‏ 2 Thessalonians 3

Бизлер ушын дуўа етиң

1Қулласы, туўысқанлар, Ийемиздиң сөзи сизлердиң араңыздағы сыяқлы еркин жайылып, ҳүрметке бөлене берсин деп, бизлер ушын дуўа етиңлер. 2Жаман ҳәм жаўыз адамлардан қутылыўымыз ушын да дуўа етиңлер. Өйткени адамлардың ҳәммеси исениўши емес. 3Бирақ, Ийемиз садық. Ол сизлерге күш-қуўат берип, шайтаннан сақлайды. 4Ийемиз сизлер менен қарым-қатнаста болғанлықтан, буйырғанларымызды ислеп атырғаныңызға ҳәм ислейтуғыныңызға исенемиз. 5Ийемиз жүреклериңизди Қудайды сүйиўге ҳәм Масийхқа садық болыўға бағдарласын.

Өз мийнетиңиз бенен жасаңлар!

6Туўысқанлар! Ийемиз Ийса Масийхтың аты менен буйырамыз: бизлерден алған тәлиматты тыңламай, исжақпаслық етип жүрген барлық туўысқанлардан аўлақ жүриңлер! 7Бизлерден қалай өрнек алыўыңыз керек екенлигин өзлериңиз билесизлер. Себеби бизлер араңызда болғанымызда, талапсыз жүрген жоқпыз. 8Ҳеш кимниң нанын бийпул жемедик. Керисинше, ҳеш бириңизге аўырманлығымыз түспесин деп, күни-түни аўыр мийнет еттик. 9Жәрдемиңизди қабыл етиўге ҳақымыз болмағаны себепли емес, ал сизлер бизлерге еликлесин деп, өрнек болыўымыз ушын усылай иследик. 10Ҳәтте, бизлер сизлер менен бирге болғанымызда: «Ким де ким мийнет етиўди қәлемесе, аўқат та жемесин», – деген буйрықты берген едик.

11Өйткени араңыздағы айырымлардың талапсыз болып, ҳеш жумыс ислемей, басқалардың исине араласып жүргенин еситип атырмыз. 12Бундай адамларға Ийемиз Ийса Масийхтың аты менен жалбарынамыз ҳәм мынаны буйырамыз: тыныш мийнет етип, өз нанын өзи таўып жесин. 13Ал сизлер, туўысқанлар, жақсы ис ислеўден жалықпаңлар.

14Егер бул хаттағы сөзлеримизге қулақ аспағанлар болса, оны айырып қойыңлар. Оны уялтыў ушын, байланысты үзиңлер. 15Бирақ, оны душпан деп санамай, туўысқан сыпатында ескертиңлер.

Соңғы сәлемнама

16Тынышлық бериўши Ийемиздиң Өзи сизлерге ҳәмме ўақытта, ҳәр қандай жағдайда тынышлық берсин. Ийемиз ҳәммеңизге яр болсын!

17Мен, Павел, бул сәлемди өз қолым менен жазып атырман. Мениң ҳәр бир хатымда бул белги бар. Мен усылай жазаман.

18Ийемиз Ийса Масийхтың мийрими ҳәммеңизге яр болсын!
Copyright information for KaaIBT22C