‏ 2 Samuel 1

Даўыттың Шаулдың өлими туўралы еситиўи

1Шаул патша қаза тапқан еди. Сол арада Даўыт амалеклер үстинен жеңиске ерисип, Сиклаг қаласына қайтып келди ҳәм ол жерде еки күн қалды. 2Үшинши күни Шаулдың ордасынан қайғысының белгиси ретинде кийимлерин жыртып, басына топырақ шашқан бир адам келди. Ол Даўытқа жақынласқаннан жерге жығылып, оған тәжим етти. 3Даўыт оннан:

– Қай жерден киятырсаң? – деп сорады.

Сол адам Даўытқа:

– Израил ордасынан қашып қутылдым, – деп жуўап берди.

4Даўыт оған:

– Не болды? Маған айтып бер, – деди.

Сол адам Даўытқа:

– Әскерлер саўаш майданынан қашып кетти. Олардың көпшилиги қырылып қалды. Солардың ишинде Шаул менен оның улы Ионатан да өлди, – деди.

5Сонда Даўыт хабаршы жигиттен:

– Шаулдың ҳәм оның улы Ионатанның өлгенин қаяқтан билесең? – деп сорады.

6Жигит Даўытқа былай деп жуўап берди:

– Тосаттан Гилбоа таўына барып қалдым. Қарасам, ол жерде Шаул найзасына сүйенип турған екен. Ал душпанның саўаш арбалары менен арбакешлери болса, оған жақынласып киятырған екен.
7Сонда Шаул артына бурылып, мени көрип қалды да, қасына шақырды. Мен оған: «Ләббәй», – дедим. 8Ол меннен: «Сен кимсең?» – деп сорады. Мен оған: «Мен бир амалекпен», – деп жуўап бердим. 9Шаул маған: «Берман келип, мени өлтир. Себеби жаным шықпай, қыйналып атырман», – деди. 10Мен жанына барып, оны өлтирдим. Өйткени аўыр жарақатланып қулағаннан кейин, тири қалмайтуғынын билген едим. Мен оның басындағы тажы менен қолына тағылған шынжырын алдым ҳәм оларды усы жерге, мырзам, сизге алып келдим.

11Буны еситкен Даўыт ҳәм оның жанындағылар қайғыдан кийимлерин жыртты. 12Олар қылыштан қаза тапқан Шаул, оның улы Ионатан ҳәм Жаратқан Ийениң халқы болған израиллылар ушын кешке шекем жоқлаў айтып жылап, ораза тутты.

13Даўыт өзине хабар алып келген жигиттен:

– Қай жерлисең? – деп сорады.

Жигит оған:

– Мен бир келгинди амалектиң улыман, – деп жуўап берди.

14Сонда Даўыт оған:

– Жаратқан Ийениң майлаған адамына қол көтерип, оны өлтириўге қорқпадың ба? – деди.
15Соңынан Даўыт адамларынан бирин шақырып:

– Бар, оны өлтир! – деп буйырды. Солай етип, сол адам амалек жигитти өлтирди.

16Даўыт амалек жигитке:

– Өз басыңа өзиң жеттиң. Өйткени: «Жаратқан Ийениң майлаған адамын мен өлтирдим», – деп өзиңе қарсы өз аўзың менен гүўалық бердиң, – деди.

Даўыттың Шаул ҳәм Ионатан ушын айтқан жоқлаўы

17Даўыт Шаул ҳәм оның улы Ионатан ушын жоқлаў айтты. 18Соңынан бул жыр Яҳуда халқына үйретилсин деп буйырды. «Оқ жай» деп аталған усы жыр Әдилдиң китабында жазылған:

19«Ҳәй Израил! Бийик төбешиклерде жоқ болды салтанатың!
Қалай жерге қулады батырларың?!
20Бул хабарды Гатқа еситтирмең,
Ашкелон көшелеринде жайып жүрмең.
Еситип, филист қызлары қуўанбасын,
Сүннетсизлердиң қызлары йошланбасын.
21Ҳәй, Гилбоа таўлары,
Үстиңизге шық түсип, жаўын жаўмасын,
Жерлериң өним де бермесин.
Себеби батырлардың қалқаны,
Енди қайтып майланбайтуғын Шаулдың қалқаны,
Сол жерде қулатылды.
22Өлгенлердиң қанысыз, батырлардың тәнисиз,
Ионатанның оқ жайы кери қайтпас еди,
Шаулдың қылышы ҳеш бос қайтпас еди.
23Шаул менен Ионатан сүйкимли ҳәм жағымлы еди,
Өмирде де, өлимде де бирге болды олар.
Олар бүркитлерден де шаққанырақ,
Арысланлардан да күшлирек еди.
24Ҳәй, Израил қызлары!
Сизлерге безелген қырмызы кийимлер кийгизген,
Кийимиңизди алтын безениў буйымлары менен безеген,
Шаул ушын жылаңлар!
25Ўаҳ, қалай қаза тапты батырлар саўашта!
Бийиклигиңде жатыр өли Ионатан.
26Сениң ушын қайғыраман, туўысқаным Ионатан,
Мен ушын сен жүдә қәдирли едиң,
Сүйиспеншилигиң мен ушын,
Артық еди ҳаял муҳаббатынан.
27Ўаҳ, қалай қаза тапты батырлар!
Қалай жоқ болды урыс қураллары!»
Copyright information for KaaIBT22C