2 Kings 16
Яҳуда патшасы Ахаз
1Израил патшасы Ремалия улы Пеқахтың патшалығының он жетинши жылында, Иотам улы Ахаз Яҳудаға патша болды. 2Ахаз жигирма жасында патша болып, Ерусалимде он алты жыл патшалық етти. Ол Қудайы Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди ислеген бабасы Даўытқа уқсамады. 3Ахаз Израил патшаларының жолынан жүрди. Ҳәтте, Жаратқан Ийе Израил халқының алдынан қуўып жиберген миллетлердиң жеркенишли дәстүрлерине еликлеп, өз улын отқа жағып, қурбан етти. 4Ол сыйыныў орынларында, төбешиклерде ҳәм ҳәр бир қойыў жапырақлы теректиң астында қурбанлықлар берип, түтеткилер түтетти. 5Сонда Арам патшасы Ресин ҳәм Израил патшасы Ремалия улы Пеқах Ерусалимди басып алыў ушын ҳүжим етти. Олар қаланы қамал қылып турса да, Ахазды жеңе алмады. 6Сол арада Арам патшасы Ресин Элат қаласын қайтарып алып, ол жердеги Яҳуда халқын қуўып жиберди. Соңынан эдомлылар Элатқа қоныс басты, олар ҳәзир де сол жерде жасайды. 7Ахаз Ассирия патшасы Тиглат-Пилесерге елшилерин жиберип: «Мен сизиң қулыңыз ҳәм хызметшиңизбен. Келип, маған ҳүжим етип атырған Арам ҳәм Израил патшаларының қолынан мени қутқарың», – деди. 8Ахаз Жаратқан Ийениң Үйинен ҳәм сарайдың қазнасынан табылған гүмис ҳәм алтынларды алып, Ассирия патшасына саўғаға берип жиберди. 9Ассирия патшасы Ахаздың тилегин орынлап, Дамаскке ҳүжим етип, оны қолға киргизди. Қала халқын Кирге сүргин қылып, Ресинди өлтирди. 10Патша Ахаз Ассирия патшасы Тиглат-Пилесерди қарсы алыў ушын Дамаскке барғанда, сол жердеги қурбанлық орынды көрди. Ол қурбанлық орынның сүўретин ҳәм қурылысының сызылмасын руўханий Урияға жиберди. 11Руўханий Урия патша Ахаз Дамасктен келгенше, Дамасктен ол жиберген үлги бойынша, қурбанлық орын қурдырып қойды. 12Патша Дамасктен қайтып келгенде, қурбанлық орынды көрди ҳәм оған жақынлап, үстинде қурбанлықлар берди. 13Ол қурбанлық орында жандырылатуғын қурбанлығын ҳәм ғәлле садақасын түтетип жандырды, оған ишимлик садақасын қуйып, татыўлық қурбанлығының қанын септи. 14Ал Жаратқан Ийениң алдындағы қоладан исленген қурбанлық орынды Жаратқан Ийениң Үйиниң алдынан, яғный таза қурбанлық орын менен Үй ортасында турған орнынан жылжытып, оны жаңа қурбанлық орынның арқа тәрепине қойды. 15Соңынан патша Ахаз руўханий Урияға мынадай буйрық берди: – Азанғы жандырылатуғын қурбанлықты ҳәм кешки ғәлле садақасын, патша берген жандырылатуғын қурбанлықты ҳәм ғәлле садақасын, үлке халқы берген жандырылатуғын қурбанлықты, ғәлле садақасын ҳәм ишимлик садақасын үлкен қурбанлық орында усын. Жандырылатуғын қурбанлықлардың ҳәм басқа қурбанлықлардың ҳәммесиниң қанын оған сеп. Ал қоладан исленген қурбанлық орынды мен келешекти билиў ушын қолланаман. 16Руўханий Урия патша Ахаздың буйрықларын толық орынлады. 17Патша Ахаз түбелдириклердиң тахталарын кестирип, үстиндеги ләгенлерди алдырып таслады. Ҳәўизди де қола буғалардың үстинен түсирип, төселген тастың үстине қойды. 18Ассирия патшасына жағыныў ушын, ол Шаббат күнлери Жаратқан Ийениң Үйине киретуғын үсти жабық жолды ҳәм патша киретуғын қапыны жаўып таслады. 19Ахаздың басқа ислери ҳаққында Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. 20Ахаз өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Хизкия патша болды.
Copyright information for
KaaIBT22C