‏ 2 Samuel 22

Даўыттың жеңис жыры

1Жаратқан Ийе Даўытты пүткил душпанларынан ҳәм Шаулдың қолынан қутқарған күни Даўыт Жаратқан Ийеге арнап, мына жырды айтты:

2«Жаратқан Ийе – жартасым, қорғаным ҳәм қутқарыўшым,
3Қудайым мениң қорғаўшы жартасым, Оннан пана табаман,
Ол қалқаным, қүдиретли қутқарыўшым,
Ол қорғаным ҳәм панам,
Қутқарыўшым, зулымлықтан мени Сен қутқарасаң.
4Мақтаўға ылайықлы Жаратқан Ийени шақыраман,
Қутқарыламан душпанларымнан.
5Әжел толқынлары қоршап алып,
Набыт қылыў ағыслары қорқытты мени.
6Өлилер мәканының арқанлары байлады мени,
Өлим дузақлары шықты қарсыма.
7Азап ишинде Жаратқан Ийеге жалбарындым,
Қудайымды шақырдым.
Ибадатханасынан Ол даўысымды еситти,
Қышқырғаным қулағына жетип барды.
8Сол ўақытта жер жүзи титиреп, шайқалды,
Аспанның тийкары ләрзеге келди,
Себеби Жаратқан Ийе ғәзепке минген еди.
9Мурнынан түтин көтерилди,
Аўзынан жалмап жутатуғын жалын шығып,
Оннан көмир шоғы жаўды.
10Көклерди жарып, төменге түсти,
Қара булт Оның аяғының астында.
11Бир керубқа минип,
Самалдың қанатлары үстинде ушып келди.
12Түнекке оранып,
Қара бултларды Өзине шертек қылды.
13Оның алдындағы нурдан,
Көмир шоғы шашырап турды.
14Гүркиреди аспаннан Жаратқан Ийе,
Даўыс берди Қудай Таала.
15Оқлар атып, душпанларды пытыратты,
Шақмақ шақтырып, оларды албыратты.
16Жаратқан Ийениң кейисинен,
Мурнынан шыққан күшли деминен,
Теңиздиң түби көринди,
Дүньяның тийкары ашылып қалды.
17Алды мени Жаратқан Ийе қолын созып жоқарыдан,
Ҳәм шығарды терең суўлардан.
18Қутқарды мени күшли душпанымнан,
Меннен күшлирек болған,
Мени жек көретуғынлардан.
19Қарсы турды олар маған басыма ис түскенде,
Бирақ тирек болды маған Жаратқан Ийе.
20Ол кең жерге шығарды мени,
Кеўли толып, қутқарды мени.
21Жаратқан Ийе ҳақлығым ушын сый берип,
Пәк қолларым ушын есесин қайтарды.
22Өйткени жүрдим Жаратқан Ийениң жолы менен,
Жаманлық ислемедим, Қудайымнан узақласып.
23Көз алдымда сақладым барлық қарарларын,
Оның қағыйдаларынан жүз бурмадым.
24Минсиз болдым Оның алдында,
Өзимди сақладым гүна ислеўден.
25Есесин қайтарды Жаратқан Ийе,
Ҳақлығым ҳәм көз алдындағы пәклигим ушын.
26Сен садыққа садықлық көрсетип,
Минсизге минсиз боласаң.
27Пәк адамға пәклигиңди көрсетип,
Жалатайға жалатайшылығына гөре ис тутасаң.
28Езилгенлерди қутқарасаң,
Менменлерди бақлап, көкирегин басасаң.
29Қараңғылығымды жақтыға айландыратуғын,
Шырағым Өзиңсең, Жаратқан Ийе!
30Сениң менен ләшкерлерди қыйратып,
Қудайым менен дийўаллардан асарман.
31Қудайдың жолы минсиз,
Жаратқан Ийениң сөзи исенимли,
Ол қалқаны Өзинен пана излеген ҳәр бир адамның.
32Жаратқан Ийеден басқа Қудай бар ма?
Қудайымыздан басқа қорғаўшы жартас бар ма?
33Қудай мениң қорғаным,
Жолымды минсиз қылатуғын да Ол.
34Кийиктиң аяқларындай қылар аяқларымды,
Қояр мени бийикликлерге.
35Үйретеди қолларымды урысыўға,
Ҳәм қола оқ жайды керип тартыўға.
36Бересең маған қутқарылыў қалқаныңды,
Мәртебели қылар жәрдемиң мени.
37Кең қыларсаң басар жолымды,
Аяқларым мениң сүрникпес.
38Душпанларымның изинен қуўып жоқ қылдым,
Оларды жоқ қылмай турып изге қайтпадым.
39Қырып, жоқ еттим, тура алмай қалды,
Аяқларым астында созылып жатты.
40Саўаш ушын мени толтырдың күшке,
Маған қарсы шыққанларды бас ийдирдиң алдымда.
41Душпанларымды меннен қашатуғын қылдың,
Мен де өзимди жек көргенлерди жоқ еттим.
42Жалбарынды олар, бирақ қутқарған болмады,
Жаратқан Ийени шақырды, бирақ Ол жуўап бермеди.
43Басқыладым оларды даладағы ылай яңлы,
Басқыладым оларды жердеги ылай яңлы.
44Қутқардың халқымның көтерилисинен мени,
Миллетлерге басшы қылыў ушын сақладың мени,
Хызмет етер өзим танымайтуғын халықлар маған.
45Жат еллилер меннен айбынар,
Мен туўралы еситиўден маған бойсынар.
46Жат еллилердиң жүзлери қуўарып,
Шықты титиреп, паналаған жерлеринен.
47Жаратқан Ийе тири! Қорғаўшы жартасыма алғыслар болсын!
Қутқарыўшы жартасым, Қудай уллылансын!
48Ол болады душпанларымнан өш алыўыма жол қойған,
Халықларды маған бойсындырған.
49Алып шығар Ол душпанларымның арасынан,
Үстин қылар маған қарсы шыққанлардан,
Азат қылар жаўызлардың қолынан.
50Буның ушын Жаратқан Ийе!
Тәрийиплеймен Сени миллетлер арасында,
Саз шертип алғыс айтаман арнап атыңа.
51Жаратқан Ийе Өз патшасын уллы жеңислерге еристирер,
Майлаған патшасы Даўытқа ҳәм оның урпағына,
Мәңгиге мийрим-шәпәәтин көрсетер».
Copyright information for KaaIBT22C