‏ 2 Kings 22

Яҳуда патшасы Иошия

1Иошия сегиз жасында патша болып, Ерусалимде отыз бир жыл патшалық етти. Оның анасының аты Едида болып, ол босқатлы Адаяның қызы еди. 2Иошия Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи ҳәм оңға да солға да бурылмай, бабасы Даўыттың жолынан жүрди.

3Патша Иошия өз патшалығының он сегизинши жылында, Мешулламның ақлығы Асалияның улы хаткер Шафанды Жаратқан Ийениң Үйине жиберип, оған былай деди:

4– Бас руўханий Хилкияға бар. Ол босағадағы қадағалаўшы руўханийлер халықтан жыйнап, Жаратқан Ийениң Үйине алып келген гүмислерди есаплап шықсын. 5Кейин оны Жаратқан Ийениң Үйиниң ишиндеги ислерди бақлаў ушын тайынланған адамларға берсин. Олар буны Жаратқан Ийениң Үйиниң бузылған жерлерин дүзетиўшилерге, 6усталарға, қурылысшыларға, тас өриўшилерге төлесин ҳәм Үйди дүзетиўге керекли болған ағашларды ҳәм жонылған тасларды сатып алыўға жумсасын. 7Деген менен, оларға берилген гүмистиң есабы талап етилмесин, өйткени олар ҳадал ислейди.

8Бас руўханий Хилкия хаткер Шафанға:

– Мен Жаратқан Ийениң Үйинен Нызам китабын таптым, – деп, китапты Шафанға берди. Шафан китапты оқыды.
9Соңынан хаткер Шафан патшаға:

– Қулларыңыз Үйден табылған гүмислерди алып, оны Жаратқан Ийениң Үйиндеги ислерди алып барыўшыларға тапсырды, – деген хабар алып келди.
10Соңынан ол:

– Руўханий Хилкия маған бир китап берди, – деди ҳәм китапты патшаға оқып берди.
11Патша Нызам китабындағы сөзлерди еситкенде, кийимлерин жыртты. 12Ол руўханий Хилкияға, Шафан улы Ахиқамға, Михая улы Ахборға, хаткер Шафанға ҳәм өз хызметшиси Асаяға былай деп буйырды:

13– Барып, табылған бул китаптың сөзлери ҳаққында мен ушын, халық ушын ҳәм пүткил Яҳуда ушын Жаратқан Ийениң еркин сораңлар. Ата-бабаларымыздың бул китаптың сөзлерине қулақ аспағаны ҳәм онда бизлер ушын жазылған бул сөзлерге сай жасамағаны себепли, Жаратқан Ийениң бизлерге қарсы лаўлаған ғәзеби уллы.

14Руўханий Хилкия, Ахиқам, Ахбор, Шафан ҳәм Асая барып, Хархастың ақлығы Тиқўаның улы болған мухаддес кийимлерге қараўшы Шаллумның ҳаялы пайғамбар Хулда менен сөйлести. Хулда Ерусалимниң таза бөлиминде жасайтуғын еди.

15Ҳаял оларға былай деди:

– Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе сизлерди маған жиберген адамға былай деп айтыңлар деп атыр:
16«Жаратқан Ийе былай дейди: „Яҳуда патшасының оқыған китабында жазылғанындай, бул жерге де, бул жерде жасайтуғын халықтың басына да апатшылық жаўдыраман. 17Олар мени тәрк етти ҳәм басқа қудайларға түтетки түтетип, пүткил ислери менен Мениң ғәзебимди келтирди. Сонлықтан бул жерге қарсы ғәзебим лаўлады ҳәм ол сөнбейди“». 18Жаратқан Ийениң еркин сораў ушын сизлерди жиберген Яҳуда патшасына былай деп айтыңлар: «Сен еситкен сөзлер туўралы Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: 19„Бул жер ҳәм бул жерде жасайтуғынлардың ўайран етилиўге ҳәм нәлетке ҳүким етилгени ҳаққында Мениң сөзлеримди еситкенде, жүрегиң езилди ҳәм Маған бойсындың. Сен кийимлериңди жыртып, Мениң алдымда жылағанлықтан, Мен де сени еситтим. 20Сонлықтан Мен сени ата-бабаларыңа қосаман, тынышлық пенен қәбирге қойыласаң. Мен бул жерге жаўдыратуғын ҳеш бир апатшылықты сениң көзиң көрмейди“».

Олар бул хабарды патшаға жеткизди.
Copyright information for KaaIBT22C