2 Kings 21
Яҳуда патшасы Менашше
1Менашше он еки жасында патша болды ҳәм Ерусалимде елиў бес жыл патшалық етти. Оның анасының аты Хефсиба еди. 2Ол Жаратқан Ийениң Израил халқының алдынан қуўып жиберген халықлардың жеркенишли жаман ислерине еликлеп, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. 3Әкеси Хизкия жоқ қылған сыйыныў орынларын қайта тикледи. Израил патшасы Ахабқа уқсап, Баалға арнап қурбанлық орынлар қурды, кийели ағаш орнатты ҳәм пүткил аспан денелерине табынып, оларға хызмет етти. 4Менашше Жаратқан Ийениң Үйине, яғный Жаратқан Ийениң: «Мен Ерусалимде Өз атымды орнатаман», – деген Үйине басқа қудайларға арнап, қурбанлық орынлар қурдырды. 5Ол Жаратқан Ийениң Үйиниң еки ҳәўлисине де барлық аспан денелерине арнап қурбанлық орынлар қурды. 6Ол өз улын отта жандырып қурбанлыққа берди, пал ашты, белгилерди жорыды, әрўақ ҳәм руўхларды шақырыўшыларға мәсләҳәт салды. Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеп, Оны ғәзеплендирди. 7Менашше өзи ислеткен Ашера бутын Жаратқан Ийениң Үйине қойды. Жаратқан Ийе Даўытқа ҳәм оның улы Сулайманға: «Бул Үйде ҳәм Израил урыўлары арасынан таңлап алған қалам Ерусалимде атымды мәңгиге орнатаман. 8Егер олар Мениң буйрықларымды ҳәм қулым Муўса буйырған барлық Нызамларды муқыятлы түрде орынлап жасаса, онда Израил халқын өзлериниң ата-бабаларына берген жерден қуўып шығармайман», – деген еди. 9Бирақ халық қулақ аспады. Менашшениң халықты жолдан азғырғаны соншелли, Жаратқан Ийениң Израил халқының алдынан жоқ қылған халықларынан да көбирек жаманлықлар иследи. 10Жаратқан Ийе Өз қуллары болған пайғамбарлар арқалы былай деди: 11«Яҳуда патшасы Менашше өзинен бурын сол жерде жасаған амор халқынан да жаманырақ жеркенишли ислерди ислегени, өз бутлары менен яҳудалыларды гүнаға баслағаны ушын, 12Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: „Мен Яҳуда елиниң ҳәм оның бас қаласы Ерусалимниң басына еситкен адамның жүрегин суўлататуғын бир апатшылық жаўдыраман. 13Самарияға қолланған өлшеў жибин ҳәм Ахабтың үй-ишине қолланған өлшемди Ерусалимге де қолланаман. Табақты сыпырып, төңкерип қойғаны сыяқлы, Ерусалимди де солай сыпырып тазалайман. 14Халқымның қалғанларынан жүз бураман, оларды душпанларының қолына тапсыраман. Душпанлары оларды тонап, талан-тараж етеди. 15Себеби олар Мениң нәзеримде жаўыз болған ислерди иследи ҳәм ата-бабалары Мысырдан шыққан күннен усы күнге дейин Мениң ғәзебимди келтирди“». 16Менашше Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеп, яҳудалыларға ислеткен гүнасына қоса, жүдә көп айыпсыз қан төгип, Ерусалимди басынан аяғына шекем қанға батырды. 17Менашшениң басқа ислери, ол ислеген барлық ислер ҳәм ол ислеген гүналар ҳаққында Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. 18Менашше өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм сарайдың Узза деп аталатуғын бағына жерленди. Оның орнына улы Амон патша болды.Яҳуда патшасы Амон
19Амон жигирма еки жасында патша болып, Ерусалимде еки жыл патшалық етти. Анасының аты Мешуллемет болып, ол иотбалы Харустың қызы еди. 20Амон да әкеси Менашшеге уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. 21Ол әкесиниң жолынан жүрди, әкеси табынған бутларға хызмет етип, оларға табынды. 22Амон ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени тәрк етти, Оның жолынан жүрмеди. 23Патша Амонның хызметшилери оған қарсы тил бириктирип, оны өз сарайында өлтирди. 24Бирақ үлке халқы патша Амонға қарсы тил бириктиргенлердиң ҳәммесин өлтирди ҳәм оның орнына улы Иошияны патша етип қойды. 25Амон ислеген басқа ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. 26Амон Узза бағындағы өз қәбирине жерленди. Оның орнына улы Иошия патша болды.
Copyright information for
KaaIBT22C