‏ 2 Samuel 5

Даўыттың Израилға патша болыўы

1Израилдың барлық урыўлары Хебронға, Даўытқа келип, былай деди: «Бизлер сизиң өз сүйегиңиз ҳәм өз етиңизбиз. 2Бурын Шаул патшамыз болған ўақытта саўашта Израилды өзиңиз баслап жүретуғын едиңиз. Жаратқан Ийе сизге: „Халқым Израилға сен шопанлық етип, Израил үстинен ҳүкимдар боласаң“, – деп ўәде берген еди». 3Солай етип, Израилдың барлық ақсақаллары Хебронға, патша Даўыттың алдына келгенде, Даўыт Хебронда Жаратқан Ийениң алдында олар менен келисим дүзди. Олар да Даўытты майлап, Израилға патша етип қойды.

4Даўыт отыз жасында патша болып, қырық жыл патшалық етти. 5Ол Хебронда жети жыл алты ай Яҳуда үстинен, Ерусалимде отыз үш жыл пүткил Израил ҳәм Яҳуда үстинен патшалық етти.

6Патша ҳәм оның адамлары Ерусалимде жасап атырған ебус халқына шабыўыл жасаў ушын жолға шыққанда, ебус халқы: «Даўыт бул жерге кире алмайды», – деп ойлап, Даўытқа:

– Сен бул жерге кире алмайсаң. Соқырлар менен шолақлар-ақ сени қуўып салады, – деп бақырды.
7Деген менен, Даўыт Сион қорғанын қолға киргизди. Кейин ала бул қорған Даўыттың қаласы деп аталды.

8Сол күни Даўыт адамларына былай деди:

– Ебус халқын жеңбекши болған ҳәр бир адам суў тармақлары арқалы барып, Даўытты жек көретуғын сол шолақ ҳәм соқыр ебусларды жоқ қылсын.

Сонлықтан: «Соқырлар менен шолақлар сарайға кирмейди», – деген гәп қалған екен.

9Буннан кейин, Даўыт қорған қалаға орналасып алды ҳәм оны Даўыттың қаласы деп атады. Ол қорғанның айнала дөгерегине Милло деген жерден баслап қосымша қорған қурды. 10Даўыт күшке толып бара берди. Өйткени Әлемниң Қудайы Жаратқан Ийе оның менен бирге еди.

11Тир патшасы Хирам Даўытқа елшилер, соның менен бирге кедр ағашларын, ағаш усталарын ҳәм тас қалаўшыларды жиберди. Бул адамлар Даўыт ушын бир сарай қурды. 12Сонда Даўыт Жаратқан Ийениң өзин Израилға патша етип тайынлағанын ҳәм Өз халқы Израил ушын оның патшалығын даңққа еристиргенин түсинди.

13Даўыт Хеброннан Ерусалимге келгеннен кейин де өзине және тоқаллар ҳәм ҳаяллар алып, олардан да ул ҳәм қызлар көрди. 14Даўыттың Ерусалимде туўылған ул-қызларының атлары мыналар: Шаммуа, Шобаб, Натан, Сулайман, 15Ибхар, Элишуа, Нефег, Яфиа, 16Элишама, Эляда ҳәм Элифелет.

Филистлердиң жеңилиске ушыраўы

17Филистлер Даўыттың майланып, Израилға патша етип қойылғанын еситкенде, пүткил филист әскерлери Даўытты қолға түсириў ушын излеп кетти. Буны еситкен Даўыт қорғанға кетти. 18Филистлер келип, Рефаим ойпатлығына жайласты. 19Даўыт Жаратқан Ийеден:

– Филистлерге қарсы жүрис қылайын ба? Оларды маған тәслим етесең бе? – деп сорады.

Жаратқан Ийе Даўытқа:

– Аўа, жүрис қыл. Оларды саған сөзсиз тәслим етемен, – деди.

20Сонда Даўыт әскерлери менен бирге Баал-Перасимге кетти ҳәм ол жерде филистлерди қыйратты. Кейин ол: «Ҳәр бир бөгетти жайпап өтетуғын суў тасқыны сыяқлы, Жаратқан Ийе душпанларымды алдымда қыйратып таслады», – деди. Сол себепли сол жерге Баал-Перасим
Баал-Перасим – «Қыйратыў Мырзасы» дегенди билдиреди.
деген ат берилди.
21Филистлер бутларын сол жерге таслап қашқан еди. Даўыт ҳәм оның адамлары сол бутларды алып кетти.

22Көп өтпей, филистлер қайтадан келип, Рефаим ойпатлығына жайласты. 23Даўыт Жаратқан Ийеден қайта сорағанда, Жаратқан Ийе оған былай деп жуўап берди:

– Оларға бул жерден ҳүжим қылма. Олардың артынан айланып бар да, тут ағашлары тәрептен ҳүжим қыл.
24Сен тут ағашларының жоқарысынан аяқ сеслери сыяқлы даўысты еситиўден-ақ, ҳәрекетке кирис. Себеби сол ўақытта Мен сениң алдыңда филист ордасын қыйратыў ушын баратырған боламан.

25Даўыт Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылды ҳәм филист ордасын Гебадан Гезерге дейин қыйратып барды.
Copyright information for KaaIBT22C