2 Timothy 4
1Қудайдың алдында ҳәм тирилер менен өлилерди ҳүким ететуғын Масийх Ийсаның алдында Оның қайта келиўи ҳәм Патшалығы ҳақы қатаң буйыраман: 2Қудайдың сөзин жәрияла. Заманның қолайлы ямаса қолайсыз болыўына қарамай, бул хызметти даўам ет. Адамларға толық сабырлылық пенен тәлим берип, әшкарала, жолға сал ҳәм ақыл-нәсият ет. 3Себеби адамлар дурыс тәлиматты тыңламайтуғын ўақытлар келеди. Олар жаман қәлеўлерине берилип, қулақларына жағатуғын сөзлерди сөйлейтуғын көп муғаллимлерди әтирапларына жыйнайды. 4Олар ҳақыйқатлықты еситпеў ушын қулақларын жаўып, аңызларға қулақ асатуғын болады. 5Бирақ сен ҳәр қандай жағдайда сергек бол. Қыйыншылықларға шыдам бер, Хош Хабар ушын мийнет етип, өз хызметиңди орынла. 6Өйткени мениң қаным төгилип, ишимлик садақасы болмақтаман ҳәм дүньядан өтетуғын ўақтым да жақынласты. 7Мен уллы саўашта гүрестим, жарысты жуўмақладым ҳәм исенимимди сақлап қалдым. 8Енди болса, мен ушын ҳақыйқатлық тажы тайын тур. Әдил ҳүким етиўши болған Ийемиз сол күни усы тажды маған, тек ғана маған емес, ал Оның қайта келиўин интизарлық пенен күткенлердиң ҳәммесине де береди.Жеке тилеклер ҳәм сәлемнама
9Жаныма тезирек келиўге бар күшиң менен тырыс. 10Себеби Димас бул дүньяны сүйгенликтен мени таслап, Салоникаға кетти. Ал Криский Галатияға, Титус Далматияға кетти. 11Жанымда тек Лука ғана бар. Сен Маркты таўып, өзиң менен бирге алып кел. Ол мениң хызметиме жәрдем береди. 12Мен Тихикти Эфеске жибердим. 13Келериңде, мениң Троаста, Карптың қасында қалдырып кеткен шапанымды алып кел. Және де китапларымды, әсиресе оралған тери китапларды алып кел. 14Темир устасы Искендер маған көп жаманлық иследи. Ийемиз оған ислегенлерине қарай қайтарсын. 15Сен де оннан абайлы бол. Өйткени ол бизлердиң сөзлеримизге қатты қарсы болды. 16Биринши мәрте өзимди ақламақшы болып жуўап бергенимде, мени ҳеш ким жақламады. Керисинше, ҳәмме мени таслап кетти. Буның ушын Қудай оларды кеширсин. 17Бирақ, Қудайдың Хош Хабары мен арқалы толық жәрияланыўы ушын ҳәм пүткил миллетлер буны еситиўи ушын, Ийемиз маған жәрдемге келип, күш-қуўат берди. Ол мени арысланның аўзынан қутқарып қалды. 18Ийемиз мени ҳәр қандай жаманлықтан қутқарады ҳәм Өзиниң Аспан Патшалығына аман-есен апарады. Оған мәңги-бақый алғыс-мақтаўлар болсын! Аўмийин. 19Прискилла менен Акилаға ҳәм Онисифордың үй-ишине сәлем айт. 20Эрастус Коринфте қалды. Трофимди аўырыў ҳалында Милитте қалдырдым. 21Қыстан бурын келиўге бар күшиң менен тырыс. Эвбул, Пуд, Лин, Клавдия ҳәм барлық исениўши туўысқанлар саған сәлем айтып атыр. 22Ийемиз сениң руўхың менен бирге болсын! Қудайдың мийрими сизлерге яр болғай!
Copyright information for
KaaIBT22C