Елши Юхан бул үшинши хатын да І әсирдиң ақырында Гаюс деген адамға жазған. Юхан Гаюсқа ел аралап жүрген Қудайдың хызметшилерин қабыл алып, оларға сүйиспеншилик пенен жәрдем бериў кереклиги ҳаққында айтады. Юхан Гаюстың жәмәәтинен алған хабары бойынша, Диотреф атлы қудайсыз бир адам жәмәәт басқарыўын өз қолына алып, Юхан жиберген муғаллимлерди қабыл қылмаған екен. Оларға миймандослық еткен туўысқанларын болса жәмәәттен қуўып шығарған екен. Юхан Диотрефтиң бул қылмысларын қаралайды. 3 John
Сәлемнама
1Мен, ақсақалдан, шын жүрегимнен сүйетуғын сүйикли туўысқаным Гаюсқа сәлем! 2Сүйикли туўысқаным! Руўхый өмириң саў болғандай, ҳәмме нәрседе табысқа ерисип, дениң саў болыўы ушын дуўа етип атырман. 3Айырым туўысқанларымыз келип, сениң ҳақыйқатқа садық екениң ҳәм ҳақыйқат жолы менен жүргениң ҳаққында гүўалық бергенде қатты қуўандым. 4Мениң ушын балаларымның ҳақыйқат жолы менен жүргенин еситиўден артық қуўаныш жоқ.Аўызбиршилик ҳәм алаўызлық
5Сүйикли туўысқаным! Бийтаныс болыўына қарамай, сен туўысқанларымызға шын жүректен жәрдем берип атырсаң. 6Олар исениўшилер жәмәәти алдында сениң сүйиспеншилигиң ҳаққында гүўалық берди. Оларды Қудайға минәсип түрде жолға атландырып жиберсең, жақсы ис қылған болар едиң. 7Себеби олар исенбейтуғын адамлардан ҳеш қандай жәрдем қабыл етпей, Ийсаның аты ушын жолға шыққан еди. 8Сонлықтан ҳақыйқатқа шерик болыўымыз ушын бундай адамларды қоллап қуўатлаўымыз керек. 9Мен исениўшилер жәмәәтине базы нәрселерди жазған едим, бирақ олардың арасында биринши болыўды жақсы көретуғын Диотреф бизлерди қабыл етпей атыр. 10Сонлықтан егер барсам, оның ислерин әшкара етемен. Ол бизлерди жаман сөзлер менен надурыс айыплап жүр. Булар жетпегендей, ол туўысқанларды да қабыл етпей атыр, ҳәтте, қабыл қылмақшы болғанларға тосқынлық жасап, оларды жәмәәттен қуўып атыр. 11Сүйикли туўысқаным, жаман емес, жақсы өрнек ал. Жақсылық ислейтуғын адам Қудайдан. Жаманлық ислейтуғын адам Қудайды көрген емес. 12Димитрий ҳаққында ҳәмме адам, ҳақыйқаттың өзи де жақсы гүўалық берип атыр. Бизлер де жақсы гүўалық берип атырмыз. Гүўалығымыздың дурыс екенин сен билесең.Соңғы сәлемнама
13Саған жазажақ көп нәрселерим бар еди, бирақ сыя ҳәм қәлем менен жазыўды қәлемеймен. 14Сени тез арада көриў үмитиндемен, сонда жүзбе-жүз сөйлесемиз. 15Аман бол! Дослар саған сәлем айтып атыр. Сен де сол жердеги досларға атпа-ат сәлем айтып қой.
Copyright information for
KaaIBT22C