‏ 2 Kings 3

Израил ҳәм Моаб арасындағы урыс

1Яҳуда патшасы Еҳошафаттың патшалығының он сегизинши жылында, Ахаб улы Иорам Самарияда Израилға патша болды ҳәм он еки жыл патшалық етти. 2Иорам Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеўди даўам етсе де, оның ислери өз ата-анасының ислериндей жүдә жаман болмады. Ол әкесиниң Баалға арнап соқтырған кийели тасларын алып таслады. 3Деген менен, ол Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарына ерип, олардан ўаз кешпеди.

4Моаб патшасы Меша шарўашылық пенен шуғылланатуғын еди. Ол Израил патшасына жылына жүз мың қозы ҳәм жүз мың қошқардың жүнин беретуғын еди. 5Бирақ патша Ахабтың өлиминен соң, Моаб патшасы Израил патшасына қарсы бас көтерди. 6Сол ўақытта патша Иорам Самариядан шығып, пүткил израиллыларды бир жерге топлады. 7Ол Яҳуда патшасы Еҳошафатқа: «Моаб патшасы маған қарсы бас көтерди. Моаблыларға қарсы урысыў ушын мениң менен бирге барасыз ба?» – деген хабар жиберди.

Еҳошафат оған: «Аўа, бараман, мени өзиңиздей, халқымды өз халқыңыздай, атларымды өз атларыңыздай көриң», – деди.

8Соңынан ол: «Бизлер қайсы жолдан барайық?» – деп сорады.

Иорам оған: «Эдом шөли арқалы», – деп жуўап берди.

9Солай етип, Израил, Яҳуда ҳәм Эдом патшалары бирге жолға шықты. Олар айланба жоллар арқалы жети күн жүргеннен кейин, суўлары таўысылып, әскерлер де, жанындағы ҳайўанлар да суўсыз қалды. 10Сонда Израил патшасы:

– Ўаҳ, Жаратқан Ийе бизлерди, үш патшаны моаблыларға тәслим етиў ушын бир жерге жыйнаған екен-дә! – деп бақырды.

11Бирақ Еҳошафат:

– Бул жерде Жаратқан Ийениң пайғамбары жоқ па? Ол арқалы Жаратқан Ийениң еркин сорап билер едик, – деди.

Сонда Израил патшасының хызметкерлеринен бири:

– Бул жерде Шафат улы Элиша бар, ол бурын Илиястың қолына суў қуйған шәкирти болған, – деп жуўап берди.

12Еҳошафат:

– Ол Жаратқан Ийениң не айтажағын биледи, – деди. Солай етип, Израил патшасы, Еҳошафат ҳәм Эдом патшасы Элишаға кетти.

13Элиша Израил патшасына:

– Сен неге маған киятырсаң? Әкең менен анаңның пайғамбарларына бар, – деди.

Израил патшасы оған:

– Яқ, себеби бул үш патшаны моаблыларға тәслим етиў ушын бир жерге топлаған – Жаратқан Ийе, – деп жуўап берди.

14Элиша оған:

– Өзим хызметинде болған Әлемниң Жаратқан Ийесиниң тирилиги ҳақы айтаман: егер Яҳуда патшасы Еҳошафатты ҳүрмет етпегенимде, саған қарамаған да, нәзер де салмаған болар едим.
15Енди маған лира шертетуғын бир сазендени алып келиң, – деди.

Сазенде келип, лира шерткенде, Жаратқан Ийениң күши Элишаның үстине түсти.
16Сонда Элиша былай деди:

– Жаратқан Ийе былай дейди: «Бул ойпатлықтың басынан аяғына дейин орлар қазыңлар.
17Сизлер самал да, жаўын да көрмейсизлер. Бирақ мына ойпатлық суўға толып, өзлериңиз де, малларыңыз ҳәм ҳайўанларыңыз да оннан суў ишесизлер». 18Жаратқан Ийе ушын буны ислеў аңсат. Ол моаблыларды да сизлерге тәслим етеди. 19Сонда сизлер олардың барлық қорғанлы қалаларын ҳәм бас қалаларын қыйратып, олардағы ҳәр бир мийўе ағашын кесип таслайсызлар, барлық булақларының көзлерин бекитип, өнимдар атызларының ҳәммесин таслаққа айландырып, жарамсыз қыласызлар.

20Ертеңине азанда қурбанлық берилетуғын ўақытта, бирден Эдом тәрептен суў ағып келип, жерди басып кетти.

21Моаблылар патшалардың өзлери менен урысыў ушын киятырғанын еситкенде, урысқа жарамлы үлкен-кишини топлап, шегараға келип турды. 22Олар азанда ерте турды. Қуяш көтерилип, суў бетине түскенде, бул суўлар арғы жақтағы моаблыларға қанға уқсап қызарып көринди. 23Сонда олар: «Мынаў қан-ғо. Патшалар өз ара урысып, бир-бирин қырып таслаған екен. Қәне, моаблылар, олжаға!» – деп бақырысты. 24Бирақ моаблылар Израил ордасына келгенде, израиллылар моаблыларға ҳүжим жасап, оларды қыра баслады. Сонда моаблылар қаша баслады, ал израиллылар оларды қуўыўын ҳәм қырыўын даўам етти. 25Олар қалаларды қыйратты, өнимдар атызларға ҳәр бири бир тастан ылақтырып, оларды тасқа толтырды. Суў булақларының көзлерин бекитип, мийўе ағашларын кесип таслады. Тек Кир-Харесеттиң тас дийўаллары ғана өз орнында қалды. Бирақ сақпаншылар қоршап алып, оны да қыйратты.

26Моаб патшасы өзиниң жеңилип атырғанын көргенде, жанына жети жүз қылышпазын алып, Эдом патшасының әскерлерин жарып өтпекши болды. Бирақ жарып өте алмады. 27Сонда ол өз тахтының мийрасхоры болған туңғыш улын шалып, дийўал үстинде жандырылатуғын қурбанлық етип берди. Бул израиллыларда күшли ғәзеп оятты ҳәм олар қаланы тәрк етип, өз еллерине қайтып кетти.
Copyright information for KaaIBT22C