2 Samuel 16
Даўыт ҳәм Сиба
1Даўыт таўдың төбесинен арман қарай бираз түскенде, Мефибошеттиң хызметшиси Сиба қосақланған еки ешекке еки жүз нан, кептирип нығызланған кишмиштен жүз дана, таза пискен мийўеден жүз дана ҳәм бир мес шарап жүклеп, Даўыттың алдынан шықты. 2Патша Сибадан: – Буларды не ушын алып келдиң? – деп сорады. Сиба оған: – Ешеклер патша хожалығындағылардың миниўи ушын, нан менен таза мийўелер хызметшилериңиздиң жеўи ушын, ал шарап шөлде ҳалдан тайғанлардың ишиўи ушын, – деп жуўап берди. 3Патша оннан: – Мырзаң Шаулдың ақлығы қаяқта? – деп сорады. Сиба оған: – Мефибошет Ерусалимде қалды. Себеби ол: «Израил халқы бүгин атамның патшалығын маған қайтарып береди», – деп айтып атыр, – деп жуўап берди. 4Сонда патша оған: – Мефибошеттиң ҳәмме нәрсеси сеники болады, – деди. Сиба патшаға тәжим етип: – Қуллық, тақсыр! Маған бәрқулла кеўлиңиз толғай! – деди.Даўыт ҳәм Шимей
5Даўыт патша Бахуримге жетип барғанда, Шаулдың тийресинен болған Гераның улы Шимей ғарғаныўы менен оның алдынан шықты. 6Пүткил әскерлери ҳәм мәрт жаўынгерлери Даўыт патшаның оң ҳәм шеп жағында турғанына қарамастан, Шимей Даўытқа ҳәм оның хызметшилерине тас ылақтырды. 7Шимей былай деп ғарғанды: – Жоқ бол, кет. Ҳәй, қанхор, оңбаған адам! 8Сен орнына патша болған Шаулдың үй-ишинде төгилген қанлардың қунын Жаратқан Ийе сеннен өндирип атыр. Ол патшалықты улың Абшаломға берди. Сен қанхор болғаның ушын, бул бәлеге жолықтың. 9Серуя улы Абишай патшаға: – Бул өли көпек неге тақсырымды ғарғайды екен? Рухсат бериң, басын үзип таслайын, – деди. 10Бирақ патша оған: – Серуя уллары, буның менен сизлердиң жумысыңыз болмасын! Жаратқан Ийе оған: «Даўытты ғарға», – дегени ушын ғарғап атырған болса, ким оннан: «Неге булай ислеп атырсаң?» – деп сорай алады? – деди. 11Кейин Даўыт Абишайға ҳәм хызметшилерине былай деди: – Өз улым мени өлтирмекши болып турғанда, мына беняминли оннан бетерин ислемей ме? Оны тынышына қойыңлар, ғарғай берсин. Өйткени буны оған Жаратқан Ийе айтқан. 12Бәлким, Жаратқан Ийе мениң хорланып атырғанымды көрип, бүгинги ғарғыслар орнына жақсылық қайтарар. 13Даўыт адамлары менен бирге жолын даўам етти. Ал Шимей Даўыттың қапталында, таўдың жанбаўырында жүрип оны ғарғады, оған тас атып, топырақ шашты. 14Иордан дәрьясындағы өткелге шаршап жеткен патша ҳәм оның жанындағы халық сол жерде дем алды.Хушай менен Ахитофелдиң кеңеслери
15Сол арада Абшалом ҳәм оның израиллы пүткил тәрепдарлары Ерусалимге келди. Ахитофел де Абшалом менен бирге еди. 16Сонда Даўыттың достысы Арк тийресинен болған Хушай Абшаломның жанына барып: – Жасасын патша! Жасасын патша! – деп бақырды. 17Абшалом Хушайдан: – Достыңа садықлығың усы ма? Не ушын достың менен кетпедиң? – деп сорады. 18Хушай оған былай деп жуўап берди: – Яқ, мен Жаратқан Ийениң, мына халықтың ҳәм пүткил израиллылардың таңлаған адамы тәрепинде болып, оның жанында қаламан. 19Енди мен Даўыттың улы Абшаломнан басқа кимге хызмет қыламан? Әкеңизге қалай хызмет еткен болсам, сизге де солай хызмет етемен. 20Сонда Абшалом Ахитофелге қарап: – Не ислейик, бизлерге кеңес бер, – деди. 21Ахитофел Абшаломға: – Сарайға қарап турыўы ушын, әкеңниң таслап кеткен тоқаллары менен жат. Сонда пүткил Израил әкеңиздиң сизди жек көрип қалғанын биледи ҳәм сизди қоллаўшылардың ҳәммеси және де күшке минеди. 22Солай етип, сарайдың үшегине Абшалом ушын бир шатыр қурылды. Ол пүткил израиллылардың көз алдында әкесиниң тоқаллары менен жатып шықты. 23Сол ўақытлары Ахитофел берген кеңеслер Қудай тәрепинен берилген кеңеслер деп саналатуғын еди. Ахитофелдиң ҳәр бир кеңеси Даўыт ушын да, Абшалом ушын да усындай еди.
Copyright information for
KaaIBT22C