‏ 2 Samuel 17

Хушайдың Ахитофелдиң кеңесин бузыўы

1Ахитофел Абшаломға және былай деди:

– Рухсат берсеңиз, он еки мың адамды сайлап алып, бүгин түнде кетип, Даўыттың изине түсейин.
2Ҳәзир Даўыт шаршап, ҳалдан тайған ўақытта, оған ҳүжим етип, көзин қорқытсам, қасындағылар қашып кетеди. Сонда мен Даўыт патшаның бир өзин өлтиремен. 3Соңынан пүткил халықты сизге қайтарып алып келемен. Халықтың сизге қайтыўы сиз өлтирмекши болып атырған адамның өлимине байланыслы. Солай етип, пүткил халық зыян көрмейди.

4Бул кеңес Абшаломға да, пүткил Израил ақсақалларына да унап қалды. 5Бирақ Абшалом:

– Арк тийресинен болған Хушайды да шақырың. Ол не дер екен, еситейик, – деди.
6Хушай келгенде, Абшалом оған Ахитофелдиң қандай кеңес бергени туўралы айтып берди. Соңынан ол Хушайдан:

– Оның кеңеси бойынша ис тутайын ба? Болмаса, сен кеңес бер, – деп сорады.

7Хушай Абшаломға былай жуўап берди:

– Ахитофелдиң бул ретте берген кеңеси жақсы емес.
8Әкеңиздиң ҳәм оның адамларының мәрт жаўынгерлер екенин билесиз. Олар далада балаларынан айырылған айыў сыяқлы ғәзепли. Буның үстине, әкеңиз тәжирийбели жаўынгер, ол түнди әскерлер жанында өткермейди. 9Бул ўақытта ол үңгирлердиң биринде ямаса бир жерде жасырынып жүрген болса керек. Егер ол әскерлеримизге биринши болып ҳүжим жасаса, ол ҳаққында еситкен ҳәр бир адам: «Абшаломға ергенлер қырғынға ушырапты», – деп айтады. 10Сонда жүреклери арысланның жүрегиндей болған мәртлердиң де қорқыныштан руўхлары түседи. Себеби әкеңиздиң батырлығын ҳәм оның қасындағылардың мәртлигин пүткил Израил биледи. 11Сонлықтан сизге айтатуғын кеңесим мынаў: Даннан Беер-Шебаға шекемги, теңиз жағасындағы қум сыяқлы сан-санақсыз болған пүткил израиллыларды әтирапыңызға топлаң. Сиз өзиңиз де саўашқа шығың. 12Сонда бизлер жасырынған жерлериниң биринде Даўытқа ҳүжим қылып, жер бетине түскен шық киби үстине бастырып барамыз. Даўытты да, оның жанындағылардың ҳеш бирин де тири қалдырмаймыз. 13Егер ол бир қаланы паналаса, онда пүткил израиллылар сол қалаға арқанлар алып барады. Қаланы бир тасы қалмағанша, ойпатлыққа қарай тартып қулатып, жоқ қыламыз.

14Абшалом ҳәм пүткил израиллылар: «Хушайдың кеңеси Ахитофелдиң кеңесинен жақсырақ», – деди. Себеби Жаратқан Ийе Абшаломды апатқа ушыратыў ушын, Ахитофелдиң жақсы кеңесин жоққа шығарыўды шешип қойған еди.

15Хушай руўханийлер Садоқ пенен Абиятарға Ахитофелдиң Абшалом менен Израил ақсақалларына берген кеңеси ҳәм өзиниң оларға берген кеңеси туўралы айтып берди. 16Соңынан оларға:

– Сизлер мына хабарды Даўытқа тез жеткизиң: бул түнди Иордан тегислигинде, дәрьяның өткелинде өткизбесин. Тез арғы тәрепке өтсин. Болмаса, патшаның өзи де, жанындағылар да толық қырылып кетеди, – деди.

17Сол ўақытлары қалада көринбеў ушын, Ионатан менен Ахимаас қала сыртындағы Рогел булағы жанында күтип туратуғын еди. Бир шоры қыз барып, оларға болып өткенлерди хабарлап туратуғын, ал олар еситкенлерин Даўыт патшаға жеткизип туратуғын еди. 18Бирақ бир өспирим оларды көрип қалып, Абшаломға хабарлады. Сонда Ионатан менен Ахимаас асығыс ол жерден кетип, Бахуримдеги бир адамның үйине келди. Үйдиң ҳәўлисинде бир қудық бар еди. Ионатан менен Ахимаас сол қудыққа жасырынды. 19Сол адамның ҳаялы бир жапқыш алып, қудықтың аўзын жаўып қойып, ҳеш нәрсе сезилмеўи ушын, оның үстине масақларды жайып таслады. 20Абшаломның хызметшилери үйге, ҳаялдың жанына келип, оннан:

– Ахимаас пенен Ионатан қай жерде? – деп сорады.

Ҳаял оларға:

– Өзектиң арғы тәрепине өтип кетти, – деп жуўап берди.

Абшаломның хызметшилери оларды излеп кетти, бирақ таба алмай, Ерусалимге қайтты.

21Адамлар кеткеннен кейин, Ахимаас пенен Ионатан қудықтан шықты да, болып өткен ўақыяларды хабарлаў ушын, Даўыт патшаға кетти. Олар Даўытқа барып:

– Қәне, ҳәзир-ақ дәрьяны кесип өтиңлер, – деди ҳәм Ахитофелдиң оған қарсы қандай кеңес бергенлигин айтып берди.
22Даўыт сол ўақытта-ақ пүткил адамлары менен бирге Иордан дәрьясын кесип өтти. Таң атқанда, Иордан дәрьясын кесип өтпеген бирде бир адам қалмады.

23Ахитофел өзи берген кеңестиң иске аспағанын көргенде, ешегин ертлеп, оған минди де, өз қаласына, өз үйине қайтып кетти. Ол үй-ишине ўәсиятнама қалдырғаннан соң, асылып өлди. Оның денеси әкесиниң қәбирине қойылды.

24Даўыт Маханайымға барған ўақытта, Абшалом ҳәм оның жанындағы Израил әскерлери Иордан дәрьясын кесип өтип атырған еди. 25Абшалом Иоабтың орнына Амасаны сәркәрда етип тайынлады. Амаса израиллы
израиллы – Әййемги грекше аўдарманың базы қолжазбаларында ҳәм 1Жлн 2:17 «исмайыллы».
Итраның улы болып, анасының аты Абигайыл еди. Абигайыл Серуяның сиңлиси болып, олар Нахаш деген адамның қызлары еди. Серуя болса, Иоабтың анасы еди.
26Абшалом ҳәм Израил әскерлери Гилад жерине орда қурды.

27Даўыт Маханайымға барғанда, аммонлардың Рабба қаласынан болған Нахаш улы Шобий, ло-дебарлы Аммиел улы Махир ҳәм Рогелимнен болған гиладлы Барзиллай 28Даўытқа көрпе-төсеклер, қырмалар ҳәм ылай ыдыслар алып келди. Және де, Даўыт ҳәм оның жанындағылардың жеўи ушын бийдай, арпа, ун, тары, ақ лобия, қызыл лобия, қуўырмаш, 29пал, қатық, қой және де малдың сүтинен алынған иримтик алып келди. Себеби олар: «Халық шөлде аш, ҳалдан тайған ҳәм шөллеген болса керек», – деп ойлаған еди.
Copyright information for KaaIBT22C