2 Kings 15
Яҳуда патшасы Азария
1Израил патшасы Яробамның патшалығының жигирма жетинши жылында, Яҳуда патшасы Амасияның улы Азария Яҳудаға патша болды. 2Азария он алты жасында тахтқа отырып, Ерусалимде елиў еки жыл патшалық етти. Оның анасы ерусалимли болып, аты Ехолия еди. 3Азария да әкеси Амасияға уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи. 4Бирақ сыйыныў орынлары жоқ қылынбады ҳәм халық еле сол орынларда қурбанлықлар берип, түтеткилер түтететуғын еди. 5Жаратқан Ийе патша Азарияны жазалады. Ол бир өмир жаман тери кеселлигине шалынып, бөлек бир үйде жасады. Сарайды ҳәм үлке халқын оның улы Иотам басқарды. 6Азарияның басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. 7Азария өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Даўыттың қаласындағы ата-бабаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Иотам патша болды.Израил патшасы Зехария
8Яҳуда патшасы Азарияның патшалығының отыз сегизинши жылында, Яробам улы Зехария Самарияда Израилға патша болды ҳәм алты ай патшалық етти. 9Ата-бабалары сыяқлы, ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи ҳәм Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан бас тартпады. 10Ябеш улы Шаллум Зехарияға қарсы тил бириктирип, оны халықтың алдында өлтирди ҳәм орнына өзи патша болды. 11Зехарияның басқа ислери Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 12Солай етип, Жаратқан Ийениң Еҳуға: «Сениң нәсилиң төртинши әўладқа дейин Израил тахтында отырады», – деп айтқан сөзи орынланды.Израил патшасы Шаллум
13Яҳуда патшасы Уззияның ▼ патшалығының отыз тоғызыншы жылында, Ябеш улы Шаллум Израилға патша болды ҳәм Самарияда бир ай патшалық етти. 14Гад улы Менахем Тирсадан Самарияға келип, сол жерде Ябеш улы Шаллумды өлтирди ҳәм оның орнына өзи патша болып алды. 15Шаллумның басқа ислери ҳәм ол дүзген қастыяншылық Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 16Сол ўақытта Менахем Тирсадан шығып, өзине дәрўазаларын ашпағаны ушын, Тифсах қаласын ҳәм оның әтирапындағы аўыллардың ҳәммесин қырды ҳәм ҳәмиледар ҳаяллардың қарынларын жарып таслады.Израил патшасы Менахем
17Яҳуда патшасы Азарияның патшалығының отыз тоғызыншы жылында, Гад улы Менахем Израилға патша болып, Самарияда он жыл патшалық етти. 18Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи ҳәм өмири бойы Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан бас тартпады. 19Ассирия патшасы Пул ▼ Израилға ҳүжим етти. Бирақ Менахем Пулдың қоллап қуўатлаўына ерисиў арқалы өз патшалығын беккемлеў ушын, Пулға мың талант гүмис берди. 20Менахем Ассирия патшасына бериў ушын, Израилдағы бай адамлардың ҳәр бирине елиў шекел гүмистен салық салды. Солай етип, Ассирия патшасы елден шегинип, өз үлкесине қайтып кетти. 21Менахемниң басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 22Менахем өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм оның орнына улы Пеқахия патша болды.Израил патшасы Пеқахия
23Яҳуда патшасы Азарияның патшалығының елиўинши жылында, Менахем улы Пеқахия Самарияда Израилға патша болды ҳәм еки жыл патшалық етти. 24Пеқахия Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи ҳәм Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан бас тартпады. 25Пеқахияның әскербасыларынан бири Ремалия улы Пеқах оған қарсы тил бириктирди. Ол жанына гиладлы елиў адамды алып, Аргоб ҳәм Арйе деген адамлар менен бирикти де, Самариядағы сарайдың қорғанында Пеқахияны өлтирип, орнына өзи патша болды. 26Пеқахияның басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.Израил патшасы Пеқах
27Яҳуда патшасы Азарияның патшалығының елиў екинши жылында, Ремалия улы Пеқах Самарияда Израилға патша болды ҳәм жигирма жыл патшалық етти. 28Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи ҳәм Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан жүз бурмады. 29Израил патшасы Пеқахтың дәўиринде, Ассирия патшасы Тиглат-Пилесер Израилдың Иййон, Абел-Бейт-Мааха, Яноах, Кедеш, Хасор қалаларын ҳәм Гилад, Галила, Нафталий үлкелерин басып алып, халқын Ассирияға айдап кетти. 30Яҳуда патшасы Уззия улы Иотамның патшалығының жигирмаланшы жылында, Эла улы Ҳошеа Ремалия улы Пеқахқа қарсы тил бириктирип, оны өлтирди ҳәм орнына өзи патша болды. 31Пеқахтың басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.Яҳуда патшасы Иотам
32Израил патшасы Ремалия улы Пеқахтың патшалығының екинши жылында, Уззия улы Иотам Яҳудаға патша болды. 33Иотам жигирма бес жасында патша болды ҳәм Ерусалимде он алты жыл патшалық етти. Оның анасының аты Еруша болып, ол Садоқ деген адамның қызы еди. 34Иотам да әкеси Уззияға уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи. 35Бирақ сыйыныў орынлары жоқ қылынбады ҳәм халық еле сол орынларда қурбанлықлар берип, түтеткилер түтететуғын еди. Иотам Жаратқан Ийениң Үйиниң жоқарғы дәрўазасын салдырды. 36Иотамның басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. 37Сол күнлерде Жаратқан Ийе Арам патшасы Ресин менен Израил патшасы Ремалия улы Пеқахты Яҳудаға ҳүжимге жибере баслады. 38Иотам өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм бабасы Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Ахаз патша болды.
Copyright information for
KaaIBT22C