2 Timothy 3
Ақырзаман ҳаққында
1Мынаны билип қой: дүньяның ақырғы күнлеринде аўыр ўақытлар келеди. 2Адамлар өзин жақсы көретуғын, дүньяпараз, мақтаншақ, менмен, Қудайға тил тийгизетуғын, ата-анасына бойсынбайтуғын, жақсылықты билмейтуғын, қудайсыз, 3мийримсиз, кекшил, жалахор, өзин тутып билмейтуғын, жаўыз, жақсылықтың душпаны, 4сатқын, қызба ҳәм шыррық болады. Олар Қудайдан гөре, кәйип-сапаны көбирек жақсы көреди. 5Өзлерин Қудайдың жолы менен жүрген қылып көрсетеди, бирақ Оның жолының күшин тән алмайды. Бундайлардан аўлақ бол. 6Өйткени олардың гейбиреўлери үйлерге жасырын кирип, гүналарға батқан ҳәм ҳәр түрли жаман ҳәўеслерге берилген сада ҳаялларды дузаққа түсиреди. 7Бул ҳаяллар ҳақыйқатлықты бәрқулла үйренип, оны ҳеш қашан түсинип жете алмайды. 8Яннис ҳәм Ямбрис ▼▼ Яннис ҳәм Ямбрис – Шығыў дәўиринде Муўсаға қарсы шыққан фараонның еки сыйқыршысының аты (Шығ 7:10-12, 20-22; 8:16-19; 9:10-11 қараң).
Муўсаға қарсы шыққандай, бул адамлар да ҳақыйқатқа қарсы турады. Бундайлар – ақыл-ойлары бузылған ҳәм ҳақыйқый исенимге ийе емес адамлар. 9Деген менен, олар узаққа бармайды. Себеби Яннис ҳәм Ямбрис сыяқлы, олардың ақылсызлығы ҳәммеге әшкара болады. Павелдиң соңғы ақыл-нәсиятлары
10Ал сен мениң тәлиматымды, өмир тәризимди, мақсетимди, исенимимди, сабырлылығымды, сүйиспеншилигимди ҳәм турақлылығымды өрнек туттың. 11Басымнан кешкен қуўдаланыўларымда ҳәм Антиохия, Икония, Листра қалаларында шеккен азапларыма ▼ шерик болдың. Мен қаншама азапларға шыдам бердим! Ийемиз мени ҳәммесинен қутқарды. 12Ҳақыйқатында, Масийх Ийсаға тийисли болып, Қудайдың жолы менен жасаўды қәлеўшилердиң ҳәммеси де қуўдаланады. 13Бирақ, жаман ҳәм жалатай адамлар алдап ҳәм алданып, буннан да бетер жаман болып бара береди. 14Ал сен өзиң үйренген ҳәм исенген ҳақыйқатқа садық қал. Өйткени буны кимлерден үйренгениңди билесең. 15Және де, сен Мухаддес Жазыўларды балалығыңнан бери билесең. Бул Жазыўлар саған Масийх Ийсаға деген исеним арқалы қутқарылыў ушын даналық бере алады. 16Мухаддес Жазыўлардың ҳәммеси Қудайдың Мухаддес Руўхының илҳамы менен жазылған болып, тәлим бериў, әшкаралаў, дүзетиў ҳәм ҳақыйқатлық бойынша тәрбиялаў ушын пайдалы. 17Олар тийкарында Қудайдың адамы ҳәр бир жақсы иске таяр болыў ушын жетилисип барады.
Copyright information for
KaaIBT22C