‏ 2 Kings 18

Яҳуда патшасы Хизкия

1Израил патшасы Эла улы Ҳошеаның патшалығының үшинши жылында, Ахаз улы Хизкия Яҳудаға патша болды. 2Хизкия жигирма бес жасында патша болып, Ерусалимде жигирма тоғыз жыл патшалық етти. Оның анасының аты Абий болып, ол Зехарияның қызы еди. 3Ол да атасы Даўытқа уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи. 4Ол сыйыныў орынларын жоқ қылды, кийели тасларды майдалап, кийели ағашты кесип таслады, Муўса ислеген мыс жыланды да бөлип, майдалады. Себеби израиллылар оны Нехуштан деп атап, сол күнге дейин оған арнап түтетки түтететуғын еди.

5Патша Хизкия Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге үмит байлады. Оннан бурын да, оннан кейин де, Яҳуда патшалары арасында оған уқсағаны болмады. 6Ол Жаратқан Ийеге садық болып, Оннан жүз бурмады ҳәм Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген буйрықларын орынлады. 7Сонлықтан Жаратқан Ийе оның менен бирге еди. Хизкия не ислесе де, табысқа еристи. Ол Ассирия патшасына қарсы бас көтерип, оған бойсыныўдан бас тартты. 8Ол Газа ҳәм оның әтирапына шекем, аўыллардан баслап, қорғанлы қалаларға шекемги ҳәмме жерлердеги филистлерди қырып таслады.

9Хизкияның патшалығының төртинши жылында, Израил патшасы Эла улы Ҳошеаның патшалығының жетинши жылында, Ассирия патшасы Шалманасар Самарияға ҳүжим жасап, қаланы қамал етти. 10Ол үш жылдан соң, Самарияны қолға киргизди. Солай етип, Хизкияның патшалығының алтыншы, Израил патшасы Ҳошеаның патшалығының тоғызыншы жылында, Самария басып алынды. 11Ассирия патшасы израиллыларды Ассирияға сүргин етип, оларды Халахқа, Хаборға, Гозандағы дәрья бойына ҳәм Мидия қалаларына орналастырды. 12Бул ўақыя израиллылардың Қудайы Жаратқан Ийениң сөзине қулақ аспағаны, Оның келисимин бузғаны себепли жүз берди. Себеби израиллылар Қудайы Жаратқан Ийениң қулы Муўса арқалы берген буйрықларына бойсынбады. Оларды тыңламады да, орынламады да.

Санхерибтиң абай етиўи

13Хизкияның патшалығының он төртинши жылында, Ассирия патшасы Санхериб Яҳуданың барлық қорғанлы қалаларына ҳүжим жасап, оларды басып алды. 14Сонда Яҳуда патшасы Хизкия Лахиш қаласындағы Ассирия патшасына: «Мен айыплыман, мениң жеримнен кетсеңиз. Не талап етсеңиз де, төлеймен», – деп хабар жиберди. Сөйтип, Ассирия патшасы Яҳуда патшасы Хизкияға үш жүз талант гүмис ҳәм отыз талант алтын салық салды. 15Хизкия Жаратқан Ийениң Үйинен ҳәм сарайдың қазнасынан табылған гүмистиң ҳәммесин оған берди. 16Сондай-ақ Яҳуда патшасы Хизкия Жаратқан Ийениң Ибадатханасының есиклерин ҳәм жақлаўларын алтын менен қаплатқан еди. Ол өзи қаплатқан усы алтынларды қыршып алып, оларды да Ассирия патшасына берди.

17Деген менен, Ассирия патшасы бас сәркәрдасын, әскерий ўәкилин ҳәм бас ўәзирин үлкен армия менен Лахиштен Ерусалимге, патша Хизкияға жиберди. Олар Ерусалимге келип, кир жуўыўшының атызына баратуғын жолдағы, Жоқарғы ҳәўизге суў қуйылатуғын жерде тоқтады. 18Олар патшаны шақыртты. Сарай басқарыўшысы Хилкия улы Эляким, хаткер Шебна ҳәм дийўанбеги Асаф улы Иоах ассириялыларға барды.

19Сонда Ассирия патшасының бас ўәзири оларға былай деди:

– Уллы патша, Ассирия патшасының мына сөзлерин Хизкияға жеткизиң: «Неңе үмит артып турсаң?
20Урыс ушын жоба ҳәм күш бар деп айтасаң, бирақ сен тек бос сөзлерди айтып турсаң. Сен кимге сүйенип, маған қарсы бас көтерип турсаң? 21Мине, сен өзине сүйенгенниң алақанын тесетуғын сынық қамыс ҳасаға уқсаған Мысырға сүйенип турсаң. Мысыр патшасы фараон өзине исенгенлердиң ҳәммесине усындай. 22Бәлким маған: „Бизлер Қудайымыз Жаратқан Ийеге үмит байлаймыз“, – дерсизлер. Яҳуда ҳәм Ерусалим халқына: „Тек Ерусалимде, мына қурбанлық орында сыйыныңлар“, – деп сыйыныў орынларын ҳәм қурбанлық орынларын жоқ қылған Хизкия емес пе еди?»

23Енди сен, мениң мырзам Ассирия патшасы менен маўасаға кел. Егер мен саған еки мың бас ат берсем, оларға минетуғын сонша адам таба алар ма едиң? 24Солай екен, мырзамның ең ҳәлсиз әскербасысын да жеңе алмайсаң-ғо. Ямаса Мысырдың саўаш арбалары менен атлыларына исенип турсаң ба? 25Қала берсе, мен бул жерди ўайран етиў ушын Жаратқан Ийениң еркисиз келдим бе? Жаратқан Ийе маған: «Сол үлкеге ҳүжим қылып, оны ўайран ет», – деди.

26Хилкия улы Эляким, Шебна ҳәм Иоах бас ўәзирге былай деп жуўап берди:

– Бул қулларыңыз бенен арамейше сөйлесе бериң, түсинемиз. Дийўал үстиндеги халыққа еситтирип, бизлер менен еврей тилинде сөйлеспең.

27Бас ўәзир оларға:

– Мырзам мени бул сөзлерди тек мырзаңа ҳәм саған айтыў ушын емес, ал сизлер менен бирге өз дәретин жеп, сидигин ишиўге дуўшар болатуғын дийўал үстинде отырған адамларға да жеткериў ушын жиберди, – деди.

28Соңынан бас ўәзир орнынан турып, еврей тилинде былай деп бақырды:

– Уллы патшаның, Ассирия патшасының сөзлерине қулақ салыңлар!
29Патша былай дейди: «Хизкия сизлерди алдамай-ақ қойсын. Ол сизлерди мениң қолымнан қутқара алмайды. 30Ол: „Жаратқан Ийе бизлерди қутқарады, қала Ассирия патшасының қолына берилмейди“, – деп сизлерди Жаратқан Ийеден үмитлендирмесин».

31Хизкияға қулақ салмаңлар. Себеби Ассирия патшасы былай дейди: «Мениң менен жарасып, маған келиңлер. Сонда ҳәр бир адам өз жүзиминиң ҳәм әнжир ағашының мийўесинен жеп, өз суў сақлағышынан суў ишеди. 32Соңынан мен келип, сизлерди бийдайы, шарабы, наны, жүзимзарлары, зәйтүн майы ҳәм палы мол болған, өз үлкеңизге уқсаған бир үлкеге көширемен. Сонда өлмей, тири қаласызлар. Хизкия: „Жаратқан Ийе бизлерди қутқарады“, – деп алдағанына қулақ салмаңлар. 33Қайсы халықтың қудайы өз үлкесин Ассирия патшасының қолынан қутқара алған? 34Хамат ҳәм Арпадтың қудайлары қайда? Сефарўайым, Ҳена ҳәм Иўўаның қудайлары қайда? Самарияның қудайлары Самарияны мениң қолымнан қутқара алды ма? 35Усы еллердиң қудайларының қайсы бири өз жерин мениң қолымнан қутқара алды? Солай екен, Жаратқан Ийе Ерусалимди мениң қолымнан қалай қутқарады?»

36Халық үндемеди, жуўап та қайтармады. Өйткени патша Хизкия халыққа оған жуўап бермеўди буйырған еди.

37Сарай басқарыўшысы Хилкия улы Эляким, хаткер Шебна ҳәм дийўанбеги Асаф улы Иоах кийимлерин жыртып, Хизкияның алдына келди ҳәм Ассирия патшасының бас ўәзириниң сөзлерин оған айтып берди.
Copyright information for KaaIBT22C