‏ 2 Samuel 11

Даўыт ҳәм Бат-Шеба

1Келеси жылы бәҳәрде, патшалар урысқа шығатуғын ўақытта, Даўыт өз әскербасыларын ҳәм пүткил Израил әскерлерин Иоабтың басшылығында урысқа жиберди. Олар аммонларды қырып таслап, Рабба қаласын қамал қылды. Бирақ Даўыттың өзи Ерусалимде қалған еди.

2Бир күни кешке қарай Даўыт төсегинен турды да, сарайдың үшегине шығып, арман-берман жүре баслады. Ол сол жерден қарап, шомылып атырған бир ҳаялды көрди. Ҳаял жүдә сулыў еди. 3Даўыт ҳаялдың ким екенин билип келиў ушын, адам жиберди.

Сол адам қайтып келип, ҳаялдың Элиамның қызы, хет халқынан болған Урияның ҳаялы Бат-Шеба екенлигин айтты.
4Даўыт ҳаялды алып келиў ушын хызметшилерин жиберди. Ҳаял Даўыттың алдына келди. Даўыт етек киринен енди тазаланған ҳаял менен жатты. Соңынан ҳаял үйине қайтты. 5Ҳаял ҳәмиледар болып қалған еди. Сонлықтан ол Даўытқа: «Мен ҳәмиледарман», – деп хабар жиберди.

6Сонда Даўыт Иоабқа: «Хет халқынан болған Урияны маған жибер», – деген хабар жоллады. Иоаб Урияны Даўыттың алдына жиберди. 7Урия алдына келгенде, Даўыт оннан Иоаб пенен әскерлердиң жағдайы ҳәм урыстың барысы ҳаққында сорады. 8Соңынан Урияға:

– Үйиңе барып, дем ал, – деди.

Урия сарайдан шыққаннан соң, патша оның изинен сый жиберди.
9Деген менен, Урия үйине қайтпай, патшаның барлық хызметшилери менен бирге сарай дәрўазасы алдында уйықлады. 10Даўытқа Урияның үйине қайтпағаны ҳаққында хабар жеткенде, Даўыт Урияны шақыртып:

– Сен узақ ўақыт сыртта болдың-ғо, неге үйиңе қайтпадың? – деп сорады.

11Урия Даўытқа:

– Қудайдың сандығы да, Израил ҳәм Яҳуда әскерлери де ордада қалды. Сәркәрдам Иоаб пенен сизиң адамларыңыз болса, қыр далада түнеп атыр. Солай екен, ишип-жеп, ҳаялым менен жатыў ушын, мен үйиме бара аламан ба? Алдыңызда ант ишип айтаман: мен ҳасла булай ислемеймен, – деп жуўап берди.

12Сонда Даўыт Урияға:

– Бүгин де усы жерде қал, ертең сени қайтарып жиберемен, – деди.

Урия сол күни Ерусалимде қалды. Ертеңине
13Даўыт Урияны шақырып алып, ишкизип-жегизди ҳәм оны мәс қылды. Бирақ кеште Урия және үйине бармай, патшаның хызметшилери менен бирге уйықлаў ушын бурынғы жатқан орнына барды.

14Сонлықтан келеси күни азанда Даўыт Иоабқа бир хат жазып, оны Урияның қолына берип жиберди. 15Ол хатта былай деп жазған еди: «Урияның жарадар болып өлиўи ушын, оны саўаштың ең қызған жерине қойып, бир өзин қалдыр».

16Солай етип, Иоаб қаланы қоршап алғанда, душпанлардың мәрт әскерлериниң қай жерде туратуғынын билгенликтен, Урияны сол жерге қойды. 17Қала халқы шығып, Иоабтың әскерлери менен саўашқа түсти. Саўашта Даўыттың әскерлеринен айырымлары қаза тапты. Қазаланғанлар арасында хет халқынан болған Урия да бар еди.

18Саўаштың барысы ҳаққында хабарлаў ушын, Иоаб Даўытқа адам жиберди. 19Ол хабаршыға былай деп буйырды:

– Сен саўаштың барысы ҳаққында патшаға жеткергениңде,
20патша ғәзепленип, саған: «Олар менен урысыў ушын қалаға неге буншелли жақынластыңыз? Олардың қала дийўалынан оқ ататуғынын билмейтуғын ба едиңиз? 21Еруббешеттиң
Еруббешет – Еруббаал яғный Гидеонның басқа аты. Бий 6:32; 7:1 қараң.
улы Абимелехти қалай өлтиргенин билмейтуғын ба едиңиз? Тебесте бир ҳаял дийўалдан Абимелехтиң үстине дигирман тасын таслап жиберип, оны өлтиргени есиңизде жоқ па еди? Солай екен, неге дийўалға буншелли жақын бардыңлар?» – дегенде, сен оған: «Хет халқынан болған қулыңыз Урия да өлди», – деп айтарсаң.

22Хабаршы жолға шықты. Ол Даўытқа барғанда, Иоабтың өзине айтқанларының ҳәммесин оған жеткизип былай деди:

23– Душпан бизлерден үстин шықты. Олар қаладан шығып, бизлер менен қыр далада урысты. Бирақ бизлер оларды қала дәрўазасына шекем қуўып бардық. 24Сонда мергенлер сизиң адамларыңызға қарай дийўалдан оқ атты. Патшаның адамларының айырымлары қаза тапты, хет халқынан болған қулыңыз Урия да қаза тапты.

25Даўыт хабаршыға:

– Иоабқа былай деп айт: «Болған ўақыяға қапа болма. Саўашта кимниң өлетуғынын билип болмайды. Қалаға қарсы ҳүжимди күшейтип, оны жер менен жексен қылыңлар». Усы сөзлерди айтып, оған жигер бер, – деди.

26Урияның ҳаялы күйеўиниң қаза тапқанын еситип, ол ушын аза тутты. 27Аза тутыў ўақты тамам болғанда, Даўыт ҳаялды сарайға алдырды. Ҳаял Даўытқа турмысқа шығып, оған бир ул туўып берди.

Бирақ Даўыттың бул иси Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман ис болды.
Copyright information for KaaIBT22C