2 Thessalonians 1
1Әкемиз Қудайға ҳәм Ийемиз Ийса Масийхқа тийисли болған Салоника исениўшилериниң жәмәәтине, Павел, Сила ▼▼ Сила – грекше текстте бул аттың басқа варианты Силванус.
ҳәм Тимофейден сәлем! 2Әкемиз Қудайдың ҳәм Ийемиз Ийса Масийхтың мийрими ҳәм тынышлығы сизлерге яр болсын! Келешектеги қәҳәрли жаза
3Туўысқанлар! Сизлер ушын ҳәмме ўақытта Қудайға шүкирлик етиў парызымыз. Усылай ислеўимиз орынлы. Себеби исенимиңиз күн сайын өсип, ҳәр қайсысыңыздың бир-бириңизге деген сүйиспеншилигиңиз артып бармақта. 4Сонлықтан бизлер басыңыздан кешип атырған барлық қуўдалаў ҳәм азап-ақыретлер ўақтындағы сизлердиң сабырлылығыңыз ҳәм исенимиңиз ушын Қудайдың жәмәәтлеринде сизлер менен мақтанамыз. 5Булардың ҳәммеси Қудайдың әдил жазасының белгиси. Нәтийжеде, шегип атырған азабыңыз ушын сизлер Қудайдың Патшалығына ылайықлы деп саналасызлар. 6Қудай әдил: сизлерге азап бергенлерге Ол азап пенен жуўап қайтарады. 7Азап шегип атырған сизлерге болса, бизлер менен бирге тынышлық береди. Булардың ҳәммеси Ийемиз Ийса Өзиниң қүдиретли периштелери менен жалынлаған от ишинде аспанда көрингенде жүз береди. 8Сонда Ийемиз Ийса Қудайды билмейтуғынларды ҳәм Өзи ҳаққында Хош Хабарға бойсынбағанларды жазалайды. 9Олар мәңги набыт болыўға ҳүким етилип, Ийемиздиң жүзинен ҳәм қүдиретли салтанатынан алыслатылады. 10Ийемиз келген күни Өз мухаддеслери тәрепинен уллыланып, пүткил исениўшилер тәрепинен алғысланады. Олардың арасында сизлер де боласызлар. Өйткени бизлердиң Ол ҳаққында берген гүўалығымызға исендиңлер. 11Сонлықтан сизлер ушын бәрқулла дуўа етип атырмыз: Қудайымыз сизлерди Өзи шақырған өмирге ылайықлы қылсын, ҳәр түрли жақсы арзыў-әрманыңызды ҳәм исенимге тийкарланған ҳәр бир исиңизди Өз қүдирети менен әмелге асырсын. 12Солай етип, Қудайымыздың ҳәм Ийемиз Ийса Масийхтың мийрими менен, Ийемиз Ийсаның аты сизлер арқалы уллылансын ҳәм сизлер де Ол тәрепинен мәртебели болыңлар.
Copyright information for
KaaIBT22C