‏ 2 Kings 13

Израил патшасы Еҳоахаз

1Яҳуда патшасы Ахазия улы Иоаштың патшалығының жигирма үшинши жылында, Еҳу улы Еҳоахаз Самарияда Израилға патша болды ҳәм он жети жыл патшалық етти. 2Еҳоахаз Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи ҳәм Израилды гүнаға баслаған Набат улы Яробамның гүналарын даўам етип, олардан бас тартпады. 3Сол себепли Жаратқан Ийениң Израилға ғәзеби қайнап, оларды узақ ўақыт Арам патшасы Хазаелдиң ҳәм оның улы Бен-Ҳададтың қолына берип қойды. 4Сонда Еҳоахаз Жаратқан Ийеге жалбарынды ҳәм Жаратқан Ийе оны еситти. Себеби Ол Арам патшасының израиллыларды қалай аяўсыз езип атырғанын көрип турған еди. 5Солай етип Жаратқан Ийе израиллыларға бир қутқарыўшыны жиберди ҳәм израиллылар арам халқының қол астынан қутылып, бурынғыдай өз үйлеринде қәўипсиз жасай баслады. 6Деген менен, олар Яробамның үй-ишиниң Израилды баслаған гүналарынан бас тартпай, оны даўам етти ҳәм кийели ағаш та Самарияда тура берди.

7Еҳоахаздың елиў атлысы, он саўаш арбасы ҳәм он мың пияда әскери қалды. Өйткени Арам патшасы оларды қырып, күлин көкке суўырған еди. 8Еҳоахаздың қалған ислери, ол ислеген барлық ислер ҳәм оның қаҳарманлықлары Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 9Еҳоахаз өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм оны Самарияға жерледи. Оның орнына улы Еҳоаш патша болды.

Израил патшасы Еҳоаш

10Яҳуда патшасы Иоаштың патшалығының отыз жетинши жылында, Еҳоахаз улы Еҳоаш Самарияда Израилға патша болды ҳәм он алты жыл патшалық етти. 11Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеп, Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан жүз бурмай, сол гүналарды даўам етти. 12Еҳоаштың басқа ислери, ол ислеген барлық ислер ҳәм Яҳуда патшасы Амасия менен урысқанда көрсеткен қаҳарманлықлары Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 13Еҳоаш өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Самарияда Израил патшаларының жанына жерленди. Оның тахтына улы Яробам отырды.

Пайғамбар Элишаның өлими

14Элиша даўасыз кеселликке шалынды. Израил патшасы Еҳоаш оны көриўге барып:

– Әкем, әкем, Израилдың арбасы ҳәм атлылары! – деп жылады.
15Элиша оған:

– Қолыңа оқ жай менен оқларды ал, – деди. Патша оқ жай менен оқларды алды.
16Элиша:

– Оқ жайды кер, – деди. Патша оқ жайды керди. Сонда Элиша қолларын патшаның қоллары үстине қойып:

17– Шығыс тәрептеги айнаны аш, – деди. Патша айнаны ашты. Элиша:

– Оқты ат, – деди. Ол атты. Элиша оған:

– Бул оқ – Арам үстинен сени жеңиске еристиретуғын Жаратқан Ийениң жеңис оғы. Сен Афекте оларды толығы менен жоқ қыласаң, – деди.

18Соңынан:

– Оқларды ал, – деди. Патша оқларды алғанда, Элиша оған:

– Оқларды жерге ур, – деди. Патша оқларды үш рет жерге урды да, тоқтап қалды.
19Қудайдың адамының буған ашыўы келип:

– Бес-алты рет урыўың керек еди. Сонда арамлыларды толығы менен жеңген болар едиң. Енди арамлыларды тек үш рет ғана жеңе аласаң, – деди.

20Элиша өлип, жерленди. Ҳәр жылы бәҳәрде Моаб басқыншылары Израилға келетуғын еди. 21Бир күни израиллылар бир өлини жерлеп атырғанда басқыншыларды көрип қалды ҳәм өлини Элишаның гөрине ылақтырып қашты. Өли дене Элишаның сүйеклерине тийгенде тирилип, аяққа турды.

Израил ҳәм Арам арасындағы саўаш

22Арам патшасы Хазаел Еҳоахаздың патшалығы дәўиринде израиллыларға зулымлық етип келди. 23Бирақ Жаратқан Ийе Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқып пенен дүзген келисимине гөре, израиллыларға мийрим-шәпәәт көрсетти ҳәм реҳим етип, оларға нәзерин түсирди. Оларды жоқ қылыўды қәлемеди ҳәм бүгинге дейин Өз дәргайынан қуўып жибермеди.

24Арам патшасы Хазаел өлип, орнына улы Бен-Ҳадад патша болды. 25Израил патшасы Еҳоаш әкеси Еҳоахаздың патшалығы дәўиринде қолдан берген қалаларды Хазаелдиң улы Бен-Ҳададтан қайтарып алды. Еҳоаш оны үш рет жеңилиске ушыратып, Израил қалаларына қайта ийелик етти.
Copyright information for KaaIBT22C