‏ 2 Kings 4

Элишаның кәмбағал жесир ҳаялға жәрдем бериўи

1Бир күни пайғамбарлар топарынан бириниң ҳаялы дад салып келип, Элишаға:

– Қулыңыз болған күйеўим өлди. Сиз оның Жаратқан Ийеден қорқып жасағанын билесиз. Енди болса, бизге қарыз берген адам еки улымды қул қылып алып кетиўге келип тур, – деди.

2Элиша оған:

– Саған қандай жәрдем берсем екен? Айтшы, үйиңде не бар? – деди.

Ҳаял:

– Шорыңыздың үйинде кишкене бир гүзе зәйтүн майынан басқа ҳеш нәрсе жоқ, – деди.
3Элиша ҳаялға былай деди:

– Барып, ҳәмме қоңсыларыңнан бос ыдысларын сорап ал. Илажы болғанша көп ыдыс жыйна.
4Кейин улларың менен үйге кир де, қапыны илдирип алып, ыдыслардың ҳәммесине зәйтүн майын қуй. Толған ыдысларды шетке алып қоя бер.

5Ҳаял Элишаның жанынан кетти. Соңынан ол уллары менен бирге үйге кирип, есикти илдирди. Уллары ыдысларды алып берип турды, ал ҳаял майды қуйып турды. 6Ҳәмме ыдыслар толғанда, ол улларының бирине:

– Және бир ыдыс алып бер, – деди.

Улы оған:

– Басқа ыдыс қалмады, – деп жуўап берди. Сонда майдың ағыўы да тоқтады.

7Ҳаял келип, Қудайдың адамына болған ўақыяны айтып берди. Ол ҳаялға: «Барып, майды сат та, қарызыңды төле. Қалғанын улларың менен бирге күн көрисиң ушын пайдалан», – деди.

Элиша ҳәм шунемли ҳаял

8Бир күни Элиша Шунемге келди. Ол жерде жасайтуғын бир абырайлы ҳаял Элишаны үйине мирәт етип, аўқатланыўға көндирди. Соңын ала Элиша Шунемнен ҳәр өткенде, аўқатланыў ушын сол үйге баратуғын болды.

9Арадан бираз ўақыт өткеннен кейин ҳаял күйеўине:

– Бул жерден тез-тез өтип туратуғын сол адамның Қудайдың мухаддес адамы екенин билдим.
10Кел, үйимиздиң үстине кишкене бир бөлме салып, ишине көрпе-төсек, стол, отырғыш ҳәм шыра қояйық. Ол бизлерге келгенде, сол жерде болады, – деди.

11Бир күни Элиша келип, жоқарғы бөлмеге шығып жатты. 12Ол хызметшиси Гехазийге:

– Шунемли ҳаялды шақыр, – деди. Ол ҳаялды шақырды, ҳаял Элишаның алдына келгенде,
13Элиша Гехазийге былай деди:

– Ҳаялға былай деп айт: «Бизлерге көрсетип атырған ғамхорлығыңды саған не менен қайтарайық? Сен ҳаққында патша менен ямаса сәркәрда менен сөйлесейин бе?»

Ҳаял оған:

– Яқ, рахмет. Мен өз халқымның арасында кемшиликсиз жасап атырман, ҳәмме нәрсем бар, – деди.

14Соңынан Элиша Гехазийге:

– Онда, бул ҳаял ушын не ислесем екен? – деди.

Гехазий:

– Оның улы жоқ екен, күйеўи де қартайып қалыпты, – деди.
15Элиша:

– Ҳаялды шақыр, – деди. Гехазий ҳаялды шақырды. Ол келип, қапының аўзында турды.
16Элиша ҳаялға:

– Келеси жылы усы ўақытта баўырыңда бир улың болады, – деди.

Ҳаял оған:

– Яқ мырзам, Қудайдың адамы, шорыңызды алдамаң, – деди.

17Бирақ Элишаның айтқанындай, ҳаял ҳәмиледар болып, келеси жылы сондай ўақытта бир ул туўды. 18Бала өсти. Ол бир күни орақшылардың басында болып атырған әкесиниң жанына барды. 19Сол жерде бала бирден әкесине:

– Ўай, басым аўырып тур, ўай басым! – деп бақыра баслады.

Әкеси хызметшисине:

– Баланы анасына алып бар, – деди.
20Хызметши баланы көтерип, анасына алып келди. Бала түске дейин анасының дизесинде отырып, кейин қайтыс болды. 21Ҳаял жоқарғы бөлмеге шығып, баланы Қудайдың адамының төсегине жатқызды да, есикти жаўып, сыртқа шықты. 22Ол күйеўин шақырып:

– Илтимас, маған бир хызметши менен бир ешек жиберсең. Мен тез Қудайдың адамына барып келемен, – деди.
23Күйеўи оған:

– Не ушын оған бүгин барғың келип қалды? Бүгин Жаңа ай байрамы да, Шаббат күни де емес ғой, – деди.

Бирақ ҳаял:

– Зыяны жоқ, – деди.

24Ҳаял ешекти ертлеп, хызметшисине:

– Ешекти айда, мен айтпағанымша жүристи пәсейтпе, – деди.

25Ҳаял кетип, Кармел таўына, Қудайдың адамының жанына жақынлады. Қудайдың адамы ҳаялды узақтан көргенде, хызметшиси Гехазийге:

– Қара, шунемли ҳаял киятыр!
26Тез алдынан шығып оннан: «Қалайсаң, күйеўиң ҳәм балаң қалай?» – деп сора, – деди.

Ҳаял Гехазийге:

– Ҳәммеси жақсы, – деп жуўап берди.

27Ҳаял таўға шығып, Қудайдың адамының жанына келди де, оның аяқларына жабысты. Гехазий ҳаялды шетке шығармақшы болғанда, Қудайдың адамы оған:

– Оған тийме, оның кеўли қабарған, ал Жаратқан Ийе буны меннен жасырып, айтпады, – деди.

28Ҳаял оған:

– Мырзам, мен сизден ул сорап па едим? «Мени алдамаңыз», – деген жоқ па едим? – деди.

29Сонда Элиша Гехазийге:

– Белиңди буўып, мениң таяғымды қолыңа ал да, жолға шық. Егер биреўди ушыратсаң, сәлем берме, егер биреў саған сәлем берсе, сәлемин алма. Барып, таяғымды баланың бетине қой, – деди.

30Баланың анасы Элишаға:

– Тири Жаратқан Ийе ҳақы ҳәм сизиң тирилигиңиз ҳақы ант ишемен: сизсиз ҳеш жаққа кетпеймен, – деди. Сонлықтан Элиша да ҳаялға ерип жолға шықты.
31Гехазий олардан алдынырақ барып, таяқты баланың бетине қойды. Бирақ сес те, тирилик белгиси де болмағаннан соң, Гехазий олардың алдынан шығып:

– Бала тирилмеди, – деп хабарлады.

32Үйге киргенде, Элиша өзиниң төсегинде өлген баланың жатырғанын көрди. 33Ол бөлмеге кирип, есикти жаўды ҳәм Жаратқан Ийеге дуўа етти. 34Кейин ол төсекке шығып, баланың үстине жатты. Аўзын баланың аўзына, көзлерин көзлерине, алақанларын алақанларына қойып, баланың үстине созылып жатқанда, баланың денеси ысый баслады. 35Ол турып, бөлмениң ишинде ояқтан-буяққа жүрди, соңынан және барып, баланың үстине созылып жатты. Бала жети рет түшкирди де, көзлерин ашты. 36Элиша Гехазийди шақырып оған:

– Шунемли ҳаялды шақыр, – деди. Ол ҳаялды шақырды. Ҳаял келгенде, Элиша оған:

– Улыңды ал, – деди.

37Ҳаял Элишаның аяқларына жығылып, басы жерге тийгенше ийилип тәжим етти. Соңынан улын алып, шығып кетти.

Және еки кәрамат

38Элиша Гилгалға қайтып келди. Ол жерди ашлық жайлаған болып, пайғамбарлар топарындағылар оның алдында отырған еди. Ол хызметшисине:

– Үлкен қазанды отқа қойып, пайғамбарлар топарындағыларға сорпа писирип бер, – деди.

39Сонда олардың бири көк шөп терип келиў ушын атызға кетти ҳәм ийт түйнекти таўып, оның жемисине етегин толтырып келди. Аўқат писирип атырғанлар оның не екенин билмей, майдалап туўрап қазанға салып жиберди. 40Аўқат ҳәммеге қуйып берилди. Бирақ адамлар аўқатты татып көриўден: «Ҳәй, Қудайдың адамы! Мына аўқат зәҳәр-ғо», – деп бақырыса баслады. Ҳеш ким оны ише алмады. 41Сонда Элиша:

– Ун алып келиңлер, – деди. Ол унды қазанға салды да:

– Енди адамларға қуйып бериңлер, ишсин, – деди. Қазанда зыянлы ҳеш нәрсе қалмады.

42Бир күни Баал-Шалишадан бир адам Қудайдың адамына өзиниң арпасының биринши зүрәәтинен жабылған жигирма нан ҳәм таза жыйналған бийдайдың масақларынан дорбасына салып алып келди. Элиша хызметшисине:

– Адамларға үлестирип бер, жесин, – деди.

43Хызметшиси оған:

– Бул жүз адамға не болады? – деди.

Элиша оған:

– Адамларға үлестирип бер, жесин. Себеби Жаратқан Ийе былай дейди: «Жеп тояды, аўысып та қалады», – деди.

44Сонда хызметши оларды адамлардың алдына қойды. Жаратқан Ийениң айтқанындай, олар жеп тойды ҳәм аўысып та қалды.
Copyright information for KaaIBT22C