2 Samuel 10
Даўыттың аммонлар менен арамларды жеңиўи
1Арадан бир қанша ўақыт өткеннен соң, Аммон патшасы өлип, оның орнына улы Ханун патша болды. 2Сонда Даўыт: «Әкесиниң маған жақсылық еткени сыяқлы, мен де Нахаш улы Ханунға жақсылық етейин», – деп ойлап, әкесиниң өлимине кеўил айтыў ушын, Ханунға хызметшилерин жиберди. Даўыттың хызметшилери аммонлардың жерине барғанда, 3аммон басшылары өз мырзасы Ханунға: – Даўыт бул адамларды әкеңиздиң ҳүрмети ушын сизге кеўил айтыўға жиберген деп ойлайсыз ба? Яқ, Даўыт оларды қаланы көзден өткерип, билип алыў ҳәм қыйратыў ушын сизге жиберген, – деди. 4Солай етип, Ханун Даўыттың хызметшилерин тутқынға алып, олардың сақалларының ярымын қырқтырды, шапанларын жамбасына келетуғын етип кестирип, оларды изине қайтарып жиберди. 5Даўыт елшилери туўралы еситкенде, оларды күтип алыў ушын адам жиберди. Өйткени елшилер қатты хорланған еди. Патша оларға: «Сақалыңыз өскенше, Ерихода қалыңлар, соңынан қайтып келесизлер», – деди. 6Аммонлар Даўытты өзлерине қарсы өшегистирип алғанын түсинди. Сонда адам жиберип, Бейт-Рехоб пенен Собадан жигирма мың арамлы пияда әскерди, Мааха патшасы менен оның мың адамын ҳәм Тоб аймағынан он еки мың адамды жаллап алды. 7Даўыт буны еситкенде, Иоабты ҳәм мәрт жаўынгерлерден ибарат болған пүткил әскерлер топарын оларға қарсы атландырды. 8Аммонлар шығып, қала дәрўазасы алдында сап тартып турды. Ал Рехоб пенен Собадан келген арамлар, Тоб пенен Маахадан келген адамлар менен бирге далада бөлек сап тартып турды. 9Иоаб душпан әскерлериниң алдында да, артында да турғанын көргенде, Израилдың ағла әскерлеринен базыларын таңлап алып, оларды арамларға қарсы сапқа турғызды. 10Қалған топарларды иниси Абишайдың қолына тапсырды. Абишай оларды аммонларға қарсы сапқа дизди. 11Иоаб инисине былай деди: – Егер арамлар меннен басым келсе, сен маған жәрдемге келесең. Ал аммонлар сеннен басым келсе, мен саған жәрдемге бараман. 12Мәрт бол! Халқымыз ушын ҳәм Қудайымыздың қалалары ушын мәртлерше гүресейик. Жаратқан Ийе нени мақул тапса, соны ислесин. 13Иоаб әскерлери менен бирге арамларға тәп бергенде, арамлар олардың алдына түсип қашты. 14Арамлардың қашқанын көрген аммонлар да Абишайдан қашып, қалаға кирип кетти. Буннан кейин Иоаб аммонлар менен урысыўдан ўаз кешип, Ерусалимге қайтып кетти. 15Өзлериниң израиллылардан жеңилгенин көрген арамлар бир жерге топланды. 16Соба патшасы Ҳададезер хабар жиберип, Евфрат дәрьясының арғы тәрепинде жасайтуғын арамларды шақыртты. Арамлар Ҳададезердиң сәркәрдасы Шобахтың басшылығында Хеламға келди. 17Бул Даўытқа мәлим болғанда, ол пүткил Израил ордасын топлады да, Иордан дәрьясын кесип өтип, Хеламға барды. Арам әскерлери Даўытқа қарсы сап тартып турды ҳәм оның менен саўаш қылды. 18Деген менен, арамлар израиллылардың алдына түсип қашты. Даўыт олардың жети жүз саўаш арбасының арбакешлерин, қырық мың арбалы әскерин өлтирип, Ҳададезердиң сәркәрдасы Шобахты жарақатлады ҳәм ол саўаш майданында жан тапсырды. 19Ҳададезердиң қол астындағы ҳәмме патшалар өзлериниң израиллылардан жеңилгенин көргенде, израиллылар менен тынышлық келисимин дүзип, оларға бағынышлы болды. Буннан кейин, арам халқы аммон халқына жәрдем бериўден қорқып қалды.
Copyright information for
KaaIBT22C