‏ 2 Samuel 7:12-16

12Сен өлип, ата-бабаларыңа қосылғаныңда, зүрядыңнан бирин тахтқа отырғызып, оның патшалығын беккемлеймен. 13Маған атап үйди ол қурады. Мен де оның патшалық тахтын мәңгилик қылып орнатаман. 14Мен оған әке боламан, ол Маған ул болады. Егер ол гүна ислесе, әке улын таяқ пенен жазалағандай, оны басқа миллетлер арқалы жазалайман. 15Бирақ сениң көз алдыңда Шаулдан Өз мийримимди тартып алғаным сыяқлы, оннан Өз мийримимди ҳеш қашан тартып алмайман. 16Сениң урпағың ҳәм патшалығың Мениң алдымда мәңгиге турады ҳәм тахтың мәңги беккем болады».
Copyright information for KaaIBT22C