‏ 2 Kings 23

Иошияның бутпаразлықты жоқ қылыўы

1Патша Иошия адам жиберип, Яҳуда ҳәм Ерусалимниң барлық ақсақалларын өз жанына топлады. 2Соңынан ол пүткил Яҳуда менен пүткил Ерусалим турғынларын, руўханийлерди, пайғамбарларды, кишкенесинен үлкенине дейинги пүткил халықты ертип, Жаратқан Ийениң Үйине барды. Патша Жаратқан Ийениң Үйинен табылған Келисим китабын басынан аяғына дейин оларға даўыслап оқып берди. 3Кейин патша сүтинниң жанындағы арнаўлы орнында турып, Жаратқан Ийениң алдында келисим дүзди. Ол Жаратқан Ийениң жолы менен жүрип, Оның буйрықларын, қарарларын, қағыйдаларын шын жүректен, жан-тәни менен орынлаўға, усы китапта жазылған келисим сөзлерине әмел қылыўға ант ишти. Пүткил халық та келисимге қосылды.

4Соннан соң, патша бас руўханий Хилкияға, екинши дәрежели руўханийлерге ҳәм босағадағы қадағалаўшы руўханийлерге Баалға, Ашераға ҳәм пүткил аспан денелерине арнап исленген ҳәмме нәрселерди Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан алып шығыўды буйырды. Оларды Ерусалимниң сыртындағы Кидрон ойпатлығында өртетип, күлин Бейт-Элге апарғызды. 5Патша Яҳуда қалаларында ҳәм Ерусалим әтирапындағы сыйыныў орынларында түтетки түтетиў ушын Яҳуда патшалары тәрепинен тайынланған бутқа хызмет етиўши руўханийлерди, Баалға, қуяшқа, айға, жулдызларға ҳәм пүткил аспан денелерине арнап түтетки түтеткенлерди жоқ қылды. 6Кийели ағашты Жаратқан Ийениң Үйинен Ерусалимниң сыртына, Кидрон сайына шығарды. Оны сол жерде жағып, күл-талқан етти ҳәм күлин улыўма халықлық қәбирлердиң үстине шашты. 7Бузықшылық ислеўши еркеклердиң Жаратқан Ийениң Үйиндеги үйлерин бузып таслады. Ол жерде ҳаяллар Ашера бутына арнап, кийимлер тоқыйтуғын еди.

8Иошия Яҳуда қалаларындағы ҳәмме руўханийлерди жыйнап, Ерусалимге алып келди. Кейин Гебадан Беер-Шебаға шекемги аралықтағы руўханийлер түтетки түтетип, сыйынатуғын орынларды ҳарамлады. Қала ҳәкими болған Ешуаның дәрўазасына кирер аўыздағы сыйыныў орынларын да жоқ қылды. Бул дәрўаза қала дәрўазасының шеп тәрепинде еди. 9Сыйыныў орынларының руўханийлери Ерусалимдеги Жаратқан Ийениң қурбанлық орнында қурбанлық бере алмаса да, олар өз кәсиплеслери болған руўханийлер менен ашытқысыз нан жейтуғын еди.

10Иошия ҳеш кимниң қудай Молохқа арнап өз улын яки қызын отта жандырмаўы ушын, Бен-Ҳинном ойпатлығындағы Тофетти
Тофет – қудай Молохқа арнап балаларды жандыратуғын орын.
де ҳарамлап, жарамсыз аўҳалға келтирди.
11Ол Жаратқан Ийениң Үйиниң кирер алдына, сарай хызметшиси Натан-Мелехтиң бөлмесиниң қасына Яҳуданың бурынғы патшаларының қуяшқа арнап қойдырған атларының мүсинлерин алып таслап, олардың арбаларын отта жандырды.

12Иошия Ахаздың жоқарыдағы бөлмесиниң тамының басындағы Яҳуданың бурынғы патшалары қурдырған қурбанлық орынларын да, Жаратқан Ийениң Үйиниң еки ҳәўлисиндеги Менашшениң қурдырған қурбанлық орынларын да буздырды. Оларды майдалап езип, Кидрон сайына шашып жиберди. 13Және ол Ерусалимниң шығысына, Зәйтүн таўының қубласына Израил патшасы Сулайманның сидонлылардың жеркенишли буты Аштарта, моаблылардың жеркенишли буты Кемош ҳәм аммонлардың жеркенишли буты Милкомға арнап қурдырған сыйыныў орынларын ҳарамлады. 14Иошия кийели тасларды күл-талқан етип, кийели ағашларды кесип таслады ҳәм олардың орынларын адам сүйегине толтырды.

15Буннан тысқары, Израилды гүнаға баслаған Набат улы Яробам қурдырған Бейт-Элдеги сыйыныў орнын ҳәм қурбанлық орнын жоқ қылды. Ол сыйыныў орнын жағып жиберип, күлин көкке суўырды, кийели ағашты да жағып жиберди. 16Иошия айналасына қарап, таў үстиндеги қәбирлерди көрди. Ол адамларын жиберип, қәбирдеги сүйеклерди алдыртты ҳәм оларды қурбанлық орынның үстинде жағып жиберип, қурбанлық орынды ҳарамлады. Бул Жаратқан Ийениң Қудайдың адамы арқалы алдын ала айтқан сөзлери бойынша болды.

17Иошия:

– Ана жердеги қулпы тас кимдики? – деп сорады.

Қала турғынлары оған:

– Яҳудадан келген Қудайдың адамының қәбири. Ол Бейт-Элдеги қурбанлық орында ҳәзир сиз ислеген ислер туўралы алдын ала жәриялаған еди, – деп жуўап берди.

18Сонда патша:

– Оған тиймеңлер, ҳеш ким оның сүйеклериниң тынышын алмасын, – деди. Солай етип, оның сүйеклерине де, Самариядан келген пайғамбардың сүйеклерине де ҳеш ким тиймеди.

19Израил патшалары Жаратқан Ийениң ғәзебин келтирип, Самария қалаларындағы сыйыныў орынларына бутханалар қурдырған еди. Иошия Бейт-Элде ислегенлерин бул жерде де ислеп, бул бутханаларды да қыйратып таслады. 20Ол сол жердеги сыйыныў орынларының руўханийлерин қурбанлық орын үстинде баўызлап, сол жерде адам сүйеклерин жандырды ҳәм соңынан Ерусалимге қайтып келди.

Иошияның Қутқарылыў байрамын өткериўи

21Патша Иошия пүткил халыққа: «Қудайыңыз Жаратқан Ийеге арнап Қутқарылыў байрамын мына Келисим китабында жазылғаны бойынша байрамлаңлар», – деп буйрық берди. 22Себеби Израилда бийлер басқарған дәўирден баслап, Израил ҳәм Яҳуда патшалары басқарған дәўир бойы Қутқарылыў байрамы усылай байрамланбаған еди. 23Жаратқан Ийеге арналған бул Қутқарылыў байрамы Иошияның патшалығының он сегизинши жылында, Ерусалимде болып өтти.

24Буннан басқа, Иошия руўханий Хилкияның Жаратқан Ийениң Үйинен тапқан китабында жазылған нызам сөзлерин орынлаў ушын, Ерусалимде ҳәм Яҳуда жеринде пайда болған барлық жеркенишли ислерди: әрўақларды ҳәм руўхларды шақырыўшыларды, кийели мүсинлерди ҳәм бутларды жоқ қылды. 25Иошиядан алдын да, оннан кейин де оған уқсап Муўсаның ҳәмме Нызамларына бойсынып, шын жүреги, жан-тәни ҳәм бар күши менен Жаратқан Ийеге жүз бурған патша болмады.

26Бирақ Менашше өз ислери арқалы Жаратқан Ийениң ғәзебин келтиргени ушын, Ол Өзиниң Яҳудаға қарсы лаўлаған ғәзебинен ўаз кешпеди. 27Жаратқан Ийе былай деди: «Израилды дәргайымнан қалай қуўып шығарған болсам, Яҳуданы да солай қуўып шығараман. Таңлап алған қалам Ерусалимнен ҳәм „атым сол жерде болады“деген Үйден жүз бураман».

Иошияның өлими

28Иошияның басқа ислери, ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.

29Иошияның ҳүкимдарлығы ўақтында, Мысыр фараоны Нехо Ассирия патшасына жәрдем бериў ушын, Евфрат дәрьясына қарай жолға шықты. Патша Иошия да Нехоға қарсы жүрис қылды ҳәм олар Мегиддода дусласқанда Нехо Иошияны өлтирди. 30Хызметшилери Иошияның денесин арбаға салып, Мегиддодан Ерусалимге алып келди ҳәм өз қәбирине жерледи. Үлке халқы Иошияның улы Еҳоахазды майлап, әкесиниң орнына патша етип қойды.

Яҳуда патшасы Еҳоахаз

31Еҳоахаз жигирма үш жасында патша болып, Ерусалимде үш ай патшалық етти. Оның анасының аты Хамутал болып, ол либналы Еремияның қызы еди. 32Еҳоахаз ата-бабалары сыяқлы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. 33Еҳоахаздың Ерусалимде патшалық етпеўи ушын, фараон Нехо оны Хамат үлкесинде, Риблада тутқынға алды ҳәм үлке халқына жүз талант гүмис ҳәм бир талант алтын салық салды. 34Фараон Нехо Иошияның улы Элякимди әкесиниң орнына патша етип қойды ҳәм атын өзгертип, Еҳояким деп қойды. Ал Еҳоахазды Мысырға алып келди ҳәм ол сол жерде қайтыс болды. 35Еҳояким фараон талап еткен гүмис ҳәм алтынды берди. Буның ушын ол үлке халқына ҳәр бириниң мал-мүлкине сай салық салып, халықтан гүмис ҳәм алтын өндирип алды.

Яҳуда патшасы Еҳояким

36Еҳояким жигирма бес жасында патша болып, Ерусалимде он бир жыл патшалық етти. Оның анасының аты Зебуда болып, ол румалы Педаяның қызы еди. 37Еҳояким ата-бабалары сыяқлы, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи.
Copyright information for KaaIBT22C