‏ 2 Kings 20

Хизкияның қәстелениўи ҳәм шыпаланыўы

1Сол күнлери Хизкия аўырып, өлим төсегинде жатты. Сонда Амос улы Ийшая пайғамбар оған келип былай деди:

– Жаратқан Ийе былай дейди: «Үй-ишиңе ўәсиятнамаңды қалдырып, ырзаласа бер, себеби тәўир болмайсаң, өлесең».

2Хизкия жүзин дийўалға қаратып, Жаратқан Ийеге дуўа етип:

3– О, Жаратқан Ийе! Алдыңда мениң шын жүректен садықлық пенен жасағанымды ҳәм нәзериңде туўры ислерди ислеп жүргенимди еслей гөр! – деди ҳәм өксип-өксип жылады.

4Ийшая еле сарайдың ортанғы ҳәўлисинен шығып кетпей атырып, оған Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:

5– Изиңе қайтып, Мениң халқымның ҳүкимдары Хизкияға мына хабарды жеткиз: «Бабаң Даўыттың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Дуўаңды еситтим, көз жасларыңды көрдим. Мине, Мен сени шыпалайман. Сен үшинши күни Жаратқан Ийениң Үйине барасаң. 6Өмириңди он бес жылға узайтаман. Өзиңди де, бул қаланы да Ассирия патшасының қолынан қутқараман. Өзим ушын ҳәм қулым Даўыттың ҳүрмети ушын бул қаланы қорғайман».

7Ийшая патшаның адамларына:

– Кептирип нығызланған әнжир алып келиңлер, – деди.

Оны әкелип, жараға қойғанда, ол саўалып кетти.
8Хизкия Ийшаядан:

– Жаратқан Ийениң мени саўалтатуғынын ҳәм үшинши күни Жаратқан Ийениң Үйине баратуғынымды қандай белги арқалы билемен? – деп сорады.
9Ийшая оған:

– Жаратқан Ийениң Өз сөзин орынлайтуғынын билдиретуғын белги мынаў: текшеге түсип турған сая он адым алдыға жылжысын ба ямаса он адым артқа жылжысын ба? – деди.
10Хизкия Ийшаяға:

– Саяның алдыға он адым жылжыўы аңсат. Сая он адым артқа жылжысын, – деди.
11Ийшая пайғамбар Жаратқан Ийеге жалбарынды. Сонда Жаратқан Ийе патша Ахаз соқтырған текшениң үстине түсип турған саяны он адым артқа жылжытты.

Хизкияның ақылсызлығы

12Сол арада Хизкияның аўырып қалғанын еситкен Бабилония патшасы Баладан улы Меродах-Баладан Хизкияға хатлар ҳәм саўғалар жиберди. 13Хизкия елшилерди қабыл етти ҳәм оларға өз қазнасындағы затлардың ҳәммесин: гүмис ҳәм алтынларын, хош ийисли затларын, қымбатбаҳа майларын, қурал-жарақ сақланатуғын бөлмесин көрсетти. Хизкияның сарайында да, патшалығында да оларға көрсетилмеген ҳеш нәрсе қалмады.

14Сонда пайғамбар Ийшая патша Хизкияның жанына келип, оған:

– Бул адамлар сизге не деди? Олар қай жақтан келипти? – деп сорады. Хизкия оған:

– Олар узақ елден, Бабилониядан келген, – деп жуўап берди.

15Ийшая:

– Олар сарайыңызда нелерди көрди? – деп сорады. Хизкия:

– Сарайымдағы ҳәмме нәрсени көрди. Қазнамда оларға көрсетпеген ҳеш нәрсем қалмады, – деп жуўап берди.
16Сонда Ийшая Хизкияға былай деди:

– Онда Жаратқан Ийениң сөзин еситиң:
17«Сарайыңдағы ҳәмме нәрсе ҳәм ата-бабаларыңның усы күнге шекем жыйнаған ҳәмме нәрсеси Бабилонға алып кетилетуғын күн келеди, ҳеш нәрсе қалмайды, – дейди Жаратқан Ийе. 18– Сениң нәсилиңнен болған айырым урпақларың да алып кетилип, Бабилония патшасының сарайында хызметши болады». 19Хизкия Ийшаяға:

– Жаратқан Ийениң сиз арқалы айтқан сөзлери жақсы сөзлер, – деди. Себеби ол ишинен: «Ҳеш болмағанда мениң заманымда тынышлық ҳәм абаданшылық болады», – деп ойлады.

20Хизкияның басқа ислери, барлық қаҳарманлықлары, ол қурғызған ҳәўиз, суў өткеллери ҳәм қалаға қалай суў апарғанлары Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. 21Хизкия өлип, ата-бабаларына қосылды. Оның орнына улы Менашше патша болды.
Copyright information for KaaIBT22C