‏ 2 Timothy 1

Сәлемнама

1Масийх Ийсадағы ўәде етилген өмир ҳаққында жәриялаў ушын, Қудайдың қәлеўи менен Масийх Ийсаның елшиси болған мен, Павелден, 2сүйикли улым Тимофейге сәлем! Қудай Әкемиз ҳәм Ийемиз Масийх Ийса саған мийрим, реҳим ҳәм тынышлық берсин!

Хош Хабарға садық болыўға үндеў

3Мен ата-бабаларым сыяқлы пәк ҳүждан менен хызмет ететуғын Қудайға күни-түни дуўа еткенимде сени үзликсиз еске алып, шүкирлик билдиремен. 4Сениң көз жасларың ядымда. Және дийдарласып, қуўанышқа бөлениўим ушын, сени көриўди аңсап атырман. 5Сениң ҳақыйқый исенимиң де ядымда. Бурын кемпир апаң Лоидада ҳәм анаң Эвникада болған усы исенимниң ҳәзир сенде бар екенине толық исенемен. 6Сонлықтан қолларымды үстиңе қойып дуўа етиўим арқалы Қудайдың саған берген сыйын бар инта менен қоллана бериў кереклигин есиңе түсирип атырман. 7Өйткени Қудай бизлерге қорқақлық руўхын емес, ал күш, сүйиспеншилик ҳәм салдамлылық руўхын берди.

8Солай етип, Ийемиз ҳаққында гүўалық бериўден ҳәм Ол себепли тутқын болған меннен арланба. Керисинше, Қудайдың берген күши менен Хош Хабар ушын мениң менен бирге қыйыншылық көр. 9Қудай бизлерди ислеген ислеримиз себепли емес, ал Өз мақсети ҳәм мийрими менен қутқарып, мухаддес болып жасаўға шақырды. Бул мийримди Ол бизлерге дүнья жаратылмастан бурын Масийх Ийса арқалы берген еди. 10Ал енди болса, бул мийримди Қутқарыўшымыз Масийх Ийсаның дүньяға келиўи менен ашық көрсетти. Масийх Ийса өлимниң күшин жоқ қылып, Хош Хабар арқалы жоғалмайтуғын мәңгилик өмирди аян қылды. 11Мен Қудай тәрепинен усы Хош Хабар ушын хабаршы, елши ҳәм муғаллим болып тайынландым. 12Сонлықтан бул себепли азап шегип атырман. Бирақ та, мен арланбайман. Себеби Кимге исенгенимди билемен ҳәм маған тапсырылғанды Оның Өзиниң сол күнге дейин сақлай алатуғынына да исенемен. 13Меннен өзиң еситкен дурыс тәлиматты өрнек қылып, Масийх Ийсаға деген исеним ҳәм сүйиспеншилик пенен жаса. 14Саған тапсырылған ийгиликли тәлиматты ишимизде жасайтуғын Мухаддес Руўх жәрдеминде сақла.

15Азия үлкесиндегилердиң
Азия үлкеси – ҳәзирги Туркия елиниң қубла-батыс бөлегинде болған бир үлке.
ҳәммесиниң, солар арасында Фигел ҳәм Ҳермогенниң мени таслап кеткенин билесең.
16Ийемиз Онисифордың үй-ишине Өз реҳимин берсин. Өйткени ол көп мәрте маған жубаныш берди ҳәм тутқынлығымнан арланбады. 17Керисинше, Римге келгенде, мени тапқанша, еринбей изледи. 18Сол күни
Сол күни – Ийса Масийхтың бул дүньяға қайта келетуғын күни.
Ийемиз оған Өз реҳимин берсин! Оның Эфесте маған қанша хызмет еткенин сен де жүдә жақсы билесең.
Copyright information for KaaIBT22C