2 Samuel 2
Даўыттың Яҳудаға патша болыўы
1Буннан кейин, Даўыт Жаратқан Ийеден: – Яҳуда қалаларының бирине барайын ба? – деп сорады. Жаратқан Ийе оған: – Бар, – деп жуўап берди. Даўыт Оннан: – Қай жерге барайын? – деп сорады. Жаратқан Ийе Даўытқа: – Хебронға бар, – деп жуўап берди. 2Солай етип, Даўыт өзиниң еки ҳаялы: изреелли Ахиноам ҳәм кармелли Набалдың жесири Абигайыл менен бирге сол жерге кетти. 3Даўыт өзиниң жанындағы адамларын да хожалықлары менен бирге алып кетти. Олар Хебронның өзине ҳәм әтирапындағы қалаларға орналасты. 4Сонда яҳудалылар Хебронға келип, Даўытты майлап, Яҳудаға патша етип қойды. Соңынан олар Даўытқа: – Ябеш-Гилад турғынлары Шаулдың денесин жерледи, – деди. 5Даўыт Ябеш-Гилад турғынларына хабаршылар жиберип, оларға былай деди: «Мырзаңыз Шаулды жерлеп, оған көрсеткен садықлығыңыз ушын Жаратқан Ийе сизлерди жарылқасын! 6Енди сизлерге Жаратқан Ийе мийрим-шәпәәтин ҳәм садықлығын көрсетсин. Бул исиңиз ушын, мен де сизлерге жақсылық қыламан. 7Сонлықтан күшли ҳәм мәрт болыңлар! Мырзаңыз Шаул қайтыс болды. Ал Яҳуда халқы болса, мени майлап, өзлерине патша етип қойды».Израил менен Яҳуда арасындағы саўаш
8Шаулдың сәркәрдасы Нер улы Абнер Шаулдың улы Иш-Бошетти ▼ Маханайымға алып барды. 9Ол жерде Абнер Иш-Бошетти Гиладтың, Ашердиң, Изреелдиң, Эфрайымның, Беняминниң ҳәм пүткил Израилдың үстинен патша етип тайынлады. 10Шаулдың улы Иш-Бошет қырық жасында патша болып, Израилда еки жыл патшалық етти. Бирақ Яҳуда халқы Даўыт пенен бирге қалды. 11Даўыт Хебронда Яҳуда халқына жети жыл алты ай патшалық етти. 12Бир күни Нер улы Абнер Шаулдың улы Иш-Бошеттиң адамлары менен бирге Маханайымнан Гибонға кетти. 13Ал Серуя улы Иоаб болса, Даўыттың адамлары менен барып, Гибон ҳәўизиниң жанында оларды қарсы алды. Усы еки топардың бири ҳәўиздиң бир тәрепинде, екиншиси екинши тәрепинде отырды. 14Сонда Абнер Иоабқа: – Жигитлер орынларынан турып, көз алдымызда алыссын, – деп усыныс қылды. Иоаб оған: – Мейли, алыса ғойсын, – деп келисим берди. 15Солай етип, Бенямин урыўынан Шаулдың улы Иш-Бошет тәрептен он еки адам ҳәм Даўыт тәрептен он еки адам алдыға шықты. 16Олардың ҳәр бири қарсыласының басынан услап алды да, бир-бириниң бүйирине қылыш шаншып, биргеликте жан тапсырды. Сонлықтан Гибондағы сол жерге Хелқат-Ҳассурим ▼▼ Хелқат-Ҳассурим – «қылышлар майданы» дегенди билдириўи мүмкин.
деген ат берилди. 17Сол күни саўаш жүдә қатал түс алып, Даўыттың адамлары Абнер менен израиллыларды жеңилиске ушыратты. 18Серуяның үш улы: Иоаб, Абишай ҳәм Асаҳел де сол жерде еди. Асаҳел жейран сыяқлы шапқыр еди. 19Ол изинен қалмай, Абнерди қуўалап кетти. 20Сонда Абнер артына бурылып: – Асаҳел, бул сенбисең? – деп сорады. Асаҳел оған: – Аўа, бул мен, – деп жуўап берди. 21Абнер оған: – Изимнен қуўыўды тоқтатып, жигитлердиң бирине ҳүжим қыл да, қурал-жарағын ал, – деди. Бирақ Асаҳелдиң Абнерди қуўыўды тоқтатқысы келмеди. 22Сонда Абнер Асаҳелге және ескертип: – Мени қуўыўды тоқтат! Сени өлтириўимниң неге кереги бар? Соңынан туўысқаның Иоабтың жүзине қалай қарайман? – деди. 23Бирақ Асаҳел қуўыўды тоқтатпағанлықтан, Абнер найзасының артқы ушын Асаҳелдиң қарнына тығып жиберди. Найза Асаҳелдиң арқасын тесип шықты. Ол жерге жығыла сала, жан берди. Асаҳел жығылып өлген жерден өтип баратырғанлардың ҳәммеси сол жерде тоқтап қалды. 24Ал Иоаб пенен Абишай Абнерди қуўыўды даўам етип, күн батқанда, Гибон шөлине кететуғын жолдағы Гиахтың қарсы алдындағы Амма төбешигине келди. 25Бенямин урыўының адамлары Абнердиң изине ерип жыйналып, бир топарға бирлести ҳәм бир төбешиктиң басына шығып, сап тартып турды. 26Абнер даўыслап бақырып, Иоабқа: – Қылышымыз мәңгиге инсанларды қырыўы керек пе? Ямаса сен буның ақыбетиниң қайғылы болатуғынын билмейсең бе? Әскерлериңе туўысқанларын қуўыўды тоқтатыўды қашан буйырасаң? – деди. 27Иоаб Абнерге: – Тири Қудай ҳақы ант ишемен: егер өзиң айтпағаныңда, әскерлер ертең азанға шекем туўысқанларын қуўыўды тоқтатпаған болар еди, – деп жуўап берди. 28Соңынан Иоаб кәрнай шертти ҳәм пүткил халық тоқтады. Кейин олар израиллыларды қуўмады да, олар менен урыспады да. 29Абнер ҳәм оның адамлары түн бойы Иордан тегислиги бойлап жүрди. Олар Иордан дәрьясын кесип өтип, Битрон жолы арқалы Маханайымға қайтып барды. 30Иоаб та Абнерди қуўыўды тоқтатып, қайтып келгеннен соң, ҳәмме адамларын жыйнады. Асаҳелден басқа, Даўыттың адамларынан және он тоғыз адам қазаланған болып шықты. 31Бирақ Даўыттың адамлары Абнер тәрептеги Бенямин урыўының адамларынан үш жүз алпыс адамды өлтирген еди. 32Иоаб ҳәм оның адамлары Асаҳелдиң денесин алып келип, Бейтлеҳемдеги әкесиниң қәбирине жерледи. Соңынан олар түн бойы жол жүрип, таң ата Хебронға жетип келди.
Copyright information for
KaaIBT22C