оның тәлиматы менен жасайтуғын адамда ҳәм Әке, ҳәм Ул бар. 10Егер ким де ким сизлерге келип, бул тәлиматты әкелмесе, оны үйлериңизге қабыл алмаңлар, оған сәлем де бермеңлер. 11Өйткени оған сәлем берген адам оның жаман ислерине шерик болған болады.

12Сизлерге жазатуғын көп нәрселерим бар, бирақ оларды қағаз бетине сыя менен жазыўды қәлемеймен. Қуўанышымыз толы болыўы ушын жаныңызға барып, жүзбе-жүз сөйлесемен деген үмиттемен.

13Қудай таңлаған сиңлиңниң балалары саған сәлем айтып атыр.
Copyright information for KaaIBT22C