2 Kings 12
Яҳуда патшасы Иоаштың Жаратқан Ийениң Үйин оңлаўы
1Израил патшасы Еҳудың патшалығының жетинши жылында, Иоаш Яҳудаға патша болды ҳәм Ерусалимде қырық жыл патшалық етти. Оның анасы беер-шебалы болып, аты Сибия еди. 2Иоаш руўханий Еҳояданың көзиниң тирисинде Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи. Өйткени руўханий Еҳояда оған жол көрсететуғын еди. 3Бирақ сыйыныў орынлары жоқ қылынбады ҳәм халық еле сол орынларда қурбанлықлар берип, түтеткилер түтететуғын еди. 4Сонда Иоаш руўханийлерге былай деди: – Жаратқан Ийениң Үйине арнап алып келинген барлық гүмисти: дизим бойынша жыйналған жан салығын ҳәм Жаратқан Ийениң Үйине ўәде бойынша берилген ямаса еркли түрде берилген гүмислерди топлаң. 5Бул гүмислерди руўханийлер қазнашылардан қабыл етип алсын ҳәм оларды Үйдиң бузылған жерлери болса, сол жерлерди оңлаўға сарпласын. 6Бирақ Иоаштың патшалығының жигирма үшинши жылында да руўханийлер Үйдиң бузылған жерлерин еле оңламаған еди. 7Сонлықтан патша Иоаш руўханий Еҳояданы ҳәм басқа руўханийлерди шақырып, оларға былай деди: – Не ушын Үйдиң бузылған жерлерин оңламай атырсызлар? Ендигиден былай қазнашылардан гүмис алмай, оларды Үйдиң бузылған жерлерин оңлаў ушын бериңлер. 8Руўханийлер халықтан гүмис алмаўға ҳәм Үйдиң бузылған жерлерин оңлаўға қатнаспаўға ыразы болды. 9Руўханий Еҳояда бир қуты алып, оның қақпағының үстин тести де, қутыны Жаратқан Ийениң Үйиниң кирер аўзындағы қурбанлық орынның оң жағына қойды. Босағадағы қадағалаўшы руўханийлер Жаратқан Ийениң Үйине алып келинген ҳәмме гүмислерди қутыға салып турды. 10Қутыға көп гүмис жыйылғанын көргенде, патшаның хаткери менен бас руўханий келип, Жаратқан Ийениң Үйине түскен гүмислерди қалталап, тәрезиге тартып өлшеди. 11Өлшенген гүмислерди Жаратқан Ийениң Үйиниң ислерин жүргизиў ушын қойылған адамларға берди. Олар бул гүмислерди Жаратқан Ийениң Үйинде ислеп атырған ағаш усталарына, қурылысшыларға, 12өриўшилерге ҳәм тас кесиўшилерге төледи. Және де, Жаратқан Ийениң Үйин оңлаў ушын ағаш, жонылған таслар сатып алыўға ҳәм оңлаў ушын керек болған басқа да затларға сарпланды. 13Бирақ Жаратқан Ийениң Үйинде жыйналған гүмистен Үй ушын гүмис қырмалар, пилик кескишлер, қан себетуғын табақлар, кәрнайлар ҳәм алтын ямаса гүмис буйымлар ислеўде жумсалмады. 14Себеби бул гүмислер тек жумысшыларға төленип, Жаратқан Ийениң Үйин дүзетиўге сарпланды. 15Жумысшыларға төлеў ушын гүмис берилген адамлардан ҳеш қандай есап талап етилмеди. Себеби олар ҳадал ислейтуғын еди. 16Айып ҳәм гүна қурбанлығы ушын берилген гүмислер Жаратқан Ийениң Үйине алып келинбеди, олар руўханийлерге тийисли еди. 17Сол ўақытта Арам патшасы Хазаел Гат қаласына ҳүжим жасап, оны басып алды. Кейин ол Ерусалимге ҳүжим жасаўға қарар етти. 18Бирақ Яҳуда патшасы Иоаш өз ата-бабалары болған Яҳуда патшалары Еҳошафаттың, Еҳорамның, Ахазияның ҳәм өзиниң Жаратқан Ийеге атаған мухаддес сыйларының ҳәммесин, Жаратқан Ийениң Үйинен ҳәм патша сарайының қазнасынан табылған барлық алтынларды Арам патшасы Хазаелге жиберди. Сонда Хазаел де Ерусалимнен шегинди. 19Иоаштың басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. 20Иоаштың хызметшилери қозғалаң көтерип, оған қарсы тил бириктирди ҳәм оны Силлаға баратуғын жолда, Бейт-Миллода өлтирди. 21Иоашты өлтирген хызметшилери Шимеат улы Иозабад ҳәм Шомер улы Еҳозабад еди. Иоаш өлип, ол Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына қойылды. Оның орнына улы Амасия патша болды.
Copyright information for
KaaIBT22C