2 Kings 8
Шунемли ҳаялдың қайтып келиўи
1Элиша өзи өлимнен тирилткен баланың анасына: – Үй-ишиң менен көшип кетип, жасай алғандай жерде жасап тур. Себеби Жаратқан Ийе елге жети жыллық ашлық жибериўди қарар етти, – деди. 2Ҳаял Қудайдың адамының сөзи бойынша, үй-иши менен бирге көшип кетип, жети жыл филистлердиң жеринде жасады. 3Арадан жети жыл өткеннен соң, ҳаял филистлердиң жеринен қайтып келди ҳәм үйи менен жерлериниң қайтарып берилиўин сораў ушын патшаның алдына келди. 4Сол ўақытта патша Қудайдың адамының хызметшиси Гехазий менен сөйлесип отырған болып, оған: «Маған Элиша ислеген ҳәмме уллы ислер ҳаққында айтып бер», – деген еди. 5Ол Элишаның өлген адамды тирилткени ҳаққында айтып берип атырған ўақытта, Элиша улын тирилткен ҳаял үйи менен жерлериниң қайтып берилиўин сорап патшаға келди. Сонда Гехазий патшаға: – Тақсыр, мен айтқан ҳаял мынаў, ал қасындағы бала сол Элиша тирилткен бала, – деди. 6Патша ҳаялдан сорағанда, ол ҳәммесин айтып берди. Патша ҳаялға бир сарай хызметшисин қосып жиберип: – Оған тийисли ҳәмме нәрсе, елден кеткен күннен баслап, усы күнге шекемги жеринен алынған ҳәмме пайдасы менен бирге қайтарып берилсин, – деди.Элиша ҳәм Арам патшасы Бен-Ҳадад
7Бир күни Элиша Дамаскке келди. Сол ўақытта Арам патшасы Бен-Ҳадад аўырып атырған еди. Патшаға: «Қудайдың адамы усы жерге келди», – деп хабарлады. 8Сонда патша Хазаел деген хызметшисине: – Саўғаға бир нәрселер ал да, Қудайдың адамының алдынан шық ҳәм мениң бул аўырыўдан жазылатуғын яки жазылмайтуғынымды ол арқалы Жаратқан Ийеден сора, – деди. 9Хазаел саўғаға Дамасктеги ең жақсы затлардан қырық түйеге артып, Қудайдың адамын күтип алыўға кетти. Ол Элишаның алдына келип, оған: – Қулыңыз, Арам патшасы Бен-Ҳадад аўырыўынан жазылатуғын яки жазылмайтуғынын сораў ушын мени сизге жиберди, – деди. 10Элиша оған: – Барып оған: «Пүткиллей саўалып кетеди екенсиз», – деп айт. Бирақ Жаратқан Ийе маған оның сөзсиз өлетуғынын аян қылды, – деди. 11Хазаел уяттан қызарып кеткенше, Қудайдың адамы оған тигилип қарап турды, соңынан жылап жиберди. 12Хазаел оннан: – Мырзам, неге жылайсыз? – деп сорады. Элиша оған: – Себеби мен сениң Израил халқына ислейтуғын жаўызлықларыңды билемен. Сен олардың қорғанлы қалаларын өртеп, жигитлерин қылыштан өткизесең, емизиўли нәрестелерди жерге урып өлтиресең, жүкли ҳаяллардың қарынларын жарып таслайсаң, – деп жуўап берди. 13Сонда Хазаел: – Бундай үлкен ислерди ислей алатуғындай, көпектен парқы болмаған бул қулыңыз ким болыпты? – деди. Элиша оған: – Жаратқан Ийе маған сениң Арам патшасы болатуғыныңды көрсетти, – деди. 14Хазаел Элишаның қасынан кетип, өз ҳүкимдарына келди. Бен-Ҳадад оннан: – Элиша саған не деди? – деп сорады. Ол: – Элиша маған сизиң пүткиллей саўалып кететуғыныңызды айтты, – деп жуўап берди. 15Бирақ ертеңине Хазаел бир көрпени суўға малып алып, оны патшаның бетине басып, патшаны туншықтырып өлтирди. Солай етип оның орнына өзи патша болды.Яҳуда патшасы Еҳорам
16Израил патшасы Ахаб улы Иорамның патшалығының бесинши жылында Еҳошафат еле Яҳудаға патша болып турған ўақытта, Еҳошафаттың улы Еҳорам да Яҳудаға патша болды. 17Еҳорам патша болған ўақытта отыз еки жаста еди. Ол Ерусалимде сегиз жыл патшалық етти. 18Оның ҳаялы Ахабтың қызы болғанлықтан, ол да Ахабтың үй-иши сыяқлы Израил патшаларының жолынан жүрип, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. 19Бирақ Жаратқан Ийе қулы Даўыттың ҳүрмети ушын Яҳуданы жоқ қылғысы келмеди. Себеби Ол Даўытқа ҳәм оның урпағына мәңгиге сөнбейтуғын шырақ бериўди ўәде еткен еди. 20Еҳорамның патшалығы дәўиринде эдомлылар Яҳуда ҳүкимдарлығына қарсы бас көтерип, өзлерине патша қойып алды. 21Еҳорам пүткил саўаш арбалары менен бирге Саирге кетти. Ол жерде эдомлылар оны ҳәм оның саўаш арбаларының сәрдарларын қоршап алды. Бирақ Еҳорам түнде турып, қамалды жарып шықты. Оның әскерлери де өз үйлерине қарай қашты. 22Соннан баслап усы күнге дейин эдомлылар Яҳуданың ҳүкимдарлығына бойсынбай келеди. Сол ўақытта Либна қаласы да қозғалаң көтерген еди. 23Еҳорамның басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. 24Еҳорам өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Даўыттың қаласына, ата-бабаларының қасына жерленди. Оның орнына улы Ахазия патша болды.Яҳуда патшасы Ахазия
25Израил патшасы Ахаб улы Иорамның патшалығының он екинши жылында, Еҳорам улы Ахазия Яҳудаға патша болды. 26Ахазия жигирма еки жасында патша болып, Ерусалимде бир жыл патшалық етти. Оның анасы Израил патшасы Омрийдиң ақлығы болып, аты Аталия еди. 27Ахазия Ахабқа қуда-тамыр болғанлығы себепли, Ахабтың урпағының жолынан жүрди ҳәм оларға уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. 28Ахазия Арам патшасы Хазаелге қарсы урысыў ушын, Ахаб улы Иорам менен бирге Гиладтағы Рамотқа кетти. Арамлылар Иорамды жарадар етти. 29Патша Иорам Рамада, Арам патшасы Хазаел менен урысқанда, арамлылардан алған жарақатын емлетиў ушын Изреелге қайтты. Яҳуда патшасы Еҳорам улы Ахазия да жарадар болған Ахаб улы Иорамды көриў ушын Изреелге келди.
Copyright information for
KaaIBT22C