‏ 2 Samuel 21

Даўыттың гибонлылар ушын өш алыўы

1Даўыт патшалық еткен дәўирде үш жыл қатара ашаршылық болды. Сонда Даўыт Жаратқан Ийеден кеңес сорады ҳәм Жаратқан Ийе оған:

– Буған Шаул ҳәм оның қанхор үй-иши себепши болды. Өйткени Шаул гибонлыларды өлтирди, – деп жуўап берди.
2Патша гибонлыларды шақыртып алып, олар менен сөйлести. Гибонлылар Израил халқынан емес, ал амор халқынан қалған халық болып, израиллылар оларды тири қалдырыўға ант ишкен еди. Деген менен, Израил ҳәм Яҳуда халқы ушын жан күйдирген Шаул оларды жоқ қылыўға ҳәрекет етти. 3Даўыт гибонлылардан:

– Сизлер ушын не ислейин? Жаратқан Ийениң халқына пәтияңызды бериўиңиз ушын, бул гүнаны не менен жуўайын? – деп сорады.

4Гибонлылар Даўытқа:

– Бизлерге Шаулдан ҳәм оның үй-ишинен гүмис те, алтын да керек емес. Израилда ҳеш кимди де өлтириўди қәлемеймиз, – деди.

Даўыт және:

– Сизлер нени қәлесеңиз, мен соны орынлайман, – деди.

5Сонда гибонлылар патшаға былай деп жуўап берди:

– Израилдың ҳеш бир жеринде жасамаўымыз ушын, Шаул бизлерди қырып тасламақшы болды.
6Сонлықтан Шаулдың урпақларынан жетеўин бизлерге бер. Бизлер оларды Жаратқан Ийениң таңлағаны болған Шаулдың қаласы Гибада, Жаратқан Ийениң алдында дарға асамыз.

Патша:

– Мен оларды сизлерге беремен, – деди.

7Даўыт патша Шаулдың улы Ионатан менен Жаратқан Ийениң алдында ант ишискени себепли, Ионатанның улы Мефибошетке реҳим қылды. 8Ал Айя қызы Риспаның Шаулдан туўған Армоний ҳәм Мефибошет деген еки улын, Шаулдың қызы Мерабтың мехолалы Барзиллай улы Адриелден туўған бес улын алдырып, 9оларды гибонлылардың қолына тапсырды. Гибонлылар оларды таўда, Жаратқан Ийениң алдында дарға асты. Олардың жетеўи де бир ўақытта жан берди. Олар бәҳәрдеги жыйын-теримниң дәслепки күнлеринде, арпа орағының басланған ўақтында өлтирилди.

10Айя қызы Риспа аза кийимин алып, сол таўдағы бир жартастың үстине жайды ҳәм жыйын-теримниң дәслепки күнлеринен баслап, денелердиң үстине гүзги жаўын жаўғанға шекем сол жерде отырды. Ол денелерди күндиз аспандағы қуслардан, түнде жабайы ҳайўанлардан қорыды.

11Даўытқа Шаулдың тоқалы Айя қызы Риспаның ислеген ислери ҳаққында билдирилди. 12Сонда Даўыт барып, Шаулдың ҳәм оның улы Ионатанның сүйеклерин Ябеш-Гилад халқынан алды. Филистлер Гилбоада Шаулды өлтирген күни оның ҳәм оның улының денелерин Бейт-Шан қаласының майданына асып қойған еди. Ал Ябеш-Гилад халқы денелерди жасырын түрде ол жерден алып қайтқан еди. 13Даўыт Шаулдың ҳәм оның улы Ионатанның сүйеклерин ол жерден алып келди. Дарға асылған жети адамның сүйеклери де жыйналды. 14Олардың ҳәм Шаул менен оның улы Ионатанның сүйеклери Бенямин жериндеги Селаға, Шаулдың әкеси Киштиң қәбирине қойылды. Солай етип, патшаның барлық буйрықлары орынланды. Буннан кейин, Қудай ел ушын соралған дуўаларға жуўап берди.

Филистлерге қарсы урыс

15Филистлер менен израиллылар арасында жаңадан урыс басланды. Даўыт адамлары менен барып, филистлерге қарсы урысты ҳәм ол қатты шаршады. 16Ушының өзи үш жүз шекел қоладан исленген найза көтерип, таза қылыш асынған дәў әўладларынан
Дәў әўладларынан – ямаса «Рефа әўладларынан».
болған Ишбий-Беноб Даўытты өлтирмекши болды.
17Бирақ Серуя улы Абишай Даўытқа жәрдемге келип, сол филистти өлтирди. Буннан кейин, Даўыттың адамлары ант ишип, Даўытқа: «Израилдың шырағы өшип қалмаўы ушын, енди сизиң бизлер менен урысқа барыўыңызға жол қоймаймыз», – деди.

18Соңынан Гоб қаласында филистлер менен және урыс басланды. Бул урыста хушалы Сиббехай дәў әўладларынан болған Саф деген адамды өлтирди.

19Гобта израиллылар менен филистлер арасында тағы бир урыс болды. Урыста бейтлеҳемли Яаре-Орегимниң улы Элханан гатлы Голиятты өлтирди. Голияттың найзасының сабы тоқыў үскенесиниң қадасындай еди.

20Кейинирек Гат қаласында және саўаш болды. Ол жерде дәўдей бир адам бар еди. Оның қоллары ҳәм аяқлары алты бармақлы болып, ҳәммеси болып жигирма төрт бармағы бар еди. Ол да дәў әўладларынан еди. 21Усы адам израиллыларды масқаралағанда, Даўыттың әжағасы Шимеаның улы Ионатан оны өлтирди.

22Даўыт ҳәм оның адамлары тәрепинен өлтирилген усы төрт адам да Гаттағы дәў әўладларынан еди.
Copyright information for KaaIBT22C