‏ 2 Kings 1

Жаратқан Ийениң патша Ахазияны жазалаўы

1Израил патшасы Ахабтың өлиминен соң, моаблылар Израилға қарсы бас көтерди.

2Израил патшасы Ахазия Самариядағы сарайының жоқарғы бөлмесиниң балконынан жығылып, жарақатланды. Сонда ол адамларын жиберип, оларға: «Филистлердиң Экрон қаласындағы қудайы Баал-Зебубқа барып, оннан мениң тәўир болатуғын яки болмайтуғынымды сорап билиңлер», – деди.

3Бирақ Жаратқан Ийениң периштеси тишбели Илиясқа былай деди:

– Барып, Самария патшасы жиберген адамлардың алдынан шығып, оларға былай деп айт: «Экрон қудайы Баал-Зебубтан сораў ушын баратуғындай, Израилда Қудай жоқ па еди?
4Сонлықтан Жаратқан Ийе патшаңызға былай дейди: „Жатқан төсегиңнен турмай, сөзсиз өлесең“».

Солай етип, Илияс тапсырманы орынлаў ушын кетти.

5Адамлар патшаның жанына қайтып келди. Патша олардан:

– Неге бунша тез қайтып келдиңлер? – деп сорады.

6Олар патшаға былай деп жуўап берди:

– Бир адам алдымыздан шығып, бизлерге былай деди: «Өзлериңизди жиберген патшаға қайтып барып, оған былай деп айтыңлар: „Жаратқан Ийе былай дейди: Экрон қудайы Баал-Зебубтан сораў ушын адамларыңды жиберетуғындай, Израилда Қудай жоқ па еди? Усы исиң ушын жатқан төсегиңнен турмай, сөзсиз өлесең“».

7Патша өзи жиберген адамлардан:

– Сизлерди қарсы алып, усы сөзлерди айтқан адамның түр-түси қандай еди? – деп сорады.
8Олар патшаға:

– Ол жүннен тоқылған шапан кийип, белине тери қайыс байлаған еди, – деп жуўап берди.

Патша:

– Бул тишбели Илияс, – деди.

9Патша бир елиўбасыны елиў әскери менен бирге Илиясты алып келиўге жиберди. Елиўбасы бир төбешиктиң басында отырған Илиястың жанына барып, оған:

– Ҳәй, Қудайдың адамы, патша сени төменге түссин, – деп атыр, – деди.

10Бирақ Илияс елиўбасыға:

– Егер мен Қудайдың адамы болсам, онда аспаннан от түсип, сени ҳәм елиў адамыңды жалмап кетсин, – деп жуўап берди. Сонда аспаннан от түсип, елиўбасыны ҳәм оның елиў адамын жалмап кетти.

11Кейин патша басқа бир елиўбасыны елиў әскери менен Илиясқа жиберди. Елиўбасы Илиясқа:

– Ҳәй, Қудайдың адамы, патша саған: «Тез төменге түс», – деп атыр, – деди.

12Илияс оған:

– Егер мен Қудайдың адамы болсам, онда аспаннан от түсип, сени ҳәм елиў адамыңды жалмап кетсин, – деп жуўап берди. Сонда аспаннан Қудайдың оты түсип, елиўбасыны ҳәм оның елиў адамын жалмап кетти.

13Патша үшинши рет бир елиўбасыны елиў адамы менен Илиясқа жиберди. Бул елиўбасы төбеге шығып, Илиястың алдында диз шөкти ҳәм жалбарынып былай деди:

– Қудайдың адамы, мениң ҳәм мына елиў қулыңның жанына реҳимиңиз келсин.
14Аспаннан от түсип, меннен алдын келген еки елиўбасыны ҳәм олардың ҳәр бириниң елиў адамын жалмап кеткен еди. Енди мениң жаныма реҳимиңиз келсин.

15Сонда Жаратқан Ийениң периштеси Илиясқа:

– Оның менен бирге төменге түс, оннан қорқпа, – деди. Илияс орнынан турып, елиўбасы менен бирге патшаға кетти.
16Илияс патшаға былай деди:

– Жаратқан Ийе былай дейди: «Экронның қудайы Баал-Зебубтан сораў ушын адамларыңды жиберетуғындай, Израилда Қудай жоқ па еди? Усылай ислегениң ушын жатқан төсегиңнен турмай, сөзсиз өлесең».

17Жаратқан Ийениң Илияс арқалы айтқан сөзи бойынша, Ахазия өлди. Ахазияның улы болмағанлықтан, оның орнына иниси Иорам патша болды. Бул ўақыя Яҳуда патшасы Еҳошафат улы Еҳорамның патшалығының екинши жылында болды.

18Ахазия ислеген басқа ислер Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
Copyright information for KaaIBT22C