2 Kings 7
1Элиша буған былай деп жуўап берди: – Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаңлар! Жаратқан Ийе былай дейди: «Ертең усы ўақытта Самария дәрўазасындағы базарда бир сеа ▼▼ Бир сеа – шама менен 7,5 л.
сапалы ун да, еки сеа арпа да бир шекелге сатылады». 2Сонда патша сүйенип жүретуғын әскербасы Қудайдың адамына: – Егер Жаратқан Ийе аспан қақпақларын ашса да, булай бола қоймас, – деди. Элиша оған: – Сен ҳәммесин өз көзиң менен көресең, бирақ оннан жеў саған несип етпейди, – деди. Қамал етиўдиң тоқтаўы
3Қала дәрўазасының сыртында жаман тери кеселлигине шалынған төрт адам бар еди. Олар бир-бирине: «Өлимимизди күтип бул жерде отыра берип не қыламыз? 4Қалаға кирейик десек, ол жерде ашлық болып атыр, ашлықтан өлемиз. Ал бул жерде отыра берсек те, өлемиз. Жақсысы, арамлылардың ордасына барайық. Егер өлтирмесе, тири қалармыз, өлтирсе өлип кетермиз», – деди. 5Олар арамлылардың ордасына барыў ушын таң қараңғысында турып, орданың шетине келсе, ол жерде бирде бир адам жоқ екен. 6Себеби Ийемиз Арам ордасына саўаш арбаларының тақыр-туқырлысын, атлардың киснеўин ҳәм көп әскерлердиң шаўқым-сүренин еситтирген еди. Сонда арамлылар бир-бирине: «Израил патшасы бизлерге ҳүжим жасаў ушын Хет ҳәм Мысыр патшаларын жаллап алған қусайды», – дести. 7Олар таң қараңғысында шатырларын, атларын, ешеклерин яғный пүткил ордасын таслап, бас саўғалап қашып кеткен еди. 8Жаман тери кеселлигине шалынған адамлар орданың шетине келди ҳәм бир шатырға кирип, ишип-жеди. Ол жерден гүмис, алтын ҳәм кийимлер алып, оларды жасырып қайтты. Кейин қайтып келип, басқа шатырға кирди ҳәм ол жерден алғанларын да апарып жасырып қойды. 9Соңынан бир-бирине: «Бизлердиң бул исимиз дурыс емес. Бүгин қуўанышлы хабарлар күни. Егер бизлер айтыўға асықпай, ертең күн шыққанға дейин күтсек, онда жазаға тартыламыз. Жүриң, патша сарайына барып, хабар берейик», – деди. 10Солай етип, олар келип, қала дәрўазасының қараўылларын шақырып, оларға былай деди: – Бизлер арамлылардың ордасына барып едик. Ол жерде бирде бир адам жоқ, адамның даўысы да еситилмейди. Тек байланған атлар менен ешеклер ҳәм қалай болған болса солай қалған шатырлар бар екен. 11Дәрўаза қараўыллары жар салып, хабарды патша сарайына жеткизди. 12Патша түн ортасында төсегинен турып, хызметшилерине: – Арамлылардың қандай жоба дүзип атырғанын сизлерге айтып қояйын: олар бизлердиң ашаршылықты бастан кеширип атырғанымызды биледи. Олар: «Израиллылар қаладан шыққанда, оларды тирилей қолға түсирип, қалаға кирип аламыз», – деп ойлап, атызларға жасырыныў ушын, шатырларын таслап кеткен, – деди. 13Сонда хызметшилеринен бири патшаға: – Қалада қалған бес атты алып, жағдайды билип келиў ушын бир неше адам жиберейик. Ол жерге барғанлар да, қалада қалғанлар да бәри бир өледи, – деди. 14Олар ҳәр бирине жуп аттан жегилген еки саўаш арбасын алды. Патша: «Барып, көриңлер», – деп оларды арам әскерлериниң изинен жиберди. 15Олар арамлылардың изи менен Иордан дәрьясына дейин барды. Пүткил жол бойы арамлылардың асығып қашып баратырып ылақтырып кеткен кийим ҳәм затларына толы еди. Жиберилген адамлар қайтып келип, жағдайды патшаға жеткизди. 16Сонда халық қаладан шығып, Арам ордасын талан-тараж қылды. Жаратқан Ийениң сөзи бойынша, бир сеа сапалы ун да, еки сеа арпа да бир шекелге сатылды. 17Патша өзи сүйенип жүретуғын әскербасыны дәрўаза аўзына қойған еди. Ол дәрўазаның алдында адамлардың аяғының астында қалып, өлди. Патша Қудайдың адамының алдына барғанда, ол патшаға усылай болатуғынын айтқан еди. 18Ҳәммеси Қудайдың адамының патшаға айтқанындай болды. Ол патшаға: «Ертең усы ўақытларда Самария дәрўазасындағы базардың алдында еки сеа арпа да, бир сеа сапалы ун да бир шекелге сатылады», – дегенде, 19усы әскербасы Қудайдың адамына: «Жаратқан Ийе аспан қақпақларын ашса да, бундай бола қоймас», – деп жуўап берген еди. Сонда Элиша оған: «Сен буны өз көзлериң менен көресең, бирақ оннан жеў саған несип етпейди», – деген еди. 20Солай болды да. Ол дәрўазаның алдында адамлардың аяғының астында қалып, өлди.
Copyright information for
KaaIBT22C