‏ 2 Samuel 6

Келисим сандығының Ерусалимге алып келиниўи

1Даўыт және Израилдағы пүткил сайланды әскерлерди топлады. Олар отыз мың адам еди. 2Соңынан Даўыт ҳәм оның менен бирге болған сол адамлардың ҳәммеси сандықтың үстиндеги керублар
Керуб – қанатлы руўхый барлық.
арасында тахтта отырған Әлемниң Жаратқан Ийесиниң аты менен аталған Қудайдың сандығын алып келиў ушын Баале-Яҳудаға
Баале-Яҳуда – Кирят-Яримниң басқа аты, 1Жлн 13:6 қараң.
кетти.
3Олар Қудайдың сандығын төбешиктеги Абинадабтың үйинен алып, таза бир арбаға қойды. Абинадабтың уллары Узза менен Ахйо таза арбаны жетеклеп жүрди. 4Олар Қудайдың сандығын алып кетип баратырғанда, Ахйо сандықтың алдында жүрди. 5Сол ўақытта Даўыт ҳәм пүткил Израил халқы Жаратқан Ийениң алдында бар күши менен қосық айтып, лира
Лира – бармақ пенен шертилетуғын тарлы саз әсбабы.
ҳәм арфа шертип, дәп қағып, систраны шыңғырлатып, кимбалды даңғырлатып, ойынға түсип киятырған еди.

6Олар Нахон деген адамның қырманына жетип барғанда, өгизлер сүрнигип кетти. Сонда Узза қолын созып, Қудайдың сандығын услап қалды. 7Ҳүрметсизлиги ушын Жаратқан Ийениң Уззаға ғәзеби лаўлады ҳәм сол жерде-ақ оның жанын алды. Узза Қудайдың сандығының қасында жан тапсырды.

8Жаратқан Ийениң Уззаны жазалағаны ушын, Даўыт қатты ашыўланды. Сол күннен баслап, ҳәзирге дейин бул орын Перес-Узза
Перес-Узза – «Уззаның қыйралыўы» дегенди билдиреди.
деп аталады.

9Даўыт сол күни Жаратқан Ийеден қорқып: «Енди қалай Жаратқан Ийениң сандығын әкелип, жаныма қоя аламан?» – деди. 10Сол күни Даўыт сандықты өзиниң аты менен аталған қалаға алып барыўдың орнына, гатлы Обед-Эдомның үйине апарды. 11Жаратқан Ийениң сандығы гатлы Обед-Эдомның үйинде үш ай турды. Жаратқан Ийе Обед-Эдомды ҳәм оның пүткил шаңарағын жарылқады. 12Даўытқа: «Қудайдың сандығы себепли, Жаратқан Ийе Обед-Эдомның шаңарағын ҳәм оған тийисли ҳәмме нәрсени жарылқады», – деген хабар жетти. Сонда Даўыт барып, Қудайдың сандығын Обед-Эдомның үйинен Даўыттың қаласына қуўанышлы түрде алып келди. 13Жаратқан Ийениң сандығын көтергенлер алты адым атқанда, Даўыт бир буға менен бир семиртилген тананы қурбанлыққа шалды. 14Зығыр эфод
Эфод – әдетте руўханийлер кийген кийим.
кийип алған Даўыт Жаратқан Ийениң алдында бар күши менен ойынға түсти.
15Усылайынша Даўыт ҳәм пүткил Израил халқы қуўанышлы даўыслар ҳәм кәрнай сеслери астында сандықты алып киятырған еди. 16Сандық Даўыттың қаласына кирип киятырғанда, Шаулдың қызы Михал терезеден қарап турған еди. Ол Жаратқан Ийениң алдында секирип ойынға түсип киятырған Даўыт патшаны көргенде, оны өз кеўлинде пәс көрип кетти.

17Жаратқан Ийениң сандығы алып келинип, Даўыттың арнаўлы түрде қурдырған шатырының ишиндеги өз орнына қойылды. Соңынан Даўыт Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықларын берди. 18Жандырылатуғын ҳәм татыўлық қурбанлықларын берип болғаннан кейин, Даўыт Әлемниң Жаратқан Ийесиниң аты менен халыққа пәтия берди. 19Кейин ол пүткил халыққа, Израил жәмийетиндеги ҳәр бир еркек ҳәм ҳаялға бир шөрек нан, бир уўыс хурма ҳәм бир уўыс кептирип нығызланған кишмиштен тарқатты. Буннан соң, пүткил халық үйлерине қайтты.

20Даўыт өз хожалығына пәтия бериў ушын үйине қайтып келгенде, Шаулдың қызы Михал оны қарсы алыўға шықты ҳәм оған:

– Израил патшасы бүгин қандай абырайға еристи?! Өз қулларының шорылары алдында жарамсыз адам сыяқлы жалаңашланып, өзин көрсетти-ғо, – деди.

21Даўыт Михалға былай деп жуўап берди:

– Мени әкеңниң ҳәм оның пүткил нәсилиниң орнына таңлап, Өз халқы Израилға ҳүкимдар етип қойған Жаратқан Ийениң алдында ойынға түстим. Аўа, мен Жаратқан Ийениң алдында ойнай беремен.
22Енди өзимди буннан да төмен тутып, және де пәсирек санайман. Бирақ сен айтқан сол шорылар мени ҳүрметке бөлейди.

23Шаулдың қызы Михал өмириниң ақырына шекем бийперзент өтти.
Copyright information for KaaIBT22C