‏ 2 Thessalonians 2

Нызамды бузыўшының пайда болыўы

1Туўысқанлар! Енди Ийемиз Ийса Масийхтың қайта келиўине ҳәм бизлердиң Оның алдына жыйналыўымызға байланыслы сизлерден мыналарды өтинемиз: 2Ийемиздиң күниниң әлле қашан келгенин айтқан ҳәр қандай пайғамбаршылық, сөз ямаса бизлер жибергендей етип көрсетилген хат себепли ақылдан дәрҳал азып, тәшиўишленбеңлер. 3Өзлериңизди ҳеш кимге ҳеш қандай жол менен алдатпаңлар. Себеби сол күн келиўге дейин дәслеп исенимнен қайтыў басланып, нызамды бузыўшы, яғный тәғдирине набыт болыў жазылған адам пайда болады. 4Сол адам – Қудайға ямаса адамлар «қудай» деп сыйынатуғын ҳәр бир нәрсеге қарсы шығып, өзин ҳәммеден жоқары қояды, ҳәтте, ол Қудайдың Ибадатханасындағы Мухаддесханада отырып, өзин «қудайман» деп жәриялайды.

5Сизлер менен бирге болғанымда усыларды айтқаным еслериңизде жоқ па? 6Сол адамды ҳәзир не услап турғанын билесизлер. Ол өз ўақтында пайда болады. 7Аўа, нызамсызлықтың сырлы күшлери әлле қашан ҳәрекет етпекте. Бирақ усы күшти услап турыўшы жолдан алып тасланбағанша, ол өз исин даўам ете береди. 8Буннан соң, нызамды бузыўшы пайда болады. Бирақ Ийемиз Ийса оны аўзынан шыққан деми менен өлтиреди ҳәм Өзиниң уллы салтанаты менен келгенде жоқ қылады. 9Сол адам шайтанның күши менен келип, ҳәр түрли қүдирет, жалған белгилер менен таң қаларлық нәрселерди 10ҳәм набыт болатуғынларды алдаўшы ҳәр түрли жаманлықларды көрсетеди. Өйткени олар өзлерин қутқара алатуғын ҳақыйқатты сүйиўден бас тартқанлықтан, набыт болады. 11Сонлықтан жалғанға исенсин деп, Қудай оларға алдаўшы бир күш жибереди. 12Солай етип, ҳақыйқатқа исенбей, жаманлықтан рәҳәтленетуғынлардың ҳәммеси ҳүким етиледи.

Беккем турыңлар!

13Бирақ бизлер Ийемиз сүйген туўысқанларымыз болған сизлер ушын ҳәмме ўақыт Қудайға шүкирлик етиўге парызлымыз. Себеби Қудай Мухаддес Руўх тәрепинен мухаддес қылыныўыңыз арқалы ҳәм ҳақыйқатқа исениўиңиз арқалы қутқарылыўыңыз ушын, сизлерди әўел бастан таңлап алған еди. 14Ийемиз Ийса Масийхтың уллылығына ерисиўиңиз ушын, бизлер жәриялаған Хош Хабар арқалы Қудай сизлерди усы қутқарылыўға шақырды. 15Сол себепли, туўысқанларым, беккем турыңлар! Бизлердиң сөз ямаса хат арқалы сизлерге үйреткен тәлиматымыз бойынша ис тутыңлар.

16Ийемиз Ийса Масийхтың Өзи ҳәм бизлерди сүйип, мийрим-шәпәәти менен бизлерге шексиз жубаныш ҳәм жақсы үмит берген Әкемиз Қудай 17сизлердиң кеўиллериңизди жигерлендирип, ҳәр қандай жақсы исте ҳәм сөзде де күш-қуўат берсин.
Copyright information for KaaIBT22C