‏ 2 Samuel 4

Иш-Бошеттиң өлтирилиўи

1Шаулдың улы Иш-Бошет Абнердиң Хебронда өлтирилгенин еситкенде, қәўетерге түсти. Пүткил Израил халқы да қорқысып қалды. 2Иш-Бошеттиң хызметинде басқыншылар топарын басқаратуғын Баана ҳәм Рехаб деген еки адам бар еди. Олар Бенямин урпағынан болған бееротлы Риммонның уллары еди. Беерот қаласы беняминлилерге тийисли қала деп саналатуғын еди. 3Себеби бееротлылар қаланы таслап, Гиттайымға қашып кеткен еди. Сонлықтан олар усы күнге шекем сол жерде келгинди болып жасап киятыр.

4Шаулдың улы Ионатанның еки аяғы да ләң болып қалған Мефибошет
Мефибошет – бул ат 1Жлн 8:34; 9:40 аятларда «Мериб-Баал» деп айтылады.
деген бир улы бар еди. Изреелден Шаул менен Ионатанның қазаланғаны ҳаққында хабар келгенде, Мефибошет бес жаста еди. Сонда тәрбияшысы оны алып қашып кеткен еди. Ол баланы асығыс алып қашып баратырғанда, баланы қолынан түсирип алғанлықтан, бала майып болып қалған еди.

5Бееротлы Риммонның уллары Рехаб пенен Баана жолға шығып, күн қатты қызған ўақытта Иш-Бошеттиң үйине келгенде, Иш-Бошет уйықлап жатырған еди. 6Рехаб ҳәм оның туўысқаны Баана бийдай алатуғын адам сыяқлы үйге кирип, Иш-Бошеттиң қарнына қанжар тығып өлтирди де, қашып кетти. 7Ўақыя былай болған еди: олар үйге киргенде, Иш-Бошет уйықлайтуғын бөлмесиндеги өз төсегинде жатырған еди. Рехаб пенен Баана Иш-Бошетти өлтирип, басын кесип алды ҳәм басты көтерип, пүткил түн бойы Иордан тегислиги арқалы жүрди. 8Олар Иш-Бошеттиң басын Хебронға, Даўыт патшаға алып келип, оған:

– Мине, сизди өлтирмекши болған душпаныңыз Шаулдың улы Иш-Бошеттиң басы! Жаратқан Ийе бүгин Шаулдан ҳәм оның урпағынан тақсырым, сизиң өшиңизди алды, – деди.

9Бирақ Даўыт бееротлы Риммонның уллары Рехаб пенен оның туўысқаны Баанаға былай деп жуўап берди:

– Мени ҳәр түрли бәле-қадалардан қутқарған тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен:
10бурын Шаулдың өлими ҳаққында хабарды маған хош хабар ретинде алып келген адамды услап алып, Сиклагта өлтирген едим. Әкелген хош хабары ушын оған берилген сый усы болды. 11Енди айыпсыз бир адамды өз үйинде, өз төсегинде өлтирген жаўыз адамлар да сөзсиз өлтириледи. Оның қаны ушын сизлерден өш алып, сизлерди жер бетинен жоқ қылып жибермеймен бе?

12Соңынан Даўыт адамларына буйрық берди. Олар еки туўысқанды өлтирип, олардың аяқ-қолларын кести де, денесин Хеброндағы ҳәўиздиң бойына асып қойды. Ал Иш-Бошеттиң басын апарып, Хеброндағы Абнердиң қәбирине жерледи.
Copyright information for KaaIBT22C