‏ 2 Kings 11

Яҳуда ханбийкеси Аталия

1Яҳуда патшасы Ахазияның анасы Аталия улының өлтирилгенин еситкенде, патша туқымынан болғанлардың ҳәммесин қырып таслаўды шешти. 2Бирақ патша Еҳорамның қызы, Ахазияның қарындасы Еҳошеба Ахазия улы Иоашты патшаның өлтирилиўи керек болған уллары арасынан алып қашып, тәрбияшысы менен бирге жататуғын бөлмеге жасырып таслады. Оны Аталиядан жасырып, өлимнен аман алып қалды. 3Аталия ел үстинен патшалық етип турғанда, бала Жаратқан Ийениң Үйинде өз тәрбияшысы менен алты жыл жасырын түрде жасады.

Аталияға қарсы бас көтериў

4Жетинши жылы руўханий Еҳояда карлы сақшылар
Карлы сақшылар – сырт елли адамлардан дүзилген тән сақшылар болыўы мүмкин.
менен сарай сақшыларының жүзбасыларына адам жиберип, оларды өз жанына, Жаратқан Ийениң Үйине алдырды. Сол жерде бул адамлар менен келисим дүзип, оларға ант ишкизгеннен соң, оларға патшаның улын көрсетти.
5Кейин Еҳояда оларға буйрық берип, былай деди:

– Сизлер былай ислейсизлер: Шаббат күни хызметке келгениңизде, үштен бириңиз патшаның сарайын қорғайсыз.
6Үштен бириңиз Сур дәрўазасын, ал қалған үштен бириңиз сарай сақшыларының артындағы дәрўазаны қорғайсыз. Усылайынша сарайды қорғайсыз. 7Шаббат күни хызметтен шыққан басқа еки топар сақшыларыңыздың ҳәммеси Жаратқан Ийениң Үйиниң жанында патшаны қорғайды. 8Ҳәр бир адам қуралларын қолға алып, патшаны қоршап турсын, ким де ким сапқа жақынласса, ол өлтирилсин. Патша ишке киргенде де, шыққанда да оның жанында болыңлар.

9Жүзбасылар руўханий Еҳояданың ҳәмме буйрықларын орынлады. Ҳәр бир жүзбасы Шаббат күни хызметке түсетуғын ҳәм хызметтен шығатуғын өзиниң қол астындағы адамларын алып, руўханий Еҳоядаға келди. 10Руўханий Жаратқан Ийениң Үйиндеги патша Даўыттан қалған найза ҳәм қалқанларды жүзбасыларға таратты. 11Патшаны қорғаў ушын Үйдиң қубласынан арқасына дейин, қурбанлық орынның ҳәм Үйдиң әтирапына қураллы сақшылар қойылды. 12Еҳояда патшаның улы Иоашты сыртқа алып шығып, басына таж кийгизди, қолына патшалық нызамларын берип, оны патша деп жәриялады. Оны майлап, патша етип қойды, халық қол шаппатлап: «Жасасын патша!» – деп қышқырысты.

13Аталия сақшылардың ҳәм халықтың бақырысқан даўысларын еситип, Жаратқан Ийениң Үйиндеги жыйналған халықтың жанына келди. 14Қараса, дәстүр бойынша патша Жаратқан Ийениң Үйиниң киреберисиндеги өрениң жанында, ал әскербасылар ҳәм кәрнайшылар оның әтирапында турған екен. Ал пүткил үлке халқы болса, қуўаныш пенен кәрнай шалып турған екен. Сонда Аталия кийимлерин жыртып:

– Қыянет, қыянет! – деп бақырды.

15Руўханий Еҳояда Аталияның Жаратқан Ийениң Үйинде өлтирилиўин қәлемеди. Сонлықтан жүзбасыларға:

– Мына ҳаялды бул жерден алып шығыңлар. Оған ергенлерди қылыштан өткизиңлер, – деп буйрық берди.

16Аталия тутып алынды ҳәм сарайдың Ат дәрўазасына әкелинип, сол жерде өлтирилди.

Руўханий Еҳояда киргизген өзгерислер

17Руўханий Еҳояда халықтың Жаратқан Ийениң халқы болыўы ушын, патша, халық ҳәм Жаратқан Ийе арасында келисим дүзди. Ол патша менен халық арасында да келисим дүзди. 18Үлке халқы Баалдың бутханасына барып, оны қыйратты. Ондағы қурбанлық орынды ҳәм мүсинлерди бузып таслады, ал Баалдың руўханийи Маттанды қурбанлық орынлардың алдында өлтирди. Руўханий Еҳояда Жаратқан Ийениң Үйине қараўыллар қойды. 19Кейин ол жүзбасыларды, карлы сақшыларды, сарай сақшыларын ҳәм пүткил үлке халқын ертип, патшаны Жаратқан Ийениң Үйинен алып шықты. Оны сақшылар дәрўазасының жолы арқалы сарайға алып келди ҳәм ол патшалық тахтқа отырды. 20Пүткил үлке халқы шадлыққа бөленип, қала тынышланып қалды. Себеби Аталия патша сарайында қылыш пенен өлтирилген еди. 21Иоаш тахтқа отырғанда жети жаста еди.
Copyright information for KaaIBT22C