‏ 2 Samuel 20

Шебаның қозғалаңы

1Сол арада Бенямин урыўынан Бихрийдиң улы Шеба деген жарамас бир адам сол жерде пайда болды. Шеба кәрнай шертип: «Даўыт пенен байланысымыз жоқ,
Ишай улы Даўытта қарызымыз жоқ.
Ҳәй, израиллылар, ҳәр бириңиз өз үйиңизге қайтыңлар!» – деди.

2Сонда пүткил израиллылар Даўытты таслап, Бихрий улы Шебаның изине ерип кетип қалды. Ал яҳудалылар өз патшасы тәрепинде қалып, Иордан дәрьясынан Ерусалимге шекем оған жолдас болды.

3Даўыт патша Ерусалимдеги сарайына қайтып барғанда, сарайға қарап турыўы ушын таслап кеткен тоқалларын бақлаў астында сақлап, оларды тәмийинлеп турды. Бирақ олар менен жатпады. Олар өмириниң ақырына шекем үй қамағында сақланып, жесир ҳаяллар сыяқлы жасады.

4Даўыт Амасаға:

– Үш күн ишинде яҳудалыларды алдыма шақырып кел. Өзиң де усы жерде бол, – деди.
5Амаса яҳудалыларды шақырып келиў ушын кетти. Бирақ ол белгиленген ўақытта қайтып келмеди. 6Сонда Даўыт Абишайға:

– Енди Бихрий улы Шеба бизлерге Абшаломнан да үлкенирек жаманлық ислейди. Ол өзине қорғанлы қалаларды таўып алып, көзимизден ғайып болмаўы ушын, сен мениң әскерлеримди ал да, оның изинен қуў, – деди.
7Солай етип, Иоабтың адамлары, керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшылар ҳәм пүткил мәрт жаўынгерлер Бихрий улы Шебаны қуўыў ушын, Абишайдың басшылығында Ерусалимнен шықты. 8Олар Гибондағы үлкен жартастың жанына жетип барғанда, Амаса олардың алдынан шықты. Иоаб саўаш кийимин кийип алған еди. Ол кийиминиң сыртынан бир қайыс тағып, қайысқа қынында турған бир қанжар байлаған еди. Иоаб алдыға жүрип баратырып, қанжарды қынынан шығарды.

9Иоаб Амасаға:

– Қалайсаң, туўысқаным? – деди де, оны сүйиў ушын, оң қолы менен Амасаның сақалынан услады.
10Амаса Иоабтың қолындағы қанжарды аңламады. Иоаб қанжарды Амасаның қарнына суғып жибергенде, оның ишек-қарны жерге төгилди. Екинши рет урыўға ҳәжет қалмады, ол өлген еди.

Буннан соң, Иоаб ҳәм оның иниси Абишай Бихрий улы Шебаны қуўыўды даўам етти.
11Иоабтың адамларының бири Амасаның өлигиниң жанында турып, Амасаның адамларына:

– Иоабқа садық болып, Даўыт тәрепте болған ҳәр бир адам Иоабқа ерсин, – деди.
12Амасаның өли денеси қанға былғанып, жолдың ортасында жатырған еди. Иоабтың адамы өлиге жақынласқан ҳәр бир адамның сол жерде тоқтап қалып атырғанын көргенде, Амасаның өлигин сүйреп, атызға ылақтырып жиберди де, үстине бир кийимди таслады. 13Өлик жолдан алып тасланғаннан соң, ҳәмме Бихрий улы Шебаны қуўыў ушын, Иоабтың изинен кетти.

14Сол арада Шеба пүткил Израил урыўларының жерлеринен өтип, Абел-Бейт-Маахаға келди. Сол аймақлардың халқы да оған қосылды. Ҳәммеси топланып, Шебаға ерди. 15Иоаб барлық адамлары менен барып, Абел-Бейт-Мааха қаласында болған Шебаны қоршап алды. Олар қаланың алдына топырақ үйди ҳәм оның үстине минип, дийўалды қулата баслады.

16Сол ўақытта ақыллы бир ҳаял қала ишинен бақырып:

– Тыңлаңлар! Тыңлаңлар! Иоабқа айтыңлар, берман келсин, мен оның менен сөйлесежақпан, – деди.
17Иоаб ҳаялға жақынласты. Сонда ҳаял оннан:

– Иоаб деген сизбисиз? – деп сорады.

– Аўа, мен, – деп жуўап берди Иоаб.

Ҳаял Иоабқа:

– Онда шорыңыздың гәпин еситиң, – деди.

Иоаб оған:

– Қулағым сенде, – деди.

18Ҳаял сөзин былай деп даўам етти:

– Бурынғылар: «Абел қаласына барып, мәсләҳәт алыңлар», – дейтуғын ҳәм мәселе солай шешилетуғын еди.
19Бизлер Израилдың тынышлығын қәлейтуғын садық адамлармыз. Сиз болсаңыз, Израилдағы анадай қәдирли қалалардың бирин ўайран қылмақшысыз. Жаратқан Ийениң ийелигин не ушын жоқ қылмақшысыз?

20Иоаб ҳаялға жуўап берип былай деди:

– Ҳасла, олай емес! Мен ўайран қылмақшы да, жоқ қылмақшы да емеспен.
21Ҳеш қандай олай емес. Эфрайым таўлы үлкесинен болған Бихрий улы Шеба деген адам Даўыт патшаға қарсы бас көтерди. Егер оның жалғыз өзин тутып берсеңиз, мен қаладан артқа шегинемен.

Сонда ҳаял Иоабқа:

– Оның басын сизге дийўалдан таслаймыз, – деди.

22Соңынан ҳаял өзиниң дана сөзлерин пүткил халыққа жеткизиў ушын кетти. Халық Бихрий улы Шебаның басын кесип, Иоабқа ылақтырды. Сонда Иоаб кәрнай шертти ҳәм оның адамлары қаланы таслап, үйлерине кетти. Иоаб та Ерусалимге, патшаның жанына қайтып келди.

Даўыттың ҳәмелдарлары

23Иоаб пүткил Израил әскерлериниң сәркәрдасы еди. Еҳояда улы Беная керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшылардың әскербасысы еди. 24Адонирам мәрдикарға алынғанлар үстинен жуўапкер, Ахилуд улы Еҳошафат дийўанбеги еди. 25Шеўа хаткер, Садоқ ҳәм Абиятар руўханийлер еди. 26Және де, яирли Ира Даўыттың руўханийи еди.
Copyright information for KaaIBT22C