‏ 2 Kings 24

1Яҳуда патшасы Еҳоякимниң патшалығы дәўиринде Бабилония патшасы Набуходоносор Яҳудаға ҳүжим жасады. Еҳояким үш жыл оған бағынышлы болып, соңынан оған қарсы бас көтерди. 2Жаратқан Ийе Өз қуллары болған пайғамбарлар арқалы айтқан сөзлери бойынша, Яҳуданы жоқ етиў ушын Бабилония, Арам, Моаб ҳәм Аммон еллериниң басқыншы топарларын Яҳудаға жиберди. 3Булардың ҳәммеси Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Яҳуданың басына түсти. Менашше ислеген барлық гүналар себепли, Жаратқан Ийе оны Өз дәргайынан қуўып шығармақшы болды. 4Себеби Жаратқан Ийе Менашшениң айыпсыз қан төгип, Ерусалимди айыпсызлардың қанына толтырғанын кешириўди қәлемеди.

5Еҳоякимниң басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. 6Еҳояким өлип, ата-бабаларына қосылды, орнына улы Еҳоякин патша болды.

7Мысыр патшасы енди өз жеринен сыртқа шықпады. Себеби Бабилония патшасы Мысыр шегарасындағы сайдан Евфрат дәрьясына шекемги Мысыр патшасына тийисли барлық жерлерди басып алған еди.

Яҳуда патшасы Еҳоякин

8Еҳоякин он сегиз жасында патша болып, Ерусалимде үш ай патшалық етти. Оның анасы ерусалимли Элнатанның қызы Нехушта еди. 9Еҳоякин де әкеси сыяқлы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи.

10Сол ўақытлары Бабилония патшасы Набуходоносордың әскерлери Ерусалимге қарсы жүрис қылып, қаланы қамал қылды. 11Әскерлери қаланы қамал қылғанда, Бабилония патшасы Набуходоносордың өзи де қалаға келди. 12Сонда Яҳуда патшасы Еҳоякин анасы, ўәзирлери, басшылары ҳәм сарай хызметшилери менен бирге Бабилония патшасына тәслим болды. Бабилония патшасы өз патшалығының сегизинши жылында, Еҳоякинди тутқынға алды. 13Жаратқан Ийениң алдын ала айтқан сөзи бойынша, Набуходоносор Жаратқан Ийениң Үйиндеги ҳәм патша сарайындағы ғәзийнелерди алып кетти. Израил патшасы Сулайманның Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын ислеткен алтын буйымларының ҳәммесин сындырды. 14Ол және пүткил Ерусалим турғынларын: басшылардың, мәрт жаўынгерлердиң, усталардың ҳәм темиршилердиң барлығын, улыўма он мың адамды сүргин етип алып кетти. Үлкеде жарлы халықтан басқа ҳеш ким қалмады.

15Бабилония патшасы Набуходоносор Еҳоякинди Бабилонға сүргин етти. Оның анасын, ҳаялларын, сарай хызметшилерин ҳәм үлкениң елбасшыларын да Ерусалимнен Бабилонға сүргин етти. 16Буннан тысқары Бабилония патшасы жети мың сайланды әскерди, мың уста ҳәм темиршини Бабилонға сүргин етти. Олардың ҳәммеси урысқа жарамлы ҳәм мәрт жаўынгерлер еди. 17Бабилония патшасы Еҳоякинниң орнына Еҳоякинниң әкесиниң иниси Маттанияны патша етип қойды ҳәм атын Седекия деп өзгертти.

Яҳуда патшасы Седекия

18Седекия жигирма бир жасында патша болып, Ерусалимде он бир жыл патшалық етти. Оның анасының аты Хамутал болып, ол либналы Еремияның қызы еди. 19Еҳоякимге уқсап, Седекия да Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. 20Жаратқан Ийе Ерусалим менен Яҳудаға ғәзепленгени ушын, оларды Өз дәргайынан шығарып таслады.

Ерусалимниң қулаўы

Седекия Бабилония патшасына қарсы бас көтерди.
Copyright information for KaaIBT22C