2 Samuel 7
Қудайдың Даўытқа берген сөзи
1Даўыт патша өз сарайында жасай берди. Себеби Жаратқан Ийе оны әтирапындағы барлық душпанларынан қорғап, тынышлық берди. 2Сол ўақытлары патша пайғамбар Натанға: – Қара, мен кедр ағашынан қурылған сарайда жасап атырман, ал Қудайдың сандығы болса, шатырда турыпты, – деди. 3Натан патшаға: – Жүрегиңиз нени қәлесе, соны ислең. Себеби Жаратқан Ийе сиз бенен бирге, – деп жуўап берди. 4Бирақ сол күни түнде Натанға Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти: 5– Барып, қулым Даўытқа былай деп айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Мәкан басыўым ушын, Маған арнап үйди сен қурмақшымысаң? 6Израил халқын Мысырдан алып шыққан күнимнен баслап бүгинге дейин, Мен үйде жасадым ба, өзи? Шатырда ол жақтан бул жаққа көшип жүрген жоқпан ба? 7Пүткил израиллылар менен бирге көшип жүрген жерлерде халқымды басқарыўды буйырған Израил бийлериниң қайсы бирине: Неге Маған кедр ағашынан үй қурып бермедиңиз? – деген едим?» 8Енди қулым Даўытқа былай деп айт: «Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен сени жайлаўда қой бағып жүрген жериңнен алып, халқым Израилға ҳүкимдар етип қойдым. 9Қай жерге барсаң да, сениң менен бирге болып, алдыңдағы ҳәмме душпанларыңды жоқ қылдым. Атыңды дүньядағы уллы адамлардың атлары сыяқлы уллы қыламан. 10Халқым Израил ушын орын таярлап, оларды сол жерге орналастыраман. Олардың өз журты болады ҳәм ҳеш ким тынышын бузбайды. Залымлар оларға бурынғыдай зорлық қылмайды. 11Халқым Израилға бийлер қойған ўақыттан бери залымлар оларды езип келмекте. Ал сени пүткил душпанларыңнан қутқарып, рәҳәтке еристиремен. Жаратқан Ийе және былай деп билдиреди: Мен сениң ушын бир шаңарақ – патшалар әўладын жаратаман. 12Сен өлип, ата-бабаларыңа қосылғаныңда, зүрядыңнан бирин тахтқа отырғызып, оның патшалығын беккемлеймен. 13Маған атап үйди ол қурады. Мен де оның патшалық тахтын мәңгилик қылып орнатаман. 14Мен оған әке боламан, ол Маған ул болады. Егер ол гүна ислесе, әке улын таяқ пенен жазалағандай, оны басқа миллетлер арқалы жазалайман. 15Бирақ сениң көз алдыңда Шаулдан Өз мийримимди тартып алғаным сыяқлы, оннан Өз мийримимди ҳеш қашан тартып алмайман. 16Сениң урпағың ҳәм патшалығың Мениң алдымда мәңгиге турады ҳәм тахтың мәңги беккем болады». 17Солай етип, Натан аян арқалы берилген бул сөзлердиң ҳәммесин Даўытқа айтып берди.Даўыттың миннетдаршылық дуўасы
18Соңынан Даўыт патша келип, Жаратқан Ийениң алдында отырды да, былай деди: – Қудай Ийе! Сен мени буншелли мәртебели қылғандай, мен ким болыппан, мениң үй-ишим де не болыпты? 19Қудай Ийе! Сениң нәзериңде бул да аз болғандай, қулыңның урпағының келешеги туўралы да айтып бердиң. Қудай Ийе, Сениң адамзатқа деген қатнасың усындай ма?! 20Мен Саған басқа не айта аламан? Өйткени Қудай Ийе, Сен Өз қулыңды билесең. 21Сен Өз сөзиңе ҳәм жүрегиңе муўапық болған бул уллы исти иследиң ҳәм оны қулыңа билдирдиң. 22Қандай уллысаң, Қудай Ийе! Өз қулақларымыз бенен еситкен барлық хабарымыз бойынша, Саған тең келетуғыны жоқ, Сеннен басқа Қудай да жоқ. 23Дүньяда халқың Израилға уқсаған бирде бир халық жоқ. Оларды Өз халқың қылыў ушын, азат қылыўға бардың ҳәм халқың ушын да, елиң ушын да уллы ҳәм таң қаларлық ислер ислеп, Өз даңқыңды шығардың. Мысырдан Өзиң ушын азат қылған халқыңның алдынан халықларды ҳәм қудайларды қуўып жибердиң. 24Халқың Израилды мәңгиге Өз халқым болады деп, оларды беккемледиң ҳәм Өзиң, Жаратқан Ийе, олардың Қудайы болдың. 25Енди, Қудай, Жаратқан Ийе! Қулыңа ҳәм оның урпағына берген ўәдеңде мәңгиге турып, сөзиңди орынлай гөр. 26Адамлар: «Әлемниң Жаратқан Ийеси – Израилдың Қудайы», – деп атыңды мәңгиге уллыласын ҳәм қулың Даўыттың урпағы да Сениң алдыңда беккем турсын. 27Әлемниң Жаратқан Ийеси, Израилдың Қудайы! Сен қулыңа: «Сениң ушын бир шаңарақ – патшалық жаратаман», – деп аян еттиң. Сонлықтан қулың усылай дуўа етиўге жүрек етти. 28Қудай Ийе, Сен Қудайсаң, Сениң сөзлериң ҳақ. Сен қулыңа бул ийгиликли ўәдени бердиң. 29Енди алдыңда мәңгиге даўам етиўи ушын, қулыңның патшалығын жарылқаўыңды сорайман. Себеби Қудай Ийе, Сен солай сөз бердиң ҳәм қулыңның патшалығы Сениң жарылқаўың арқалы мәңгиге жарылқанатуғын болады.
Copyright information for
KaaIBT22C