2 Kings 25
1Седекияның патшалығының тоғызыншы жылының оныншы айының оныншы күни Бабилония патшасы Набуходоносор пүткил әскерлери менен Ерусалимниң әтирапына келип, орда қурды ҳәм қаланың айналасына қамал минараларын қурды. 2Солай етип, Седекияның патшалығының он биринши жылына дейин қала қамалда болды. 3Сол жылғы төртинши ▼▼ Төртинши – Еврейше қолжазбаларда бул сөз жоқ. Ерм 52:5-6 дан алынған.
айдың тоғызыншы күни қалада ашлықтың ҳәўиж алғаны соншелли, үлке халқы бир тислем нанға зар болды. 4Сол ўақытта қала дийўалының бир жери бузылды. Бабилония әскерлериниң қаланы қамал қылып турғанына қарамастан, барлық әскерлер түнде патшаның бағының жанындағы еки дийўал арасындағы дәрўаза арқалы шығып, Иордан тегислигине қарай қашып кетти. 5Бирақ калдей әскерлери патшаны қуўып, Ерихо тегислигинде изинен жетип алды. Ҳәмме әскерлер патша Седекияны таслап, қашып кетти. 6Патшаны тутқынға алып, оны Риблаға, Бабилония патшасына апарды ҳәм сол жерде оған ҳүким шығарылды. 7Бабилонлылар Седекияның көз алдында улларын баўызлады, ал өзиниң көзлерин ойып алды. Соңынан кисенлеп, Бабилонға алып кетти. Жаратқан Ийениң Ибадатханасының қулаўы
8Бабилония патшасы Набуходоносордың патшалығының он тоғызыншы жылының бесинши айының жетинши күни Бабилония патшасының хызметшиси, сақшылар баслығы Набузарадан Ерусалимге келди. 9Ол Жаратқан Ийениң Үйине, патша сарайына ҳәм Ерусалимдеги үйлердиң ҳәммесине от берип, пүткил зәўлим жайларды өртеп жиберди. 10Сақшылар баслығы менен бирге келген калдей әскерлери Ерусалимди қоршап турған барлық дийўалларды қулатып таслады. 11Сақшылар баслығы Набузарадан қалада аман қалғанларды, Бабилония патшасы тәрепине өткен қашқынларды ҳәм басқа әпиўайы халықты сүргин етти. 12Жүзимгершилик ҳәм дийханшылық пенен шуғылланыўы ушын, Набузарадан үлкедеги жарлы халықтың бир қаншасын сол жерде қалдырды. 13Калдейлер Жаратқан Ийениң Үйиндеги қола өрелерди, түбелдириклерди, қола ҳәўизди бөлеклеп, қолаларды Бабилонияға алып кетти. 14Соның менен бирге, олар хызмет етиў ўақтында қолланылатуғын шоқ салынатуғын ыдысларды, күл алатуғын белшелерди, пилик кескишлерди, түтетки салатуғын тостағанларды ҳәм барлық қола буйымларды алып кетти. 15Сақшылар баслығы алтын ҳәм гүмистен исленген буйымлардың ҳәммесин, шоқ салынатуғын ыдысларды ҳәм қан себетуғын табақларды алып кетти. 16Жаратқан Ийениң Үйи ушын Сулайман ислеткен еки өре, ҳәўиз ҳәм түбелдириклер ушын кеткен қоланың есабы жоқ еди. 17Ҳәр бир өрениң бийиклиги он сегиз шығанақ болып, үстинде қоладан исленген төбелик бар еди. Ҳәр бир төбеликтиң бийиклиги үш шығанақ болып, айланасы қоладан исленген шынжырлы торлар ҳәм қуйма анарлар менен безелген еди.Яҳуда халқының Бабилонға сүргин етилиўи
18Сақшылар баслығы Набузарадан бас руўханий Сераяны, екинши дәрежели руўханий Сефанияны ҳәм Ибадатхана босағасындағы қадағалаўшы үш руўханийди тутқынға алды. 19Және де, ол қалада қалған әскерлерге әскербасы етип қойылған сәркәрданы, қаладан табылған патшаның бес ўәзирин, үлке халқын әскерликке шақырыў иси менен шуғылланатуғын әскербасының хаткерин ҳәм ел турғынларынан алпыс адамды тутқынға алды. 20Сақшылар баслығы Набузарадан оларды Риблаға, Бабилония патшасына алып барды. 21Бабилония патшасы оларды Хамат жериниң Рибла қаласында өлтиртти. Яҳуда халқы өз жеринен сүргин етилди.Яҳуда ҳәкими Гедалия
22Бабилония патшасы Набуходоносор Шафанның ақлығы Ахиқамның улы Гедалияны Яҳудада қалған халық үстинен ҳәким етип тайынлады. 23Ҳәмме әскербасылар ҳәм олардың адамлары Бабилония патшасының Гедалияны ҳәким етип қойғанын еситкенде, Миспа қаласына, Гедалияның жанына келди. Келгенлер Нетания улы Исмайыл, Қареах улы Юханан, нетофалы Танхумет улы Серая, маахалының улы Язания ҳәм олардың адамлары еди. 24Гедалия оларға ҳәм олардың адамларына ант ишип: – Бабилонлы хызметкерлердиң қол астында болыўдан қорқпаң. Елге орналасып алып, Бабилония патшасына хызмет етиң. Сонда сизлер ушын жақсы болады, – деди. 25Бирақ усы жылдың жетинши айында патша нәсилинен болған Элишаманың ақлығы Нетанияның улы Исмайыл он адамы менен Миспаға барып, Гедалияны өлтирди. Олар Миспада Гедалияның жанында болған Яҳуда халқын да калдейлилер менен бирге қылыштан өткерди. 26Сонда кишкенесинен үлкенине дейин пүткил халық калдейлилерден қорққанынан әскербасылар менен бирге Мысырға қашты.Еҳоякинниң азат етилиўи
27Яҳуда патшасы Еҳоякинниң сүргин етилгенине отыз жети жыл болғанда, Бабилонға Эўил-Меродах патша болды. Ол сол жылдың он екинши айының жигирма жетинши күни Яҳуда патшасы Еҳоякинди қамақханадан шығарды. 28Патша Еҳоякин менен жыллы сөйлести ҳәм оған Бабилонға сүргин етилген басқа патшалардан жоқарырақ болған мәртебе берди. 29Солай етип, Еҳоякин қамақтағы кийимлерин өзгертти ҳәм өмириниң ақырына дейин патша дастурханынан аўқат жеди. 30Оның күнделикли керек-жарағы өмириниң ақырына шекем патша тәрепинен берилди.
Copyright information for
KaaIBT22C