2 Samuel 8
Даўыттың жеңислери
1Арадан бираз ўақыт өткеннен кейин, Даўыт филистлерди жеңип, оларды бойсындырды ҳәм филистлердиң қолынан Метег-Амма қаласын тартып алды. 2Соңынан моаб халқын да жеңилиске ушыратты. Оларды жерге қатара жатқызып, арқан менен өлшеди ҳәм еки өлшемди өлтирип, үшинши өлшемди тири қалдырды. Солай етип, моаблылар Даўытқа бағынышлы болып, оған салық төлейтуғын болды. 3Соба патшасы Рехоб улы Ҳададезер Евфрат дәрьясы бойлап өз патшалығын қайта тиклемекши болып барғанда, Даўыт оған шабыўыл жасап, жеңип шықты. 4Даўыт оның бир мың жети жүз арбалы ҳәм жигирма мың пияда әскерин қолға түсирди. Ол саўаш арбасына жегилетуғын барлық атлардың тирсеклерин кесип майырып, оннан тек жүз атты ғана алып қалды. 5Даўыт Соба патшасы Ҳададезерге жәрдемге келген Дамаскте жасайтуғын арамлардан жигирма еки мың адамды өлтирди. 6Соңынан ол Дамасктеги арамлардың жерине өзиниң сақшылар топарын орналастырды. Арамлар да Даўытқа қул болып, салық төлейтуғын болды. Даўыт қай жерге барса да, Жаратқан Ийе оны жеңиске еристирди. 7Даўыт Ҳададезердиң сәркәрдалары алып жүрген алтын қалқанларды алып, Ерусалимге әкелди. 8Және де, ол Ҳададезердиң қол астындағы Бетах ҳәм Беротай қалаларынан көп муғдарда қола алды. 9Хамат патшасы Той Даўыттың Ҳададезердиң пүткил әскерлерин жеңип шыққанынан хабар тапты. 10Сонда Той өз улы Иорамды сәлем бериў ҳәм Ҳададезер үстинен ерискен жеңиси менен қутлықлаў ушын, Даўыт патшаға жиберди. Себеби Той Ҳададезер менен узақ ўақыттан бери урысып киятырған еди. Иорам Даўытқа гүмис, алтын ҳәм қоладан исленген затларды саўғаға алып келди. 11Даўыт патша бул саўғаларды басып алған еллеринен алып келген гүмис ҳәм алтынлар менен бирге Жаратқан Ийеге бағышлады. 12Булар арам, моаб, аммон, филист ҳәм амалек халықларынан алып келинген, және де, Соба патшасы Рехоб улы Ҳададезерден тартып алынған гүмис ҳәм алтынлар еди. 13Даўыт Дуз ойпатлығында эдом халқынан он сегиз мың адамды өлтирип қайтқаннан соң, оның даңқы асты. 14Даўыт Эдом аймағының ҳәмме жерине өз сақшылар топарын орналастырды. Пүткил эдом халқы Даўытқа бағынышлы болды. Даўыт қайда барса да, Жаратқан Ийе оны жеңиске еристирди.Даўыттың ҳәмелдарлары
15Даўыт пүткил Израилда патшалық етип, халқына туўры ҳәм әдиллик пенен ҳүкимдарлық етти. 16Серуя улы Иоаб сәркәрда, Ахилуд улы Еҳошафат дийўанбеги болды. 17Ахитуб улы Садоқ пенен Абиятар улы Ахимелех руўханий, Серая хаткер еди. 18Еҳояда улы Беная керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшылардың ▼▼ Керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшылар – шет елден жаллап алынған тән сақшылар болыўы мүмкин.
сәркәрдасы еди. Ал Даўыттың уллары руўханийлер еди.
Copyright information for
KaaIBT22C