2 Kings 14
Яҳуда патшасы Амасияның Израил патшасы Еҳоашқа урыс ашыўы
1Израил патшасы Еҳоахаздың улы Еҳоаштың патшалығының екинши жылында Яҳуда патшасы Иоаштың улы Амасия Яҳуда тахтына отырды. 2Амасия патша болғанда, жигирма бес жасында еди, ол Ерусалимде жигирма тоғыз жыл патшалық етти. Оның анасы ерусалимли болып, аты Еҳоаддан еди. 3Амасия Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди ислесе де, бабасы Даўытқа уқсамады. Ал ҳәр бир исте ол әкеси Иоаштан өрнек алды. 4Бирақ сыйыныў орынлары жоқ қылынбады ҳәм халық еле сол орынларда қурбанлықлар берип, түтеткилер түтететуғын еди. 5Амасия өзиниң патшалық бийлигин беккемлеп алғаннан соң, әкеси Иоаш патшаны өлтирген хызметшилерди өлтирди. 6Бирақ Муўсаның Нызам китабында ▼ жазылғанына сай ис тутып, жынаятшылардың балаларын өлтирмеди. Онда Жаратқан Ийе: «Балалар ушын әкелер, әкелер ушын балалар өлтирилмесин. Ҳәр бир адам өз гүнасы ушын өлтирилсин», – деп буйырған еди. 7Амасия Дуз ойпатлығында он мың эдомлыны өлтирип, Села қаласын басып алды ҳәм оған Иоқтеел деп ат қойды. Бул қала ҳәзир де сол ат пенен аталады. 8Кейин Амасия Еҳудың ақлығы Еҳоахаздың улы Израил патшасы Еҳоашқа хабаршылар жиберип: «Кел, жекпе-жек алысайық», – деп шақырық таслады. 9Израил патшасы Еҳоаш та Яҳуда патшасы Амасияға мынадай жуўап жиберди: «Лебанон таўларындағы шат тикен сол жердеги кедрге: „Қызыңды мениң улыма ҳаяллыққа бер“, – деп хабар жиберипти. Бирақ Лебанон таўларындағы бир жабайы ҳайўан сол жерден өтип баратырып, шат тикенди женшип кетипти. 10Сен эдомлыларды жеңдиң, сонлықтан көкирегиң әласпанда. Усы жеңисиңди жуўып, үйиңде отыр. Жәнжел баслаўдың не кереги бар? Өзиңниң де, Яҳуданың да басын бәлеге қалдыражақсаң». 11Деген менен, Амасия қулақ аспады. Израил патшасы Еҳоаш Яҳуда патшасы Амасияға қарсы жүрис қылып, олар Яҳуданың Бейт-Шемеш қаласында жүзбе-жүз келди. 12Яҳудалылар израиллылар тәрепинен қыйратылып, үйлерине қарай қашты. 13Израил патшасы Еҳоаш Ахазияның ақлығы Иоаштың улы Яҳуда патшасы Амасияны Бейт-Шемеште тутқынға алды. Соңынан Ерусалимге келип, қала дийўалының Эфрайым дәрўазасынан Мүйеш дәрўазасына шекемги төрт жүз шығанақ аралығын қулатып таслады. 14Ол Жаратқан Ийениң Үйиндеги ҳәм патша сарайындағы қазнадан табылған ҳәмме алтын ҳәм гүмислерди, ҳәмме затларды, және де, кепилге қойылатуғын тутқынларды алып Самарияға қайтып кетти. 15Еҳоаштың басқа ислери, оның қаҳарманлықлары ҳәм Яҳуда патшасы Амасия менен қалай урысқаны Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 16Еҳоаш өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Самарияға, Израил патшаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Яробам патша болды.Яҳуда патшасы Амасияның өлими
17Яҳуда патшасы Иоаш улы Амасия Израил патшасы Еҳоахаз улы Еҳоаштың өлиминен соң, он бес жыл өмир сүрди. 18Амасияның басқа ислери Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. 19Ерусалимде Амасияға қарсы тил бириктирилгенликтен, ол Лахишке қашты. Бирақ тил бириктириўшилер Амасияның изинен Лахишке адам жиберип, оны сол жерде өлтиртти. 20Олар Амасияның денесин атқа артып, Ерусалимге алып келди ҳәм ол Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына жерленди. 21Яҳуда халқы он алты жасар Азарияны ▼ әкеси Амасияның орнына патша етип қойды. 22Әкеси Амасияның өлиминен кейин, Азария Элат қаласын Яҳудаға қайтарып алып, оны қайтадан қурды.Израил патшасы Яробам
23Яҳуда патшасы Иоаш улы Амасияның патшалығының он бесинши жылында, Еҳоаш улы Яробам Самарияда Израилға патша болды ҳәм қырық бир жыл патшалық етти. 24Яробам Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи ҳәм Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан ўаз кешпеди. 25Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң Өз қулы гат-хеферли пайғамбар Амиттай улы Юнус арқалы айтқан сөзлери бойынша, Яробам Лебо-Хаматтан Өли теңизге шекемги Израил жерлерин қайта тикледи. 26Себеби Жаратқан Ийе Израил халқы тартып атырған күшли азапты көрди. Қул да, азат адам да, ҳәммеси азап ишинде болып, оларға жәрдем бергендей ҳеш ким жоқ еди. 27Жаратқан Ийе Израилдың атын жер бетинен жоқ қылып жибериўди қәлемегенликтен, Еҳоаш улы Яробам арқалы оларды қутқарды. 28Яробамның басқа ислери, ол ислеген барлық ислер, оның қаҳарманлықлары, қалай урысқанлары ҳәм Яҳудаға тийисли болған Дамаск пенен Хаматты Израилға қалай қайтарып алғаны ҳаққында Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 29Яробам өлип, ата-бабалары болған Израил патшаларына қосылды. Оның орнына улы Зехария патша болды.
Copyright information for
KaaIBT22C