Acts 1:6-8
6Елшилер бирге жыйналғанда, Ийсадан былай деп сорады: – Ийем, Израилға патшалықты ҳәзир қайтарып бережақсаң ба? 7Ийса оларға: – Әкениң Өз бийлиги менен белгилеп қойған ўақыт-мәҳәллерин билиў сизлерге берилмеген. 8Бирақ сизлерге Мухаддес Руўх түскенде күш-қуўат аласызлар ҳәм Ерусалимде, пүткил Яҳудияда, Самарияда, ҳәтте, дүньяның шетине дейин Мениң гүўаларым боласызлар, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C