2 Samuel 15
Абшаломның Даўытқа қарсы бас көтериўи
1Буннан соң, Абшалом өзине бир саўаш арбасын, атлар ҳәм алдында жуўырып жүретуғын елиў сақшы таярлады. 2Ол азанда ерте турып, қала дәрўазасына баратуғын жол бойында туратуғын еди. Өз арзын тыңлатып, ҳүким шығартыў ушын патшаға келген ҳәр бир адамды шақырып алып, оннан: «Қайсы қаладансаң?» – деп сорайтуғын еди. Сол адам Израилдың қайсы урыўынан келгенин айтатуғын еди. 3Сонда Абшалом сол адамға: «Қара, сениң даўа исиң туўры ҳәм әдил. Бирақ патшаның жанында сени тыңлаў ушын тайынланған ҳеш ким жоқ», – дейтуғын еди. 4Соңынан: «Қәнекей, енди мени елге қазы қылып қойса, даўа-арзы менен келген ҳәр бир адамның исин әдалатлық пенен шешер едим», – деп қосып қоятуғын еди. 5Егер биреў Абшаломға тәжим етиў ушын жақынласса, ол сол адамға қолын созатуғын ҳәм оны қушақлап, сүйетуғын еди. 6Абшалом патшаға арыз қылып келген израиллылардың ҳәр бирине усылай қатнас жасайтуғын еди. Солай етип, ол израиллылардың кеўлин өзине аўдырып алды. 7Арадан төрт жыл ▼▼ төрт жыл – Әййемги грек ҳәм сурия тилиндеги аўдармалардан. Еврейше қолжазбаларда «қырық жыл».
өткеннен соң, Абшалом патшаға былай деди: – Мениң Хебронға барып, Жаратқан Ийеге берген ўәдемди орынлап келиўиме рухсат берсеңиз. 8Себеби қулыңыз болған мен Арам үлкесиндеги Гешурда жасап атырғанымда: «Егер Жаратқан Ийе мени Ерусалимге қайтарса, онда мен Хебронға барып, Оған сыйынаман», – деп ўәде берген едим. 9Патша оған: – Аман-есен кете бер, – деди. Ол орнынан турып, Хебронға кетти. 10Абшалом Израилдың пүткил урыўларына жасырын түрде хабаршылар жиберип, оларға: «Кәрнай даўысын еситиўден-ақ: „Абшалом Хебронда патша болды“, – деп айтыңлар», – деди. 11Ерусалимнен мирәт етилген еки жүз адам болып өткен ўақыялардан бийхабар ҳалда, жақсы нийет пенен Абшаломға ерип кетти. 12Абшалом қурбанлық шалып атырып, Даўыттың мәсләҳәтшиси гилолы Ахитофелди де Гило қаласынан алдыртты. Усылайынша қозғалаң күшейе берди. Өйткени Абшаломның изине ергенлердиң саны көбейип атырған еди. Даўыттың Ерусалимнен қашыўы
13Бир хабаршы Даўытқа келип: – Израиллылардың кеўли Абшаломға аўып кетти, – деди. 14Сонда Даўыт Ерусалимде өзи менен бирге болған барлық хызметшилерине: – Турыңлар, қашайық! Болмаса, Абшаломнан қашып қутыла алмайсыз. Дәрҳал кетип қалмасақ, Абшалом изимизден тез жетип алып, бәлеге дуўшар етер, қаланы да қылыштан өткерер, – деди. 15Патшаның хызметшилери: – Тақсыр, сиз қандай қарарға келсеңиз, бизлер орынлаўға таярмыз, – деп жуўап берди. 16Солай етип, патша пүткил сарай халқын изине ертип, жолға шықты. Ал сарайға қарап турыўы ушын, он тоқалын сол жерде қалдырды. 17Патша ҳәм оның изине ерген пүткил халық қаланың ең шетиндеги үйдиң жанына келип, тоқтады. 18Сол жерден баслап, барлық хызметшилери, керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшылар ҳәм Гаттан өзине ерип келген гатлы алты жүз әскер патшаның алдынан жүрип өтти. 19Патша гатлы Иттайға былай деди: – Неге сен де бизлер менен киятырсаң? Изиңе қайтып, жаңа патша менен қал. Өйткени сен ўатаныңнан қуўылған бир жат еллисең. 20Сен кеше келгенсең. Бүгин қай жерге барарымды өзим билмей турып, сени де сергиздан қылайын ба? Изге қайт, әскерлериңди де өзиң менен алып қайт. Қудайдың сүйиспеншилиги ҳәм садықлығы саған яр болсын! 21Бирақ Иттай патшаға: – Тақсыр, тири Жаратқан Ийе ҳақы алдыңызда ант ишип айтаман: өлим ушын болса да, өмир ушын болса да, сиз қай жерде болсаңыз, қулыңыз болған мен де сол жерде боламан, – деп жуўап берди. 22Даўыт Иттайға: – Яқшы, онда алдыға өтип, жүре бер, – деди. Солай етип, гатлы Иттай ҳәм оның жанындағы ҳәмме адамлар бала-шағалары менен бирге жолын даўам етти. 23Халық кетип баратырғанда, әтираптағы пүткил ел зар-зар жыласты. Патша Кидрон сайынан өтти. Пүткил халық шөлистанлыққа қарай жол алды. 24Руўханий Садоқ пенен Қудайдың Келисим сандығын көтерген лебийлилер де сол жерде еди. Олар Қудайдың сандығын жерге қойды. Пүткил халық қаладан шығып болғанша, руўханий Абиятар төбешикке көтерилип, оларды күтип турды. 25Соңынан патша Садоққа былай деди: – Қудайдың сандығын қалаға қайтарып алып бар. Егер Жаратқан Ийениң маған мийрими түскен болса, Ол мени изиме қайтарып, сандықты ҳәм сандық туратуғын орынды маған көрсетер. 26Егер Ол маған: «Саған кеўлим толмады», – десе, онда мен таярман. Ол маған мақул көргенин ислесин. 27Патша сөзин даўам етип, руўханий Садоққа былай деди: – Жағдайды көрип турған жоқсаң ба? Улың Ахимаасты ҳәм Абиятардың улы Ионатанды жаныңа ал да, Абиятар менен бирге аман-есен қалаға қайт. 28Сизлерден анық бир хабар алмағанымша, мен Иордан тегислигинде, дәрьяның өткелинде күтип тураман. 29Солай етип, Садоқ пенен Абиятар Қудайдың сандығын Ерусалимге қайтарып апарып, сол жерде қалды. 30Ал Даўыт болса, жылап-еңиреп Зәйтүн таўына көтериле берди. Ол басын орап алып, жалаңаяқ кетип баратыр еди. Оның жанындағы адамлардың ҳәммеси де басларын орап алып, жылап-еңиреп таўға шығып баратыр еди. 31Сол арада биреў Даўытқа: – Ахитофел де Абшаломның тәрепин алған тил бириктириўшилер арасында екен, – деп хабарлады. Сонда Даўыт: «Жаратқан Ийе, Ахитофелдиң кеңесин жоққа шығара гөр!» – деп дуўа етти. 32Даўыт Қудайға сыйынатуғын таўдың төбесине жетип барғанда, Арк тийресинен болған Хушай кийими жыртылған, басына топырақ шашылған ҳалда оны қарсы алды. 33Даўыт оған былай деди: – Мениң менен бирге кетсең, маған жүк боласаң. 34Егер қалаға қайтып барсаң, Абшаломға: «Тақсыр, сизиң қулыңыз болмақшыман. Бурын әкеңизге қандай хызмет еткен болсам, сизге де солай хызмет етемен», – деп айтарсаң. Усылай сен Ахитофелдиң мәсләҳәтин мениң ушын босқа шығарасаң. 35Руўханийлер Садоқ пенен Абиятар сол жерде сениң менен бирге болады. Патшаның сарайында еситкенлериңниң ҳәммесинен оларды хабардар етип тур. 36Садоқтың улы Ахимаас пенен Абиятардың улы Ионатан да сол жерде. Еситкенлериңниң ҳәммесин олар арқалы маған жеткерип турасаң. 37Солай етип, Даўыттың достысы Хушай Ерусалимге кетти. Сол ўақытта Абшалом да Ерусалимге кирип киятырған еди.
Copyright information for
KaaIBT22C