‏ 2 Samuel 24

Даўыттың санақтан өткериўи

1Жаратқан Ийениң Израил халқына және ғәзеби қайнады ҳәм Даўытты оларға қарсы қойып, Израил ҳәм Яҳуда халқын санап шығыўға ийтермеледи. 2Сонда патша қасындағы сәркәрдасы Иоабқа мына буйрықты берип, оған:

– Даннан Беер-Шебаға шекемги барлық урыўларға барып, халықты санап шығыңлар, мен халықтың санын билейин, – деди.

3Бирақ Иоаб Даўытқа:

– Қудайың Жаратқан Ийе Израил халқын ҳәзиргисинен жүз есе қылып көбейтсин. Тақсыр, сиз де буны көргейсиз. Бирақ, тақсыр, неге усылай ислеўди қәлеп қалдыңыз? – деди.

4Деген менен, Иоабтың ҳәм әскербасылардың сөзинен патшаның сөзи үстин келди. Солай етип, олар патшаның жанынан шығып, Израил халқын санаў ушын кетти.

5Олар Иордан дәрьясын кесип өтип, Гад жериндеги ойпатлықтың ортасындағы қаланың қубласына, Ароерге шатыр қурып, сол жерде тоқтады. Соңынан ол жерден Язерге, 6Гиладқа, Тахтим-Ходши жерлерине ҳәм Дан-Яаанға өтип, айланба жол арқалы Сидонға барды. 7Оннан кейин, Тир қорғанына ҳәм хиў менен қанан халықларының барлық қалаларына барды. Ақырында, Яҳуданың қубласындағы Беер-Шебаға келди. 8Олар тоғыз ай жигирма күн елди бастан-аяқ айланып шыққаннан кейин, Ерусалимге қайтып келди. 9Иоаб санақ нәтийжесин Даўытқа баян қылды. Израилда урысқа жарамлы сегиз жүз мың, ал Яҳудада болса, бес жүз мың адам бар екен.

10Халықты санақтан өткергеннен кейин, Даўыттың ҳүжданы қыйналды ҳәм Жаратқан Ийеге: «Бул исти ислеп, үлкен гүнаға баттым. Жаратқан Ийе, жалбарынаман, қулыңның айыбын кешире гөр! Мен қатты ақмақлық қылдым», – деди.

11Ертеңине азанда Даўыт уйқыдан турмастан алдын, оның ўәлийи болған пайғамбар Гадқа Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:

12– Барып, Даўытқа былай деп айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Мен саған үш жазаны усынаман. Өзиңе солардың биреўин таңла, кейин саған сол жазаны беремен».

13Гад Даўытқа барып, мыналарды билдирди:

– Елиңизде жети жыл ашлық болсын ба? Ямаса сизди қуўдалайтуғын душпанларыңыздың алдында үш ай қашып жүресиз бе? Яки, елиңиз үш күн иллетке ушырасын ба? Енди жақсылап ойлап көрип, мени Жибергенге не деп жуўап беретуғынымды шешиң.

14Даўыт Гадқа:

– Маған жүдә қыйын. Адамның қолына түскенше, Жаратқан Ийениң қолына түсейин. Себеби Оның реҳими күшли, – деп жуўап берди.

15Солай етип, Жаратқан Ийе азаннан баслап белгиленген ўақытқа шекем Израил халқына иллет жиберди. Сонда Даннан Беер-Шебаға шекемги халықтан жетпис мың адам өлди. 16Бирақ Қудайдың периштеси Ерусалимди жоқ қылмақшы болып қолын созғанда, Жаратқан Ийе Өзи жиберип атырған қырғыннан ўаз кешти ҳәм халықты қырған периштеге: «Жетер енди, қолыңды тарт», – деди. Сол ўақытта Жаратқан Ийениң периштеси ебус халқынан болған Араўнаның қырман жеринде турған еди. 17Даўыт халықты қырған периштени көргенде, Жаратқан Ийеге: «Гүна ислеп, жаўызлық қылған мен-ғо. Ал мына қойлардың не жазығы бар? Өтинемен, жақсысы, мени ҳәм әкемниң хожалығын жазала», – деди.

Даўыттың қурбанлық орын қурыўы

18Сол күни пайғамбар Гад Даўытқа келип, оған:

– Ебус халқынан болған Араўнаның қырман жерине барып, сол жерде Жаратқан Ийеге арнап, қурбанлық орын қурың, – деди.
19Даўыт Гадтың сөзине Жаратқан Ийениң буйрығы сыяқлы қулақ асып, жолға шықты. 20Араўна патшаның ҳәм оның хызметшилериниң өзине туўрылап киятырғанын көрди. Ол Даўыттың алдына барып, ет бетинен жерге жығылып, тәжим етти. 21Соңынан ол:

– Тақсыр, не ушын қулыңыздың жанына келдиңиз? – деп сорады.

Даўыт оған:

– Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурыў ушын, қырман жерин сеннен сатып алыўға келдим. Халыққа келген иллет тоқтаў ушын усылай ислемекшимен, – деп жуўап берди.

22Араўна Даўытқа:

– Тақсыр, нени мақул көрсеңиз, соны алып, Жаратқан Ийеге усының. Мине, жандырылатуғын қурбанлық ушын өгизлер, отын ушын түйек айдайтуғын тахта ҳәм өгизлердиң ер-турманлары.
23Тақсыр! Мен булардың ҳәммесин сизге беремен, – деди. Соңынан:

– Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизге кеўли толсын! – деп қосып қойды.

24Бирақ патша:

– Яқ, болмайды! Сеннен бул нәрселерди қунын төлеп сатып аламан. Себеби пулы төленбеген қурбанлықты Қудайым Жаратқан Ийеге арнап жақпайман, – деди.

Солай етип, Даўыт қырман жерин ҳәм өгизлерди елиў шекел гүмиске сатып алды.
25Даўыт сол жерге Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурып, жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм татыўлық қурбанлықларын берди. Жаратқан Ийе де ел ушын етилген дуўаларға жуўап берди ҳәм Израилға келген иллет тоқтады.
Copyright information for KaaIBT22C