2 Kings 9
Еҳудың Израилға патша болыўы
1Сол күнлери пайғамбар Элиша пайғамбарлар топарындағылардан бирин шақырып, оған былай деди: – Белиңди буўып, мына зәйтүн майы қуйылған ыдысты ал да, Гиладтағы Рамотқа бар. 2Сол жерге барыўдан Нимшийдиң ақлығы Еҳошафаттың улы Еҳуды тап. Оны жолдасларының арасынан шақырып алып, ишки бөлмеге алып бар. 3Кейин зәйтүн майы қуйылған ыдысты алып, майды оның басына қуй ҳәм оған былай деп айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Сени майлап, Израил үстинен патша етип қойдым“». Соңынан иркилмей, қапыны аш та қаш. 4Солай етип, пайғамбардың хызметши жигити Гиладтағы Рамотқа кетти. 5Жигит сол жерге жетип барғанда, әскербасылардың бир жерге жыйналып отырғанын көрди. Ол: – Ҳәй әскербасы, сизге айтар гәпим бар, – деди. Еҳу оннан: – Қайсы биримизге? – деп сорады. Жигит оған: – Сизге, әскербасы, – деди. 6Еҳу орнынан турып, үйге кирди. Жигит зәйтүн майын Еҳудың басына қуйды да былай деди: – Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Сени майлап, халқым Израил үстинен патша етип қойдым. 7Сен мырзаң Ахабтың урпағын қырып таслайсаң. Мениң қулларым болған пайғамбарларымның ҳәм барлық қулларымның төгилген қаны ушын Мен Изабелден өш аламан. 8Ахабтың пүткил урпағы жоқ болады. Израилда Ахабтың урпағынан болған ҳәр бир еркек затын, азат болсын, қул болсын ҳәммесин жоқ қыламан. 9Набат улы Яробам менен Ахия улы Баашаның урпағына не қылған болсам, Ахабтың урпағына да соны ислеймен. 10Изабелдиң денесин Изреел жеринде ийтлерге жем қыламан ҳәм оның денеси көмиўсиз қалады». Жигит усыларды айтып бола сала, қапыны ашып, қашып кетти. 11Еҳу шығып, патшаның әскербасыларының жанына келгенде, олардан бири Еҳудан: – Тынышлық па? Ана телбе саған неге келипти? – деп сорады. Еҳу оған: – Сизлер оның ким екенин де, не айтатуғынын да билесиз-ғо, – деп жуўап берди. 12Олар: – Сен алдап турсаң, бизлерге де айтшы, – деди. Еҳу оларға былай деди: – Ол маған мына нәрселерди айтты: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Сени майлап, Израил үстинен патша етип қойдым“». 13Сонда олар асығыс түрде шапанларын шешип, оларды Еҳу турған текшеге төседи ҳәм кәрнай шалып: «Еҳу патша болды!» – деп жар сала баслады.Еҳудың Иорамды өлтириўи
14Солай етип, Нимшийдиң ақлығы Еҳошафат улы Еҳу Иорамға қарсы тил бириктирди. Сол ўақытлары Иорам Израил халқы менен бирге Гиладтағы Рамотты Арам патшасы Хазаелден қорғап турған еди. 15Бирақ патша Иорам Арам патшасы Хазаел менен болған урыста жарақатланып, емлениў ушын Изреелге қайтқан еди. Еҳу қасындағыларға былай деди: – Егер сизлер мен тәрепте болсаңыз, онда ҳеш бир адамның бул қаладан шығып кетип, Изреелге хабар жеткериўине жол қоймаңлар. 16Соңынан Еҳу саўаш арбасына минип, Иорам жатырған жерге, Изреелге келди. Яҳуда патшасы Ахазия да Иорамды көриў ушын сол жерге келген еди. 17Изреелдеги минара үстинде турған гүзетши Еҳудың әскерлери менен жақынласып киятырғанын көрип: – Әскерлер топарын көрип турман, – деп бақырды. Иорам: – Оларды қарсы алып, не ушын киятырғанын билип келиў ушын бир атлыны жибер, – деди. 18Атлы Еҳуды қарсы алыў ушын кетти ҳәм оған: – Патшамыз: «Тынышлық па?» – деп сорап атыр, – деди. Еҳу оған: – Тынышлық па, жоқ па, саған не? Оннанша мениң изиме ер, – деди. Гүзетши: «Атлы олардың жанына жетип барды, бирақ изине қайтпады», – деп хабарлады. 19Сонда екинши бир атлы жиберилди. Атлы оларға барып: – Патшамыз: «Тынышлық па?» – деп сорап атыр, – деди. Еҳу оған: – Тынышлық па, жоқ па, саған не? Оннанша мениң изиме ер, – деди. 20Гүзетши: «Атлы олардың жанына жетип барды, бирақ изине қайтпады. Киятырған адамның арбасының жүриси Нимший улы Еҳудикине уқсайды. Себеби ол қутырып шаўып киятыр», – деп хабарлады. 21Сонда Иорам: – Арбаны жегиңлер! – деп буйырды. Оның арбасын жекти. Израил патшасы Иорам ҳәм Яҳуда патшасы Ахазия ҳәр бири өз арбасына минип, Еҳуды қарсы алыўға шықты ҳәм олар изреелли Наботтың атызында ушырасты. 22Иорам Еҳуды көргенде, оннан: – Еҳу, тынышлық па? – деп сорады. Еҳу оған: – Анаң Изабел баслаған бутпаразлық ҳәм сыйқыршылықлар даўам етер екен, қалай тынышлық болсын? – деп жуўап берди. 23Сонда Иорам Ахазияға: – Сатқынлық бул, Ахазия, сатқынлық! – деп бақырыўы менен арбасының дизгинин бурып, қаша жөнелди. 24Ал Еҳу оқ жайын бар күши менен керип, Иорамның жаўырынына атты ҳәм оқ оның жүрегин тесип өтти. Иорам арбасының ишине қулады. 25Сонда Еҳу әскербасы Бидқарға: – Оны алып, изреелли Наботтың атызына ылақтырып жибер. Себеби ядыңа түсир, бизлер екеўимиз бирге Иорамның әкеси Ахабтың изинен барғанымызда, Жаратқан Ийе Ахабқа қарсы мына сөзлерди айтқан еди: 26«Кеше Наботтың ҳәм оның улларының қанын көрдим. Сеннен усы атызда өш аламан». Енди Жаратқан Ийениң сөзи бойынша оның денесин алып, атызға ылақтыр, – деди.Яҳуда патшасы Ахазияның өлтирилиўи
27Яҳуда патшасы Ахазия буны көргенде, Бейт-Ҳагганға қарай қашты. Еҳу оны қуўып баратырып: – Оны да өлтириң, – деп бақырды. Ахазияны Иблеам жанындағы Гур жолында, арбасында турған жеринде оқ жай менен атты. Ол Мегиддоға қашып барып, сол жерде жан тапсырды. 28Адамлары оның денесин арба менен Ерусалимге алып келди ҳәм Даўыттың қаласындағы ата-бабаларының қасына, өз қәбирине қойды. 29Ахазия Ахаб улы Иорамның патшалығының он биринши жылында Яҳудаға патша болған еди.Изабелдиң өлтирилиўи
30Кейин Еҳу Изреелге келди. Изабел болған ўақыяларды еситип, көзлерине сүрме жағып, шашларын сулыўлап, терезеден қарап турған еди. 31Еҳу дәрўазадан киргенде, Изабел оған: – Ҳәй, өз ҳүкимдарын өлтирген Зимрий, тынышлық па? ▼ – деди. 32Еҳу терезеге қарап: – Ким мен тәрепте, ким? – деди. Сонда еки-үш сарай хызметшиси Еҳуға бой көрсетти. 33Еҳу оларға: – Оны төменге ылақтырыңлар! – деди. Хызметшилер Изабелди жерге ылақтырды. Оның қаны дийўалға ҳәм атларға шашырап, атлар оның денесин басқылап таслады. 34Еҳу ишке кирип ишип-жеди ҳәм соңынан: – Бул ғарғыс урған ҳаялды таўып, жерлеңлер. Өйткени ол патша туқымынан ғой, – деди. 35Бирақ Изабелди жерлеў ушын кеткенлер оның бас сүйеги ҳәм аяқ-қолларынан басқа ҳеш нәрсесин таппады. 36Олар қайтып келип, буны Еҳуға хабарлады. Сонда Еҳу былай деди: «Жаратқан Ийениң қулы тишбели Илияс арқалы айтқан сөзи орынланды. Жаратқан Ийе: „Изабелдиң денеси Изреел атызларында ийтлерге жем болады. 37Аўа, Изабелдиң денеси Изреел атызларына төгилген төгинге уқсап қалады ҳәм ҳеш ким оны бул Изабел-ғо деп айтпайды“, – деген еди».
Copyright information for
KaaIBT22C