2 Timothy 2
Ийса Масийхтың жақсы әскери
1Улым, ал сен Ийса Масийх арқалы берилетуғын мийрим менен күшке толып бар. 2Көплеген гүўалар алдында меннен өзиң еситкен сөзлерди исенимли адамларға жеткиз. Сонда олар да басқаларға үйрете алады. 3Масийх Ийсаның жақсы әскери болып, мениң менен бирге қыйыншылыққа шыда. 4Хызметтеги әскер өзин әскерликке шақырған әскербасының кеўлинен шығыў ушын, турмыс ислери менен байланбайды. 5Жарысқа түскен адам да қағыйда бойынша жарыспаса, жеңис тажын киймейди. 6Аўыр мийнет еткен дийхан зүрәәттен биринши болып үлес алыўы тийис. 7Айтқанларым ҳаққында жақсылап ойлап көр. Ийемиздиң Өзи саған ҳәммесин түсиндиреди. 8Даўыттың урпағынан шыққан ҳәм өлимнен қайта тирилген Ийса Масийхты ядыңда сақла! Мен жәриялап атырған Хош Хабар – усы. 9Мен усы Хош Хабар ушын азап шегип, ҳәтте, жынаятшы сыяқлы тутқын болып байландым. Бирақ, Қудайдың сөзи байлаўлы емес. 10Сонлықтан мен таңлап алынғанлардың да Масийх Ийса арқалы қутқарылыўды мәңгилик салтанат пенен алыўы ушын, ҳәмме нәрсеге шыдап атырман. 11Бул сөз исенимли: «Егер Оның менен бирге өлген болсақ,Оның менен бирге жасаймыз да.
12Егер сабырлылық қылсақ,
Оның менен бирге патшалық етемиз.
Егер Оннан ўаз кешсек,
Ол да бизден ўаз кешеди.
13Биз садық болып қалмасақ та,
Ол садық болып қалады.
Себеби Ол Өзинен Өзи ўаз кеше алмайды».
Қудайдың жақсы хызметшиси
14Усыларды исениўшилерге еслетип тур. Сөзлер туўралы тартыспаўды оларға Қудай алдында ескертип қой. Тартыслар тыңлаўшыларды айнытыўдан басқа ҳеш нәрсеге жарамайды. 15Ҳақыйқат сөзлерин дурыс үйрететуғын ҳәм өз иси ушын уятқа қалмайтуғын, Қудайға унамлы, жақсы хызметши болыўға жан-тәниң менен тырыс. 16Жарамас ҳәм бос сөзлерден аўлақ бол. Өйткени бундай сөзлер Қудайдан барған сайын узақластырады 17ҳәм жуқпалы жара сыяқлы тарқалады. Усындай сөзлерди айтыўшылар арасында Ҳименей ҳәм Филит те бар. 18Олар ҳақыйқат жолынан адасты ҳәм өлимнен қайта тирилиў әлле қашан болды деп, айырым адамлардың исенимин жоқ қылмақта. 19Бирақ Қудай салған күшли негиз беккем турыпты. Сол негиз «Жаратқан Ийе Өзине тийисли болғанларды биледи» ▼ ҳәм «Жаратқан Ийеге тийислимен, деген ҳәр бир адам жаманлықтан аўлақ жүрсин», ▼ – деген сөзлер менен тастыйықланған. 20Үлкен бир үйде тек алтын ҳәм гүмис ыдыслар емес, ал ағаш ҳәм ылай ыдыслар да бар. Олардың биреўлери сыйлы, ал биреўлери сыйсыз ис ушын қолланылады. 21Солай етип, егер ким де ким өзин жаманлықлардан тазаласа, онда ол сыйлы, мухаддес қылынған, хожайынына пайдалы ҳәм ҳәр бир жақсы иске тайын ыдыс болады. 22Ал сен жаслықтың жаман ҳәўеслеринен аўлақ бол. Ийемизге таза кеўил менен сыйынатуғынлар менен бирликте ҳақыйқатлық, исеним, сүйиспеншилик ҳәм тынышлыққа умтылып жаса. 23Ақылсыз ҳәм мәниссиз тартыслардан қаш. Себеби булардың жәнжел туўдыратуғынын билесең. 24Ийемиздиң хызметшиси жәнжелпаз болмаўы керек. Керисинше, ол ҳәмме менен мүләйим, тәлим бериўге қәбилетли ҳәм сабырлы болыўы тийис. 25Және ол өзине қарсы болғанларға әлпайымлылық пенен жол-жорық бериўи лазым. Сонда, мүмкин, Қудай сол адамлардың да тәўбеге келип, ҳақыйқатлықты билиўи ушын жол ашар. 26Солай етип, олардың ақылы киреди ҳәм қәлегенин ислетиў ушын өзлерин тутқын қылған шайтанның дузағынан қутылады.
Copyright information for
KaaIBT22C