2 Kings 17
Израилдың соңғы патшасы Ҳошеа
1Яҳуда патшасы Ахаздың патшалығының он екинши жылында, Эла улы Ҳошеа Самарияда Израилға патша болып, тоғыз жыл патшалық етти. 2Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. Бирақ өзинен алдынғы Израил патшаларынан тәўирирек еди. 3Ассирия патшасы Шалманасар Ҳошеаға қарсы саўаш ашты. Ҳошеа тәслим болып, оған салық төлей баслады. 4Бирақ Ассирия патшасы Ҳошеаның сатқынлық еткенин билип қалды. Себеби Ҳошеа Мысыр патшасы Соға хабаршылар жиберген еди ҳәм Ассирия патшасына ҳәр жылы төлейтуғын салығын төлемей қойған еди. Сонлықтан Ассирия патшасы оны тутып алып, қамақханаға таслады.Самарияның қулаўы
5Ассирия патшасы пүткил Израил жерлерине ҳүжим қылып, Самарияны үш жыл қамал етип турды. 6Ҳошеаның патшалығының тоғызыншы жылында, Ассирия патшасы Самарияны қолға киргизип, Израил халқын Ассирияға сүргин етти. Оларды Халахқа, Хаборға, Гозандағы дәрья бойына ҳәм Мидия қалаларына орналастырды. 7Булардың ҳәммеси израиллылардың өзлерин Мысыр патшасы фараонның қол астынан, Мысыр жеринен алып шыққан Қудайы Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислегени себепли жүз берди. Олар басқа қудайларға табына баслады. 8Олар өзлериниң алдынан Жаратқан Ийе қуўып шығарған халықлардың дәстүрлери ҳәм Израил патшаларының шығарған дәстүрлери бойынша жасады. 9Израиллылар өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийеге унамайтуғын бул ислерди жасырын ислейтуғын еди. Олар аўыллардан баслап, қорғанлы қалаларға шекем ҳәмме жерде өзлери ушын сыйыныў орынларын қурды. 10Ҳәр бир бийик төбешикке ҳәм қойыў жапырақлы теректиң астына кийели таслар ҳәм кийели ағашлар орнатты. 11Олар Жаратқан Ийениң өзлериниң алдынан қуўып шығарған халықлары сыяқлы, барлық сыйыныў орынларында түтеткилер түтетти ҳәм ислеген жаман ислери менен Жаратқан Ийени ғәзеплендирди. 12Жаратқан Ийениң өзлерине: «Булай ислемеңлер», – дегенине қарамастан, олар бутларға табынды. 13Сонда Жаратқан Ийе Өзиниң барлық пайғамбарлары ҳәм ўәлийлери арқалы Израил ҳәм Яҳудаға былай деп ескертти: «Жаман жолыңыздан қайтыңлар. Ата-бабаларыңызға буйырған ҳәм қулларым болған пайғамбарларым арқалы сизлерге жиберген Нызамдағы барлық буйрықларыма ҳәм қағыйдаларыма бойсыныңлар». 14Бирақ олар қулақ салмай, Қудайы Жаратқан Ийеге исенбеген ата-бабаларына уқсап қайсарлық қылды. 15Олар Оның қағыйдаларынан, ата-бабалары менен дүзген келисиминен ҳәм өзлерине берилген ескертиўлеринен жүз бурып, жарамсыз бутларға табынды ҳәм өзлери де мәниссиз өмир сүрди. Жаратқан Ийе: «Әтирапыңыздағы халықларға уқсап жасамаңлар», – деп буйырса да, олар сол халықлардың әдетлерине еликлеп жасай берди. 16Олар өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийениң барлық буйрықларынан жүз бурып, тананың еки мүсинин қуйдырды, кийели ағаш ислетти ҳәм пүткил аспан денелерине табынып, Баалға хызмет етти. 17Улларын ҳәм қызларын отта қурбанлыққа берди, палкерлик етти ҳәм белгилерди жорыды. Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеўге берилип кетип, Оның ғәзебин келтирди. 18Сонлықтан Жаратқан Ийениң израиллыларға қатты ғәзеби келди ҳәм Яҳуда урыўынан басқасының ҳәммесин Өз дәргайынан қуўды. 19Бирақ Яҳуда да Өз Қудайы Жаратқан Ийениң буйрықларына бойсынбай, олар да израиллылар ислеген дәстүрлерди иследи. 20Ақыбетте, Жаратқан Ийе пүткил Израил урпақларынан жүз бурып, оларды жазалады ҳәм басқыншылардың қолына тәслим етип, ҳәммесин Өз дәргайынан шығарып жиберди. 21Бурын Жаратқан Ийе израиллыларды Даўыттың урпағының қолынан тартып алғаннан соң, израиллылар Набат улы Яробамды патша етип қойған еди. Яробам оларды Жаратқан Ийениң жолынан шығарып, уллы гүнаға баслады. 22Израил урпақлары Яробам ислеген барлық гүналарға қосылды, бул гүналардан бас тартпады. 23Ақырында, Жаратқан Ийе Өз қуллары болған пайғамбарлар арқалы айтқаны сыяқлы, израиллыларды Өз дәргайынан қуўып жиберди. Олар өз жеринен Ассирияға сүргин етилди. Бүгин де олар сол жерде жасайды.Самарияға қоныс басқанлар
24Ассирия патшасы Бабилон, Кута, Аўўа, Хамат ҳәм Сефарўайым қалаларынан адамларды көширип әкелип, израиллылардың орнына Самария жерине қонысландырды. Олар Самарияны ийелеп, оның қалаларында жасай баслады. 25Олар сол жерде жасай баслаған ўақытлары Жаратқан Ийеге сыйынбады. Сонлықтан Жаратқан Ийе оларға арысланларды жиберди, арысланлар олардың айырымларын өлтире баслады. 26Сонда Ассирия патшасына мынадай хабар жетти: «Сиз Самария қалаларына көширип әкелип қонысландырған халықлар сол жердиң қудайына қалай сыйыныўды билмейди. Халық үлке қудайының нызамларын билмегени ушын, үлке қудайы үлкеге арысланлар жиберип атыр, арысланлар да адамларды өлтирип атыр». 27Ассирия патшасы: «Самариядан сүргин етип әкелинген руўханийлерден бирин изге қайтарың. Ол барып, сол жерде жасасын ҳәм оларға сол жердиң қудайының нызамларын үйретсин», – деп буйырды. 28Самариядан сүргин етилген руўханийлерден бири келип, Бейт-Элде жасады ҳәм Жаратқан Ийеге қалай сыйыныўды оларға үйретти. 29Деген менен, Самария қалаларына қоныс басқан ҳәр бир халық өз қудайларының мүсинлерин иследи. Оларды израиллылар Самарияда жасаған ўақтында қурған сыйыныў орынларына қойды. 30Бабилоннан келгенлер Суккот-Бенот деген, Куттан келгенлер Нергал деген, Хаматтан келгенлер Ашима деген, 31Аўўадан келгенлер Нибхаз ҳәм Тартақ деген бутларды иследи. Ал Сефарўайымнан келгенлер Сефарўайым қудайлары Адраммелех пенен Анаммелехке арнап улларын отта жандырды. 32Бир тәрептен олар Жаратқан Ийеге сыйынса, екинши тәрептен сыйыныў орынларындағы бутханаларда хызмет етиў ушын, араларынан руўханийлер сайлап қойды. 33Сол жерге көшип келген ҳәр бир халық Жаратқан Ийеге сыйыныў менен бирге, өз халықларының дәстүрлери бойынша өз қудайларына да табынды. 34Ҳәзир де олар сол ески дәстүрлери бойынша жасап келеди. Олар Жаратқан Ийеден қорқпайды, Жаратқан Ийе Израил деп ат берген Яқыптың балаларына буйырған қағыйдаларға, пәрманларға, нызамларға ҳәм буйрықларға бойсынбайды. 35Жаратқан Ийе Яқыптың урпағы менен келисим дүзип, оларға былай деп буйырған еди: «Басқа қудайлардан қорқып, оларға табынбаңлар ҳәм оларға хызмет етип, қурбанлық бермеңлер. 36Тек уллы қүдирети менен қол созып, сизлерди Мысыр жеринен алып шыққан Жаратқан Ийеден қорқыңлар, Оған сыйынып, қурбанлық бериңлер. 37Сизлер ушын жазған қағыйдаларын, пәрманларын, нызамларын ҳәм буйрықларын бәрҳа муқыятлы түрде орынлаңлар ҳәм басқа қудайлардан қорқпаңлар. 38Мениң сизлер менен дүзген келисимимди умытпаңлар, басқа қудайлардан қорқпаңлар. 39Тек Қудайыңыз Жаратқан Ийеден қорқыңлар. Ол сизлерди барлық душпанларыңыздың қолынан қутқарады». 40Бирақ Самарияға қоныс басқан халықлар бул сөзлерге қулақ аспай, өзлериниң бурынғы әдетлери бойынша жасай берди. 41Сол халықлар ҳәм Жаратқан Ийеге, ҳәм өзлери жондырып ислеткен мүсинлерге сыйынды. Олардың балалары да, балаларының балалары да өзлериниң ата-бабалары ислеген исти бүгинге дейин даўам етпекте.
Copyright information for
KaaIBT22C