2 Kings 2
Илиястың аспанға алыныўы
1Жаратқан Ийе Илиясты қуйын ишинде аспанға көтерип алып кетпестен алдын, Илияс пенен Элиша Гилгалдан жолға шыққан еди. 2Сонда Илияс Элишаға: – Өтинемен, усы жерде қал, Жаратқан Ийе мени Бейт-Элге жиберип атыр, – деди. Элиша оған: – Тири Жаратқан Ийе ҳақы ҳәм сизиң тирилигиңиз ҳақы ант ишемен: сизден айырылмайман, – деп жуўап берди. Сөйтип олар бирге Бейт-Элге кетти. 3Бейт-Элдеги пайғамбарлар топары Элишаның алдынан шығып, оннан: – Жаратқан Ийе бүгин мырзаңды қасыңнан алып кетеди, буны билесең бе? – деп сорады. Элиша оларға: – Аўа, билемен, үндемеңлер, – деди. 4Илияс Элишаға: – Элиша, өтинемен, усы жерде қал, Жаратқан Ийе мени Ерихоға жиберип атыр, – деди. Элиша оған: – Тири Жаратқан Ийе ҳақы ҳәм сизиң тирилигиңиз ҳақы ант ишемен: сизден айырылмайман, – деди. Сөйтип олар Ерихоға келди. 5Сонда Ериходағы пайғамбарлар топары Элишаға келип: – Жаратқан Ийе бүгин мырзаңды қасыңнан алып кетеди, буны билесең бе? – деп сорады. Элиша оларға: – Аўа, билемен, үндемеңлер, – деди. 6Кейин Илияс Элишаға: – Өтинемен, сен усы жерде қал, себеби Жаратқан Ийе мени Иордан дәрьясына жиберип атыр, – деди. Элиша оған: – Тири Жаратқан Ийе ҳақы ҳәм сизиң тирилигиңиз ҳақы ант ишемен: сизден айырылмайман, – деди. Солай етип, екеўи жолын даўам етти. 7Пайғамбарлар топарынан елиўи келип, узағырақтан оларға қарап турды. Ал олар екеўи Иордан дәрьясының жағасында турды. 8Илияс шапанын алып, айландырып, суўға урып жибергенде, суў екиге айырылды. Олар екеўи қурғақ жер арқалы арғы жағаға өтти. 9Дәрьядан өтип болғаннан соң, Илияс Элишадан: – Мени жаныңнан алып кетпестен бурын айт, меннен қандай тилегиң бар? – деп сорады. Сонда Элиша: – Менде сиздеги руўхтың еки есеси болсын, – деди. 10Илияс оған: – Қыйын нәрсени сорадың. Егер жаныңнан мениң қалай алып кетилгенимди көрсең, онда солай болады. Егер көрмесең, олай болмайды, – деди. 11Олар жолда сөйлесип кетип баратырғанда, тосаттан отлы арбаға жегилген отлы атлар көринди ҳәм оларды бир-биринен айырды. Илияс қуйын ишинде аспанға көтерилип кетти. 12Элиша буны көрип: – Әкем, әкем, Израилдың арбасы ҳәм атлылары! – деп қышқырып қала берди. Элиша Илиясты қайтып көре алмайтуғын болғанлықтан, кийимлерин жыртып, екиге айырды. 13Соңынан Илиястан түсип қалған шапанды алып, изине қайтты ҳәм Иордан дәрьясының жағасына келип турды. 14Ол Илиястан түсип қалған шапан менен суўды урып: – Жаратқан Ийе, Илиястың Қудайы қай жердесең? – деди. Кейин ол суўды қайтадан урғанда, суў қақ айырылып, Элиша сол жерден кесип өтти. 15Ериходағы пайғамбарлар топары узақтан Элишаны көргенде: «Илиястың руўхы Элишаға түсти», – дести. Олар барып, Элишаны күтип алды ҳәм баслары жерге тийгенше ийилип оған тәжим етти. 16Кейин олар Элишаға: – Жанымызда елиў күшли адам бар. Рухсат бериң, олар барып, мырзаңызды излеп келсин. Бәлким, Жаратқан Ийениң Руўхы оны көтерип әкетип, қандай да бир таўға ямаса ойпатлыққа апарып таслаған шығар, – деди. Бирақ Элиша оларға: – Яқ, оларды излеўге жибермеңлер, – деди. 17Деген менен, пайғамбарлар жалынып қоймай, бийзар қылғаннан соң, Элиша излеўге рухсат берди. Пайғамбарлар елиў адамды жиберди. Олар үш күн излеп, Илиясты таба алмады. 18Кейин Ерихоға, Элишаның қасына қайтып келди. Элиша оларға: – Мен сизлерге оны излемеңлер деген жоқ па едим? – деди.Элишаның суўды пәклеўи
19Ерихолылар Элишаға: – Мырзамыз, өзиңиз көрип турғандай, қаланың турған жери жақсы, бирақ суўы жаман, жери де өнимсиз, – деди. 20Элиша оларға: – Таза бир кесеге дуз салып, маған алып келиңлер, – деди. Олар солай иследи. 21Элиша булақ басына барып, дузды суўға таслады да, былай деди: – Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен бул суўды таза қылдым, оннан енди өлим де, өнимсизлик те келип шықпайды». 22Элишаның айтқан сөзи бойынша, суў ҳәзирге дейин ишиўге жарамлы.Элишаны масқаралаған балалар
23Элиша сол жерден Бейт-Элге кетти. Ол жолда кетип баратырғанда, қаладан кишкене балалар шығып: – Жоқ бол, таз, жоқ бол! – деп масқаралай баслады. 24Ол артына қарап, балаларды көрди ҳәм оларды Жаратқан Ийениң аты менен ғарғады. Сонда тоғайдан еки урғашы айыў шығып, қырық еки баланы тилкимлеп таслады. 25Элиша ол жерден Кармел таўына, Кармел таўынан Самарияға қайтты.
Copyright information for
KaaIBT22C