‏ 2 Samuel 23

Даўыттың соңғы сөзлери

1Даўыттың соңғы сөзлери мыналар болды:

«Ишай улы Даўыт,
Қудай мәртебели қылған адам,
Яқыптың Қудайының майлағаны,
Израилдың сүйикли жыршысы былай дейди:
2Сөйлер Жаратқан Ийениң Руўхы мен арқалы,
Оның сөзи мениң тилимде.
3Сөйледи Израилдың Қудайы,
Израилдың сүйенген жартасы маған былай деди:
„Инсанларды әдиллик пенен
Ҳәм Қудайдан қорқып басқарған адам,
4Ол бултсыз аспандағы таң нурына уқсайды,
Жерден шөп шығаратуғын жаўыннан кейинги нурларға уқсайды“.
5Үй-ишим де Қудай менен солай емес пе?
Ол мениң менен мәңги қалатуғын,
Ҳәр тәреплеме қолайлы ҳәм исенимли келисим дүзди.
Мениң қутқарылыўымды да, тилеклеримди де Ол иске асырмай ма?
6Ал наҳақлар қол менен услап болмайтуғын тикенлер киби ылақтырылар,
7Тикенлерди жоқ қылмақшы болғанлар,
Темир әсбап ямаса найзаның сабы менен қуралланар.
Тикенлер турған жеринде жағып жиберилер».

Даўыттың мәрт әскерлери

8Даўыттың батыр жаўынгерлериниң атлары мыналар: үш адамның ишинде басшы болған тахкемонлы Иошеб-Башшебет. Ол сегиз жүз адамға найза менен қарсы шығып, бир ҳүжим еткенде ҳәммесин өлтирди.

9Оннан кейингиси ахохлы Додоның улы Элазар. Ол урысыў ушын топланған филистлерге қарсы шыққан Даўыттың жанындағы үш батырдың бири еди. Израиллылар ол ўақытта артқа шегинген еди. 10Бирақ Элазар орнында турып қалды. Ол қолы талып, қылышқа жабысып қалғанша, филистлерди өлтирди. Сол күни Жаратқан Ийе уллы жеңис инам етти. Израиллылар тек өлгенлердиң затларын олжаға алыў ушын ғана Элазардың жанына барды.

11Үшиншиси ҳарарлы Аге улы Шамма еди. Филистлер Лехийдеги бир қызыл лобия атызының жанында топланғанда, Израил әскерлери олардың алдына түсип қашқан еди. 12Бирақ Шамма атыздың ортасында турып, сол жерди қорғады ҳәм филистлерди өлтирди. Сонда Жаратқан Ийе уллы жеңис инам етти.

13Жыйын-терим ўақтында, отыз басшыдан үшеўи Даўытқа қосылыў ушын Адуллам үңгирине келди. Сол ўақытта филистлердиң бир топары Рефаим ойпатлығында орда қурған еди. 14Сол ўақытта Даўыт қорғанда, ал филистлердиң тийкарғы топары Бейтлеҳемде еди. 15Даўыт суў ишкиси келип:

– Қәнекей, Бейтлеҳем дәрўазасының жанындағы суў сақлағыштан биреў маған суў әкелип берсе еди! – деди.
16Сонда бул үш батыр филистлердиң ордасын жарып өтип, Бейтлеҳем дәрўазасының жанындағы суў сақлағыштан суў алып, Даўытқа әкелип берди. Бирақ Даўыт оны ишиўден бас тартты ҳәм суўды жерге төгип, Жаратқан Ийеге усынды. 17Ол:

– Жаратқан Ийе, буны ислеўден мени сақлай гөр! Жанларын қәўип астына қойып барған бул үш адамның қанын ишейин бе? – деп, Даўыт суўды ишпеди.

Бул үш батыр усындай ерлик көрсеткен еди.

18Иоабтың иниси, Серуяның улы Абишай сол отыз
сол отыз – Базы қолжазбаларда «сол үш».
батырдың басшысы еди. Ол найзасы менен үш жүз адамды өлтирди. Сол тәризде ол үш батыр сыяқлы даңққа еристи.
19Оның отыз
отыз – Базы қолжазбаларда «үш».
батырдан да даңқы артып, олардың басшысы болғаны менен, сол үш батырдың қатарына кирмейтуғын еди.

20Еҳояда улы қабсеелли Беная да мәрт жаўынгер болып, ол да уллы ислер иследи. Ол моаблы еки күшли жаўынгерди, ал қар жаўған күни бир шуқырға түсип, арысланды өлтирди. 21Және ол дәўдей бир мысырлыны да өлтирди. Мысырлының қолында найзасы бар еди. Ал Беная оған таяқ пенен қарсы шығып, оның қолындағы найзасын тартып алды да, оны өзиниң найзасы менен өлтирди. 22Еҳояда улы Бенаяның ислеген ислери мине усылар. Ол да сол үш батыр сыяқлы даңқ таратты. 23Ол отыз батырға қарағанда атақлырақ болса да, бирақ сол үш батырдың қатарына кирмеди. Даўыт оны өзиниң тән сақшыларына басшы етип қойды.

24Отыз батырдың қатарында болғанлар төмендегилер: Иоабтың иниси Асаҳел, бейтлеҳемли Додоның улы Элханан, 25хародлылар Шамма ҳәм Элиқа, 26пелетли Хелес, теқоалы Иккеш улы Ира, 27анатотлы Абиезер, хушалы Мабуннай, 28ахохлы Салмон, нетофалы Маҳарай, 29нетофалы Баананың улы Хелеб, Бенямин урыўынан гибалы Рибайдың улы Иттай, 30пиратонлы Беная, Гааш сайлары аймағынан Ҳиддай, 31арабалы Абий-Албон, бархумлы Азмаўет, 32шаалбонлы Эляхба, Яшенниң уллары: 33ҳарарлы Шамманың улы Ионатан, ҳарарлы Шарар улы Ахиам, 34маахалы Ахасбай улы Элифелет, гилолы Ахитофел улы Элиам, 35кармелли Хесрай, араблы Паарай, 36собалы Натан улы Игал, Гад урыўынан Баний, 37аммон халқынан Селек, Серуя улы Иоабтың нөкери бееротлы Нахарай, 38Итер тийресинен Ира ҳәм Гареб, 39хет халқынан Урия. Ҳәммеси отыз жети адам еди.
Copyright information for KaaIBT22C